Илим орайы сыпатында даңққа ерисип атырған Ўатанымыз дүньядағы ең абырайлы интеллектуаллық жарыслардан бири — 58-халықаралық химия олимпиадасына басшылық етти. Бул олимпиада Өзбекстанда ҳәм улыўма, Орайлық Азияда тарийхта биринши мәрте шөлкемлестирилди.
Халықаралық химия олимпиадасы (IChO) химия пәнин үйренип атырған орта мектеп оқыўшылары ушин ең абырайлы жыллық жарыс есапланады.
1968-жылы биринши мәрте Чехословакияның Прага қаласында шөлкемлестирилген олимпиадада тек ғана 3 мәмлекеттен оқыўшылар қатнасқан болса, бул ретки олимпиада 90 нан аслам мәмлекетти қамтып алды ҳәм дүньяның ең қәбилетли жас химия қәнигелерин бирлестирди. Өзбекстан болса 2003-жылдан берли усы абырайлы жарыста қатнасып келмекте.
Ҳәр жылы дүньяның жетекши мәмлекетлеринен ең қәбилетли жас химиклер усы жарыста теориялық билим ҳәм лабораториялық көнликпелерин халықаралық стандартлар тийкарында сынақтан өткереди.
Бүгинги күнде IChO тек билимлер жарысы емес, ал илимий бирге ислесиўди раўажландырыў, түрли мәмлекетлердиң жаслары арасында дослық байланысларын беккемлеў ҳәм келешек илимпазларын бирлестиретуғын абырайлы халықаралық платформа сыпатында тән алынбақта.
Олимпиаданың быйыл мәмлекетимизде өткерилиўинде айрықша мәни бар. Кейинги жылларда билимлендириўге берилип атырған итибар, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды халықаралық пән олимпиадаларына системалы таярлаў ҳәм заманагөй билимлендириў орталығын қәлиплестириў жолындағы кең көлемли реформалар бүгин дүнья жәмийетшилигиниң дыққат орайында. Ҳәр қыйлы регионаллық ҳәм халықаралық олимпиадаларда жоқары орынларды ийелеп, елимиздиң абырайын көтерип атырған қәбилетли ул-қызлардың жетискенликлери бүгин дүнья билимлендириў сахнасында мүнәсип тән алынбақта.
Онда Президентимиздиң 2024-жыл 30-сентябрьдеги "Қәбилетли жаслар менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары менен шөлкемлестирилген Пән олимпиадалары орайының орны айрықша. Бул орайдың жумысы шеңберинде халықаралық стандартлар тийкарында пән олимпиадаларына таярлық системасы жолға қойылды. Сырт елли тренер ҳәм экспертлер тартылды, сайланды командалар ушын интенсив оқыў жыйынлары шөлкемлестирилди, заманагөй лабораториялар ҳәм илимий-методикалық база қәлиплестирилди.
Бул абырайлы пән олимпиадаларының елимизде шөлкемлестирилиўи ушын зәрүр шараят таярлады. Кең имканият, заманагөй шараят ҳәм жоқары дәрежедеги шөлкемлестириў жумыслары елимиз абырайлы халықаралық химия олимпиадасына басшылық етиўге имканият жаратты.
Олимпиадаға таярлық 2024-жылдан избе-из басланды. Соның ишинде, Саудия Арабстаны ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлеринде өткерилген 56 ҳәм 57-IChO тәжирийбеси үйренилди. IChO 2026 рәсмий логотипи ҳәм веб-сайты ислеп шығылды. Делегациялар менен ислесиў ушын арнаўлы мәлимлеме платформасы жаратылды. Теориялық ҳәм әмелий тапсырмаларды таярлаў ушын халықаралық илимий комитет қәлиплестирилди, лабораториялар халықаралық стандартларға сәйкес үскенеленди. Реагентлер ҳәм заманагөй лабораториялық үскенелер сатып алынды.
Илимий комитет қурамына Гарвард университети (АҚШ), Билкент университети (Түркия), ETH Zurich (Швейцария), М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университети ҳәм Прага химия ҳәм технология университети сыяқлы дүньяның жетекши илимий орайларының ўәкиллери тартылды.
Пайтахтымызда өткерилген 58-халықаралық химия олимпиадасы дүньяның түрли мүйешлеринен келген жас талант ийелерин ақыл, излениў, мәртлик жарысында бирлестирди. Ҳәр бир тәжирийбе келешек ойлап табыўларына қойылған және бир беккем қәдемге айланды.
58-халықаралық химия олимпиадасының сынақлары еки тийкарғы - әмелий ҳәм теориялық басқыш түринде шөлкемлестирилди. Белгиленген тәртипке бола, әмелий имтиханларда максимал 40 балл, теориялық имтиханларда максимал 60 балл (жәми 100 балл) белгиленди. Олимпиаданың биринши әмелий басқышында қатнасыўшылар 3 лабораториялық тапсырманы орынлады. Буның ушын оларға 5 саат ўақыт ажыратылды.
Теориялық сынақлар шеңберинде химиядан 9 мәселе берилди. Бул мәселелер арасында Өзбекстанға байланыслы қызықлы сораўлар да орын алды. Бул сырт елли жаслардың Өзбекстан ҳаққындағы көзқарасларын байытты. Балалар химияда тек ғана билимлерин емес, ал арзыў-мақсетлерин, дөретиўшилик ҳәм ойлап табыўшылыққа қызығыўшылығын да көрсетти.
Ақырында толқынландыратуғын ўақытлар. 18-июль күни "Өзбекстан" халықаралық әнжуманлар сарайы салтанатлы байрам көринисине кирди. Жас химиклер, олардың оқытыўшылары 58-халықаралық химия олимпиадасының салтанатлы сыйлықлаў мәресимин терең толқынланыў менен күтип алды. Бул ўақытлар олардың өмиринде илимге садықлық, жоқары умтылыстың умытылмас бети сыпатында мөрленди.
Жеңимпазлар жәрияланды. Жас талант ийелери сыйлықларды қабыл етип алар екен, залды толтырған алғыслар олардың илимге бағышланған мийнетине жоқары ҳүрмет сыяқлы жаңлады.
— Баҳалаў процесслери ашық-айдын түрде, ҳәммеге тең имканият принципи тийкарында өткерилди, — деди Пән олимпиадалары орайының директоры Тўрабой Шерматов. — Төрешилер қурамы ҳәм устазлардың жуўмақлаўшы мәжилисиниң қарарына бола, 41 оқыўшы алтын, 74 и гүмис, 112 си бронза медаль менен сыйлықланды.
Абырайлы жарыста Өзбекстаннан қатнасқан оқыўшылардың барлығы сыйлы орынларды ийеледи. Атап айтқанда, Райҳона Туймуродова алтын, Жасур Мустафоев, Азизмуҳаммад Ҳафизов ҳәм Миржалол Ҳомиджонов гүмис медалын қолға киргизди.
Президентимиздиң тийисли қарарына бола, жеңимпазлар ҳәр бир алтын, гүмис ҳәм бронза медальлар ушын тийислисинше базалық есаплаў муғдарының 35, 25, 15 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлықланады.
Олимпиаданың нәтийжеси тек ғана медальлар саны менен өлшенбейди. Оқыўшылардың жеңиске ерисиўи ҳәм материаллық хошаметлеў оларды руўхландырады, келешекте дүньяның ең жақсы ойлап табыўларын жаратыўына тийкар жаратады. Себеби, тәжирийбелер көрсетеди, көпшилик жағдайларда дүньядағы ең әўметли стартаплар, идеялардың авторлары бурынғы олимпиадашылар болып есапланады. Креатив пикирлеў, мәселеге басқаша ракурстан қатнас жасаў ҳәм оптимал шешим бере алыў қәбилети жәмийет ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўында шешиўши роль атқарады.
Бул әпиўайы жарыс емес, ал интеллектуал дипломатия
IChO интеллектуал дипломатияның ең айқын үлгилеринен бири болып есапланады. Себеби бул олимпиада түрли мәмлекетлердиң қәбилетли жаслары, устазлары ҳәм илимпазларын химия илими әтирапында бирлестиреди. Илимий сөйлесиў, өз-ара ҳүрмет ҳәм бирге ислесиўди беккемлейди. Бул жерде бәсеки билим арқалы өтеди, химиялық формулалар халықаралық бирге ислесиў тилине айланады.
Бул жарыс жәмәәтлик нәтийжелер емес, ал индивидуал жетискенликлерди тән алады, халықаралық илимий бирге ислесиўди раўажландырыў ушын жеңимпазлар мүнәсип хошаметленеди.
Не ушын химияға бундай дәрежеде итибар, деген ҳақылы сораў туўылыўы мүмкин. Дүньяда илим ҳәм технологиялар жедел раўажланып атырған бир ўақытта химия пәнине талап және де артып бармақта. Нанотехнология, биотехнология, фармацевтика, нефть-газ санааты ҳәм жоқары технологиялы өндирис тармақларында химия инженерлерине талап жоқары. Химия инсан турмысын жақсылаў, денсаўлықты сақлаў, санаатты раўажландырыў ҳәм тәбиятты қорғаўда әҳмийетли пәнлерден бири болып есапланады. Усы көзқарастан, бул олимпиаданы келешек технологиялары олимпиадасы, деп айтыў мүмкин.
2026-жылы Өзбекстан биринши мәрте халықаралық химия олимпиадасына басшылық етти. Бул әҳмийетли илаж Өзбекстанның илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыўға итибары, заманагөй билимлендириў системасының имканиятларын глобал көлемде көрсетиў имканиятын берди. Олимпиада регионның илимий потенциалын раўажландырыўға үлес қосатуғыны ҳәм жаңа әўлад оқыўшыларын химияда үлкен шеклерге илҳамландыратуғынына үмит бар.
Абырайлы илаж жаслардың илимге қызығыўшылығын күшейтиўи, халықаралық академиялық бирге ислесиўди кеңейтиўи, мәмлекетимиздиң туризм ҳәм мәдений потенциалын дүньяға үгит-нәсиятлаўы менен әҳмийетли.
— Олимпиадада сораўлар 100 процент тийкарғы болыўы керек, сондай болды да, — дейди Тўрабой Шерматов. — Бул Өзбекстанда илимий потенциал жоқары екенин көрсетеди. Бир ўақыттың өзинде 400 ге шамалас қатнасыўшы олимпиадада лаборатория басқышын орынлайды. Бул 400 адамлық лаборатория Өзбекстанда бар екенин аңлатады. Төрешилер қурамы ҳәр бир бөлимди додалады. Өзбекстанға исенип тапсырылған бул олимпиада жарыс тарийхында ең жақсыларынан бири болды, десек асыра айтқан болмаймыз. 58-халықаралық химия олимпиадасы тек ғана ең күшли жас химиклердиң жарысы емес, ал жаңа Өзбекстанның илим, билимлендириў ҳәм инновациялар тараўындағы потенциалын дүньяға көрсететуғын тарийхый ўақыя болып есапланады. Буны тек ғана биз емес, ал сырт елли мийманлар, халықаралық илимий, басқарыў комитетиниң ўәкиллери де тән алмақта.
***
Жон Леон КИАППЕС,
халықаралық химия олимпиадасы басқарыў комитетиниң баслығы:
– Быйылғы халықаралық химия олимпиадасы оғада өзгеше болды. Бул абырайлы олимпиада Орайлық Азия регионында биринши мәрте өткерилди. Химия пәнине байланыслы тапсырма ҳәм ўазыйпаларда Өзбекстанның бай тарийхы, елиңизден жетисип шыққан белгили илимпазлар ҳәм әҳмийетли ўақыялар өз көринисин тапты.
Өзбекстанның миллий мәденияты ҳәм бәршемиз гүўа болған шын кеўилден миймандослығы өз алдына тема. Бул жерде ҳәр бир қатнасыўшы өзин шын жүректен күтип алынғандай сезди. Олар мәмлекетиңиздиң узақ ҳәм бай тарийхы менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болғанынан қуўанышлы.
Өзбекстанлы қатнасыўшылардың олимпиададағы нәтийжелерине нәзер тасласақ, олардағы өсиў шынында да тәсиршең. Тек ғана бир неше жыл ишиндеги жетискенликлер оқыўшылар мийнет етип атырғанын, сондай-ақ, олардың шаңарақлары, устазлары ҳәм билимлендириў мәкемелери мәмлекеттиң билимлендириў системасы тәрепинен қаншелли күшли қолланылатуғынын көрдик.
***
Бен Пилигрим,
Халықаралық илимий комитеттиң ағзасы:
- Химия дөретиўшиликти хошаметлейди ҳәм шегаралардан сыртқа шығатуғын дослықты беккемлейди. Быйыл бул дәстүр Өзбекстанда өзгеше мазмунға ийе болды.
Олимпиада илим шегара билмейтуғынын және бир мәрте көрсетти. Халықаралық химия олимпиадасы мәмлекетиңиз билимлендириў системасының сапасын, жасларды таярлаў потенциалын ҳәм илимий мектеплердиң бәсекиге шыдамлылығын көрсетти. Онда елиңиз оқыўшыларының мүнәсип қатнасыўы ҳәм жоқары нәтийжелерге ерисиўи Өзбекстанда заманагөй билимлендириў орталығын қәлиплестириў ҳәм фундаментал пәнлерди раўажландырыўға қаратылған итибардың нәтийжеси болып есапланады.
Бул усы ўақытқа шекем өткерилген ең жақсы химия олимпиадаларынан бири болды. Олар әжайып миймандослық, мазалы тағамлар, жағымлы саяхатларды усынды. Өзбекстан - әййемги мийрас ҳәм заманагөй раўажланыў бирлесетуғын мәмлекет. Тарийхый орынларға саяхатымыз умытылмас тәсирлерге дусластырды. Бирақ, мениңше, биринши гезекте тренерлерди таң қалдырған тәрепи жас әўладқа берилип атырған терең билим болды.
Химия олимпиадасы сораўларының көпшилиги жергиликли өзбек авторлары тәрепинен таярланған. Олар қурамалы сораўлар топламын таярлаўда жанкүйерлик көрсетти. Бул сораўлар ең жақсы оқыўшыларды анықлаўға жәрдем берди, сондай-ақ, барлық мәмлекетлерден келген оқыўшыларға түрли темаларда өз билимлерин сынап көриў имканиятын берди. Сораўларда, сондай-ақ, Өзбекстан ушын әҳмийетли болған темаларға итибар қаратылған ҳалда жағымлы миллий руўх та бар еди. Мәселен, әпсаналық илимпаз Ибн Сина, оның лабораториясы, эликсирлери ҳәм жүзлеген жыллар алдын ислеген бирикпелери ҳаққында.
***
Шомансур САГДУЛЛАЕВ,
Илимлер академиясы биринши вице-президенти, академик:
- Пән олимпиадалары орайы жумыс баслағанына еле көп ўақыт болған жоқ. Өткен дәўирде Өзбекстан сайланды командасы бир неше абырайлы халықаралық олимпиадада тарийхый нәтийжелерге еристи. Бул абырайлы жарыста да төрт оқыўшымыздың нәтийжели қатнасыўы, шөлкемлестириў мәселелериниң толықлығы, барлық процесслерде қалыслық, жәриялылық принциплерине әмел етилгени мәмлекетимиздиң илимий потенциалын және бир мәрте көрсетти.
Мәмлекетимиз басшысының тийкарғы талабы да қәбилетли ул-қызларды қоллап-қуўатлаў, потенциалын жүзеге шығарыў, елимиздиң халықаралық майдандағы абырайын буннан былай да арттырыў және дүнья көлеминде Ўатанымыздың даңқын кеңнен таратқан уллы ата-бабаларға мүнәсип әўладты тәрбиялаў болып табылады.
Халықаралық олимпиадалар тек ғана илим бағдарларында жарысыў емес, соның менен бирге, 90 нан аслам мәмлекеттен келген қатнасыўшылар, олардың тренерлери, халықаралық экспертлер ушын Өзбекстан мәмлекети ҳәм халқының тарийхы, мәдений мийрасы, түпкиликли реформалардың нәтийжелери менен танысыў ҳәм жуўмақ шығарыў, жаңа дослар арттырыў имканияты да болып есапланады.
Усы көзқарастан, халықаралық химия олимпиадасы жасларды химия пәнин терең үйрениў, еркин пикирлеў, илимий излениў ҳәм инновациялық идеялар үстинде ислеўге шақырады. Дүньяның ең қәбилетли оқыўшыларын бирлестирген бул абырайлы интеллектуаллық жарыс қатнасыўшылардың илимий ой-пикирин сынақтан өткерди.
Бүгинги күнде жасалма интеллект, санлы технологиялар ҳәм заманагөй илимий изертлеўлер жедел раўажланып атырған шараятта олимпиада тек ғана қәбилетли жасларды анықлаў емес, ал келешек илимпазлары, инженерлери ҳәм инновациялық экономика ушын жоқары маман кадрларды таярлаўда әҳмийетли орын ийелейди. Бундай абырайлы олимпиадаларда табысқа ерисиў мәмлекетимиздиң билимлендириў системасы, илимий потенциалы ҳәм халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин және де арттырыўға хызмет етеди.
Рисолат МАДИЕВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы