баннер
15 Apr 2025
20:32

    ИБРО-2025: Жоқары нәтийже көрсеткен 18 қатнасыўшы еки университетке имтихансыз ҳәм 100 процент грант тийкарында киреди

    Жоқары нәтийжелерди көрсеткен билимлендириў мәкемеси топарына арнаўлы бас сыйлық - BYD Чазор автомобили тапсырылады.

    Қәбилетли балалар республикалық олимпиадасының 2025-жылғы мәўсими басланып, 1-7-апрель күнлери район (қала) көлеминде онлайн тәризде шөлкемлестирилди.

    Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы Мәлимлеме хызметиниң баслығы Шавкат Хўжақуловтың мәлим етиўинше, бул олимпиадада ең жоқары нәтийжени көрсеткен 18 қатнасыўшы Турин политехника университети ҳәм АКИТА университетлерине имтихансыз ҳәм 100 процент грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

    Атап өтилиўинше, олимпиадада белсендилик көрсеткен, жоқары нәтийжелерди көрсеткен билимлендириў мәкемесиниң командасына арнаўлы бас сыйлық - BYD Чазор автомобили тапсырылады. Өз пән бағдарында ТОП-10 нәтийже көрсеткен оқыўшыларды таярлаған муғаллимлерге де айрықша миннетдаршылық хатлары бериледи.

    Олимпиада үш басқышта өткерилмекте.

    Биринши басқыш:

    • район (қала) көлеминде 1-7-апрель күнлери онлайн тәризде шөлкемлестирилди. 9-10-11-класслар ушын олимпиадада дизимнен өткен, бирақ түрли себеплерге бола қатнаса алмаған оқыўшылардан және имтихан шөлкемлестириў бойынша келип түскен усынысларын инабатқа алған ҳалда 10-17-апрель күнлери testbor.uz платформасында район басқышы имтиханларын онлайн тәризде тапсырыўына имканият бериледи.

    Екинши басқыш:

    • Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы дәрежесинде 13-20-май күнлери онлайн форматта өткериледи.

    Үшинши басқыш:

    • 16-июнь күни болып өтеди. 2-9-класс оқыўшылары ушын жуўмақлаўшы басқыш бақлаў камералары астында онлайн тәризде өткериледи.
    • Олимпиада жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланады. 2-9-класс оқыўшылары ушын ақшалай сыйлықлар ажыратылады.
    • 10-11-класс оқыўшылары арасындағы жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине болса ноутбук, планшет, мобил телефон, ақыллы саат ҳәм наушниклер бериледи.

    Атап айтқанда, математика, физика ямаса информатика пәнлеринен ең көп ҳәм ең тез шешимлерди усынған оқыўшыға заманагөй iPhone 16 смартфоны саўға етиледи.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech