Себеби, жаңа Өзбекстанның жәҳән майданында күшли потенциалға, мүнәсип абырай-мәртебеге ҳәм экономикалық қүдиретке ийе болыўы, ҳәр тәреплеме раўажланған мәмлекетке айланыўы ушын бул оғада зәрүр. Усы мақсет жолында жасларға сапалы тәлим-тәрбия бериў, шет тиллерин үйретиў, кәсип ийелеп, турмыста мүнәсип орын табыўына жәрдемлесиў болса мәмлекетимиздиң тийкарғы ўазыйпасына айланған. Буның ушын заман талабынан келип шыққан ҳалда барлық зәрүр шараятлар жаратылмақта.
Инсан капиталы - турмыслық зәрүрлик
Жоқары билимлендириў тараўындағы реформалар билимлендириў хызметлери базарында саламат бәсеки орталығын жаратыў, алдынғы стандартларды енгизиў, мазмунын сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериў, жоқары маман кадрлар таярлаў системасын жолға қойыўға қаратылған.
Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 50 проценттен арттырыў, оқыў орынларының инфраструктурасы ҳәм материаллық-техникалық базасын жақсылаў, оларды басқышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериў ҳәм финанслық турақлылығын тәмийинлеў, мийнет базарында өз орнын таба алатуғын жоқары маман кадрлар таярлаў системасын жолға қойыў арқалы Өзбекстанды халықаралық билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыўшы хабқа айландырыў сыяқлы тийкарғы ўазыйпалар белгиленген. Бүгин бул бағдарда белгили жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, соңғы жыллары жоқары оқыў орынларының саны 77 ден 202 ге, студентлердиң саны болса 250 мыңнан 1,5 миллионға жетти. Жаслар ушын жоқары оқыў орынларына кириўде таңлаў имканияты кеңейди. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде профессор-оқытыўшылардың мийнет ҳақысы арттырылды, шараятлары ҳәм имканиятлары сезилерли дәрежеде жақсыланды.
Билимлендириў тараўындағы түпкиликли өзгерислер мәмлекет раўажланыўының барлық бағдарларына күшли тәсир етпекте. Бул процесс, әсиресе, аўыл хожалығы системасындағы модернизациялаў ҳәм инновациялық қатнасларда айқын көзге тасланбақта. Себеби, аграр тараўдың келешеги билимли, креатив пикирлейтуғын ҳәм заманагөй технологияларды қоллай алатуғын қәнигелерге байланыслы.
Аўыл хожалығында билимлендириў ҳәм илим интеграциясы
Бүгин дүньяда азық-аўқат өнимлерине талап күн сайын артып атырған, глобал климат өзгерислери, тәбийғый апатшылықлар, жер ҳәм суў ресурсларының жетиспеўшилиги аўыл хожалығы тараўында да үлкен машқалаларды келтирип шығармақта. Мине, усындай қыйын шараятқа қарамастан, елимиздиң аўыл хожалығы хызметкерлери мол зүрәәт жетистирип, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеп, аўыл хожалығы өнимлери экспортының географиясы ҳәм көлемин жыл сайын арттырыўға айрықша үлес қоспақта.
Оған ерисиўде аўыл хожалығының раўажланыўына қаратылып атырған жоқары итибар, тармақта түпкиликли структуралық өзгерислер әмелге асырылып, өндирис қатнасықлары заман талаплары тийкарында жолға қойылып атырғаны шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Әсиресе, тараўға алдынғы агротехнологиялар, илим ҳәм инновация жетискенликлери кеңнен енгизилип атырғаны унамлы нәтийже бермекте.
Ташкент мәмлекетлик аграр университети дерлик бир әсирлик тарийхы даўамында тек ғана мәмлекетимиз емес, ал Орайлық Азия регионында жетекши жоқары билимлендириў мәкемеси сыпатында аўыл хожалығы ушын кадрлар таярлаўға мүнәсип үлес қосып келмекте. Тарийхый раўажланыў жолы, ерисилген жетискенликлер ҳәм топланған үлкен тәжирийбе жаңа Өзбекстан раўажланыўының тийкарғы принциплери - жаңаланыў, раўажланыў, инновация ҳәм инсан қәдирин улығлаў идеяларын жүзеге шығарыўда беккем тийкар ўазыйпасын атқармақта.
Ҳәзир университетимиз оқыў-илимий жумысын әне усы принциплер тийкарында жолға қойып, биотехнология, агротехнология, агроэкология ҳәм жаңа инновациялық агротехнологиялық шешимлер бойынша изертлеўлер өткерилетуғын жетекши илимий мәкеме сыпатында әмелий нәтийжелерди көрсетпекте. Аграр илим ҳәм билимлендириўди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде қабыл етилген бир қатар әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар тараў жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий потенциалын беккемлеў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў және өндирис пенен үзликсиз раўажланыўын тәмийинлеўге беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Соңғы жыллары университет илимпазлары тәрепинен 150 ден аслам патент (ойлап табыў ҳәм пайдалы моделлер ушын), 60 тан аслам программалық өним ушын авторлық гүўалықлары алынған болып, жоқары оқыў орнындағы илимий жумыстың нәтийжелилиги әмелият пенен тығыз байланыслы екенлигинен дәрек береди.
Климат өзгерислерине қарсы гүресиў, илимий тийкарланған ҳалда зәрүр агротехникалық илажларды әмелге асырыў, суўсызлыққа ҳәм шорға шыдамлы егин түрлери менен сортларын енгизиўге қаратылған илимий жойбарларға итибар қаратылмақта. Соның ишинде, илимпазларымыз тәрепинен Халықаралық биодийқаншылық орайы (ICBA) менен биргеликтеги илимий жойбар шеңберинде 74 амарант сорты оқыў-илимий тәжирийбе хожалығында табыслы интродукцияланып, Қарақалпақстанның Мойнақ, Шымбай ҳәм Нөкис районларындағы деградацияға ушыраған 150 гектар жерге егиў ушын сапалы туқым жеткерип берилди. Нәтийжеде деградацияға ушыраған жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў имканияты жаратылды. Сондай-ақ, илимий жойбарлар шеңберинде Жиззақ, Хорезм ҳәм Ферғана ўәлаятларының шорланыўға бейим топырақ шараятында гүзги бийдай ҳәмде тәкирарый егин сыпатында мазалы мәккени заманагөй суўғарыў агротехнологиялары (жаўынлатып ҳәм тамшылатып суўғарыў) тийкарында жетистириў бойынша илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығылды.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясына муўапық, 2030-жылға шекем жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм илимий потенциалды 70 процентке жеткериў белгиленген болып, бул бағдарда университет те унамлы нәтийжелерге ериспекте. Бүгин университетимизде илимий жумыс пенен шуғылланып атырған жаслардың саны 300 ден асып, илимий потенциал дәрежеси 72,5 процентке жетти. Университеттиң миллий ҳәм халықаралық рейтинглердеги орны беккемленбекте.
Кейинги жылларда усыныс ҳәм сырт ел тәжирийбеси тийкарында 14 жаңа бакалавриат билимлендириў бағдары және 17 магистратура қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылды. Қабыллаў квоталары избе-из арттырылып, 2025/2026-оқыў жылында магистратура бағдарламалары бойынша билим алып атырған жаслардың саны 500 ден асты. Соның менен бирге, метеорология ҳәм климат таныў, халықаралық аўыл хожалығы, қоршаған орталық, суў ресурсларын басқарыў, геомәлимлеме системалары ҳәм технологиялары, ветеринария хирургиясы сыяқлы жаңа бағдарлар бойынша кадрлар таярлаў басланды. Бул өзгерислер глобал климат өзгерислери ҳәм тәбийғый-экономикалық сынақлар шараятында аўыл хожалығы тараўын турақлы раўажландырыўға уқыплы, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе қәнигелерди таярлаўға хызмет етпекте.
Халықаралық бирге ислесиў - бәсекиге шыдамлылық гиреўи
Кадрлардың маманлығын арттырыў, жетекши сырт ел университетлери ҳәм илимий орайларында стажировкалар шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Тек ғана усы жылдың өзинде университеттиң 200 ге шамалас профессор-оқытыўшылары Қытай, АҚШ, Россия, Германия, Венгрия, Польша, Малайзия, Қубла Корея, Түркия сыяқлы мәмлекетлердиң абырайлы жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлерине академиялық мобиллик бағдарламалары, халықаралық стажировка ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларында қатнасып қайтты. Сондай-ақ, Германия, Польша, Финляндия, Түркия, Малайзия, Қубла Корея, Қытай ҳәм Россияның жетекши жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлериниң 30 дан аслам профессор-оқытыўшылары жоқары оқыў орнында оқыўға тартылды. Университеттиң 30 студенти Қытай билимлендириў грантын қолға киргизип, 1 жыл даўамында академиялық алмасыў бағдарламасы тийкарында билим алыў ушын Анхой ҳәм Шинжон аўыл хожалығы университетлерине жиберилди. Сондай-ақ, 4 студентимиз Италияның Тушиа университетине магистратура басқышында билим алыў ушын билимлендириў грантын қолға киргизди, және 2 студент Эрасмус+ жойбары алмасыў бағдарламасы шеңберинде билим алыў ушын билимлендириў грантының ийеси болды. 2025-жылы 152 студентимиз бир неше мәмлекетлерге ҳақы төленетуғын оқыў ҳәм өндирислик әмелиятларға жиберилди. Бул бағдардағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мақсетинде және бир қатар мәмлекетлер менен студентлердиң әмелиятын және жас илимпазлардың стажировкасын шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.
Таллаўлар соны көрсетпекте, аграр тараўда жоқары билимлендириў системасын модернизациялаў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыўда жетекши сырт ел университетлери менен бирге ислесиўди жолға қойыў, педагог хызметкерлердиң маманлығын арттырыў, академиялық мобиллик ҳәм студентлер алмасыў бағдарламаларының енгизилиўи оғада әҳмийетли. Бүгинги күнде абырайлы сырт ел университетлери менен биргеликте 20 қоспа билимлендириў бағдарламасы шөлкемлестирилген. Соның ишинде, Қытайдың Арқа-батыс аўыл ҳәм тоғай хожалығы университети менен биргеликте 5 қәнигелик - "Агрономия", "Өсимликлерди қорғаў", "Шарўашылық", "Мийўе жетистириў" ҳәм "Бизнести басқарыў" бойынша магистратура, яғный 1+1 қоспа билимлендириў бағдарламалары жолға қойылған. Оған бола, елимиз жасларына мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер бойынша бир жыл университетте билим алыў, екинши жылы оқыўды Қытайдың абырайлы университетинде грант тийкарында даўам еттириў имканияты берилди. Бүгин 50 ден аслам жаслар усы бағдарламалар бойынша билим алмақта.
Буннан тысқары, АҚШ, Германия, Қытай, Қубла Корея, Вьетнам, Түркия, Польша, Россия ҳәм Қазақстанның 30 дан аслам жоқары билимлендириў мәкемеси менен аўыл хожалығы жоқары билимлендириўин модернизациялаў, илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң интеграциясын тәмийинлеўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша халықаралық бирге ислесиў бағдарламасы ҳәм жойбарлары әмелде. Қубла Кореяның Геонгкук миллий университети менен биргеликте пал ҳәррешиликти раўажландырыў бойынша улыўма баҳасы 1,2 миллион долларға тең жойбар әмелге асырылып, еки оқыў лабораториясы алып келинди. Бул мәмлекеттиң Чунгнам миллий университети менен биргеликте бағшылық ҳәм топырақтаныў бағдарлары бойынша еки заманагөй оқыў-илимий лаборатория шөлкемлестирилди.
Аўыл хожалығының әҳмийетли бағдарлары бойынша Өзбекстан-Қытай, Өзбекстан-Түркия, Өзбекстан-Италия халықаралық қоспа таңлаўларында қатнасыў ушын 10 нан аслам илимий жойбар таярланды. Шинжон аўыл хожалығы академиясы менен биргеликте аўыл хожалығы егинлеринен картошканың 6, помидордың 4, қыярдың 2, мазалы бурыштың 1, көк шөплердиң 5 сортын жетистириў бойынша көргизбели атыз майданлары шөлкемлестирилип, биргеликте жаңа егин сортлары ҳәм гибридлерин жаратыў бойынша илимий изертлеўлер алып барылмақта.
Усы жылдан баслап Арқа-батыс аўыл ҳәм тоғай хожалығы университети менен биргеликте қытай тили орайы ашылып, студент-жасларымызға оқыў курслары, әдебиятлар ҳәм маман педагоглар жәрдеминде қытай тилин пуқта үйрениў ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта. Сондай-ақ, инглис, япон, түрк тиллерин үйретиў орайларында да студентлер ҳәм жәмәәттиң шет тиллерин үйрениў имканиятлары кеңеймекте.
Заманагөй инфраструктура - сапа кепили
Жоқары билимлендириў тараўындағы реформалар аграр билимлендириў, илим ҳәм инновациялардың раўажланыўында жаңа бет ашпақта. Университетимиздеги қурылыс-дөретиўшилик жумыслары шын мәнисинде жаңа дәўирди басынан өткермекте. Заманагөй архитектуралық шешимлерге ийе, барлық қолайлықларға ийе оқыў имаратлары, илимий лабораториялар, оқыў-илимий тәжирийбе хожалығы, студентлер турақ жайлары, спорт ҳәм мәденият объектлериниң қурылысы ҳәм жаңа көриниске кириўи жаслардың билим алыўы, илимий-педагогикалық жәмәәттиң нәтийжели ислеўи ушын үлкен имканият бермекте. Қысқа мүддетлерде 4 қабатлы оқыў имараты толық реконструкцияланып, ең заманагөй талапларға жуўап беретуғын оқыў ҳәм илимий лабораториялар шөлкемлестирилди.
Ҳәзирги ўақытта университеттиң жаңа келбетин қәлиплестиретуғын 5 қабатлы оқыў имараты, лекция заллары комплекси ҳәм халықаралық стандартларға жуўап беретуғын спорт комплекси қурылмақта. Студентлер турақ жайлары ҳәм факультет имаратлары капитал оңланып, университет аймағындағы жоллар, сыртқы жақтыландырыў, суў тәмийнаты ҳәм ысытыў тармақлары да модернизацияланбақта. "Жасыл мәкан" улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде университет аймағында кең көлемли абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылып, ҳәр қыйлы терек ҳәм гүл нәллери егилип, оларды суўғарыў ушын заманагөй талаплар тийкарында суўғарыў системасы қурылды. Бул өзгерислер тек ғана университетимиз емес, ал мәмлекетимиздиң билимлендириў системасындағы улыўма реформалар - жаңа Өзбекстанның жаңа әўлады ушын мүнәсип шараят жаратыў жолындағы ҳәрекетлердиң әмелий нәтийжеси сыпатында көринбекте.
Нарзулло ОБЛОМУРОДОВ,
Ташкент мәмлекетлик аграр университети ректоры,
экономика илимлериниң докторы, профессор