Бул қарарды қабыл етиўден мақсет аўыл хожалығында механизация дәрежесин арттырыў, соның ишинде, 2026-жылы пахтаны машинада териў үлесин 70 процентке жеткериўден ибарат.

Қарарға бола, 2026-жылы аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатларын сатып алыўды қаржыландырыў ушын мәмлекет кепиллиги астында тартылатуғын сырт ел кредит линиялары есабынан коммерциялық банклер арқалы 400 миллион АҚШ долларына шекем қаржылар қаратылыўы тәмийинленеди.

Коммерциялық банклер барлық түрдеги аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатларын сатып алыў ушын миллий валютадағы кредитлерди 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 10 жыл мүддетке төмендеги ставкада ажыратады: Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы плюс 4 процент муғдарындағы банк маржасы.

2026-жылдан баслап жеңиллетилген кредит ҳәм лизинг шәртлеринде жеткерип берилетуғын пахта ҳәм ғәлле теретуғын комбайнларды сатып алыўшылар ушын кредит ҳәм лизинг бойынша төлемлерди төлеў мүддетлери жылына еки мәрте - 31-январь ҳәм 31-июль етип белгиленеди.