Тәреплер Өзбекстанның ядролық тараўдағы миллий компетенцияларын раўажландырыў ҳәм алдыңғы технологияларды биргеликте алға қойыўға қаратылған узақ мүддетли бирге ислесиў перспективаларын додалады. Мәмлекетимиздиң тыныш атом энергиясынан экономика, медицина ҳәм турақлы раўажланыў жолында нәтийжели пайдаланыў имканиятын беретуғын бағдарларға айрықша итибар қаратылды.

Шерикликтиң тийкарғы тийкарғы бағдарларына төмендегилер киреди:

киши модулли ҳәм көшпели атом станцияларынан пайдаланыў;

ядро медицинасы ҳәм радиоизотоплар ислеп шығарыў;

синхротрон нурланыў ҳәм нейтрон дереклерин қолланыў;

плазма физикасы, термоядро синтези ҳәм жоқары энергиялар физикасы тараўындағы изертлеўлер;

тәбиятқа уқсас ҳәм "жасыл" технологияларды раўажландырыў;

атом тармағы ушын жаңа материаллар ҳәм аддитив технологиялар;

биргеликтеги лабораториялар ҳәм илимий-изертлеў орайларын шөлкемлестириў;

жоқары маман кадрларды таярлаў, академиялық мобиллик;

бийбаҳа илимий қурылмаларда изертлеўлер алып барыў.

Сондай-ақ, "Өзатом" делегациясы Курчатов институтының илимий-изертлеў инфраструктурасы, соның ишинде, Ядро медицинасы илимий-билимлендириў орайы, Т-15МД токамак, өткизгиш материалларды сынаў-санаат усылында ислеп шығарыў ҳәм Курчатов синхротрон нурланыў дереги менен танысты. Бул платформалар биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў ушын тийкар болады.

Сапар етиўдиң жуўмағы сыпатында "Өзатом" агентлиги ҳәм "Курчатов институты" МКШ арасында илимий-техникалық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

"Бул келисим Өзбекстанның ядро тараўындағы позициясын беккемлеўде әҳмийетли қәдем болып есапланады. Дүньяның жетекши илимий орайларынан бириниң теңсиз тәжирийбеси ҳәм инфраструктурасынан тиккелей пайдаланыў имканиятына ийе боламыз, бул болса миллий илимий мектебимизди системалы раўажландырыў ҳәм мәмлекетимиздиң мәплери жолында үлкен жойбарларды әмелге асырыў имканиятын береди", - деп атап өтти "Өзатом" агентлиги директоры Азим Ахмедхаджаев.

"Бул шериклик тыныш атом, ядро медицинасы ҳәм перспективалы материаллар тараўындағы биргеликтеги изертлеўлер ҳәм технологиялық жетискенликлер ушын жаңа шеклерди ашады. Өзбекстан Республикасы экономикалық раўажланыўдың жоқары пәтлерин көрсетпекте ҳәм инновациялық технологиялар тараўында регионаллық жетекши статусына қарай жедел илгерилеп бармақта, бул болса глобал турақлы энергетикаға өтиўде бирге ислесиўимиз ҳәм өз-ара пайдалы жетискенликлеримиз ушын беккем тийкар жаратпақта", - деп қосымша етти Курчатов институтының президенти Михаил Ковальчук.

Жаңа шериклик Өзбекстанның инновациялық, экологиялық таза энергетика ҳәм келешектиң алдынғы технологиялары жолындағы позициясын беккемлемекте.