баннер
13 Mar 2025
19:18

    Өзбекстанлы оқыўшылар Куала-Лумпурда болып өткен халықаралық математика олимпиадасында жеңимпаз болды

    Малайзия пайтахтында болып өткен Қубла-Шығыс Азия математика олимпиадасында (CEAMO 2025) өзбекстанлы оқыўшылар 1 алтын, 3 гүмис ҳәм 13 бронза медалларын қолға киргизди.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, быйылғы олимпиадада 23 мәмлекеттен 1800 оқыўшы класслар кесиминде өз билимлерин сынақтан өткерди. Миллий сайлап алыў басқышында Өзбекстаннан 1000 нан аслам оқыўшы қатнасты, олардан 60 ы халықаралық басқышқа жоллама алды.

    Олимпиада жеңимпазларына халықаралық дәрежедеги дипломлар тапсырылды. Бул оларға келешекте абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў, стипендия ҳәм билимлендириў жеңилликлерин алыў ҳуқықын береди.

    Қубла-Шығыс Азия математика олимпиадасына (CEAMO) Сингапурдың Терри Чю академиясы тәрепинен тийкар салынған. Бул олимпиада арқалы оқыўшылардың математика пәнинен билими ҳәм саўатлылығы сынақтан өткериледи.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech