"Дунё" МАның хабар бериўинше, бул абырайлы жарыста елимиздиң абырайын 45 қәбилетли жасларымыз мүнәсип қорғады. Олар миллий сайлап алыў басқышларынан табыслы өтип, "Mind Sports" ҳәм "Math Warriors" сыяқлы әдеттегидей емес форматлардағы беллесиўлерде өзлериниң жоқары билимлерин көрсетти.
Қуўанышлы тәрепи сонда, финал басқышында Өзбекстан жас математиклери 4 алтын, 3 гүмис ҳәм 9 бронза медалын қолға киргизди. Сондай-ақ, 13 ўәклимиз хошаметлеўши диплом, 30 ы болса олимпиадада белсене қатнасқаны ушын арнаўлы сертификат пенен сыйлықланды.
Олимпиада жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресиминде шығып сөйлеген " SIMOC" шөлкемлестириўшилери мәмлекетимиз делегациясының таярлығын ҳәм қатнасыўын жоқары баҳалап, келешекте бул халықаралық олимпиаданың белгили бир басқышын Өзбекстанда өткериў мәселесин көрип шығыўға таяр екенлигин билдирди.







