Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз халқы 38 миллионнан асты, соңғы тоғыз жылда халықтың дәраматлары 2 есеге көбейди. Министрлер ҳәм ҳәкимлер мәҳәлле дәрежесинде ислеп, халықты қыйнап атырған мәселелерди шешетуғын система жаратылды. Быйыл мәҳәллелерде инфраструктураны ҳәм халықтың турмыс шараятларын жақсылаўға 56 триллион сум ажыратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы үлкен имканиятлар болса да, халық тәрепинен көтерилген машқалалар ҳәр қашан да өз ўақтында шешилмей атырғанын көрсетип өтти.
- Буннан тоғыз жыл бурын Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилгенде, бирден-бир мақсет - мәмлекетлик уйымларды халыққа жақынластырыў еди. Ҳақыйқатында да, Халық қабыллаўханалары өз ўақтында нәтийжели жумыс алып барған. Бирақ, бул структураны адамлардың бүгинги талабына муўапық өзгертиў ўақты келди, - деди Президент.
Мәжилисте буннан былай "Мен ҳәр бир инсанның, ҳәр бир шаңарақтың машқаласын билип, өз ўақтында жәрдем бериўим керек" деген сүрен барлық дәрежедеги басшылар жумысының тийкарғы принципине айланыўы зәрүрлиги атап өтилди.
Президентимиз пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўдиң бүгинги жағдайын таллады.
Республикамызда ҳәр он мың халыққа орташа 319 арза ҳәм шағым туўра келеди. Бирақ бул көрсеткиш Ташкент қаласында 535, Наўайы ўәлаятында 462, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында 452, Жиззақ ўәлаятында 430, Қашқадәрья ўәлаятында 368, Ташкент ўәлаятында 350 ди қурайды.
Дийқанабад ҳәм Мирабад районлары, Наўайы, Аҳангаран ҳәм Янгиер қалаларында ҳәр он мың халыққа туўра келетуғын арзалар саны басқа елатлы пунктлерге салыстырғанда 2 есеге көп екени көрсетип өтилди.
Республика бойынша мүрәжатлардың улыўма саны 16 процентке азайғанына қарамастан, Қараөзек, Нурата, Кенимех ҳәм Топыраққала районлары және Наманган қаласында бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 50 процентке артқан. Бир қатар район ҳәм қалаларда ҳәкимлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери көшпели қабыллаў ҳәм жеке қабыллаўларды өткериўде елеге шекем рәсмий көзқарасқа әмел етип атырғаны кескин сынға алынды.
Өткен жылы Халық қабыллаўханаларына ҳәкимлердиң өзи жуўапкер болатуғыны белгиленди. Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Қашқадәрья, Хорезм ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында басшылардың жеке қатнасыўы менен мүрәжатлар саны 25-30 процентке азайған, халық тәрепинен көтерилген мәселелердиң 60-70 проценти унамлы шешимин таўып атыр.
Бирақ басқа аймақларда бул бағдарда сезилерли өзгерис болмаған. Мәселен, Ташкент қаласында 170 мың, Ташкент ўәлаятында 110 мың мүрәжаттың ярымынан көби шешилмей атыр. Сурхандәрья, Самарқанд ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында қайта мүрәжатлар саны артқан.
Усы мүнәсибет пенен Халық қабыллаўханаларына мүрәжатлар өз ўақтында көрип шығылмай, социаллық тармақларда резонанс келтирип шығарғанынан кейин илаж көрилип атырған жағдай халықтың мәмлекетлик уйымларға болған исенимине зыян келтирип атырғаны атап өтилди.
Мәжилисте ең көп мүрәжатлар келип түсип атырған тараўлар, атап айтқанда, ишки ислер, мәжбүрий орынлаў, денсаўлықты сақлаў, бәнтлик, социаллық қорғаў, энергетика, инфраструктура ҳәм оларға жуўапкер уйымлардың жумысы додаланды.
Мысал ушын, өткен жылы 70 мың усындай мүрәжат келип түскен. Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен өндириў илажлары көрилип атырған болса да, алимент төлеўшилердиң рәсмий дәраматы болмағаны себепли мүрәжатлардың дерлик 30 проценти шешилмей қалмақта.
Кәсип ийелеген алимент төлеўшилердиң қаншасы жумыссыз қалып атырғаны, олардың қаншасын оқытыў зәрүр екенлиги бойынша таллаўлар алып барылмай атырғаны атап өтилди. Бул бағдарда бәнтлик бөлимлери ҳәм "мәҳәлле жетилиги" менен биргеликте жумысларды шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, тәртипке салынған мийнет миграциясы тийкарында пуқараларды сырт елде жоқары дәраматлы жумыс орынларына оқытыў ҳәм бағдарлаў системасы жаратылғаны атап өтилди. Бирақ, алимент мәжбүриятына ийе болған пуқаралар бул имканияттан пайдалана алмай атыр. Алимент төлеўшилердиң де сырт елде жумыс ислеўи ҳәм дәрамат алыўы, алимент алыўшылардың ҳуқықлары менен мәплерине әмел етилиўи ушын еки тәрепке де пайдалы болған әдил механизм жаратыў бойынша усыныслар таярлаў тапсырылды.
Атап өтилгениндей, ишки ислер уйымларының ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша, әсиресе, хызметкерлердиң турпайы мүнәсибети ҳәм тергеўдиң сапасы бойынша көплеген шағымлар келип түспекте.
Системадағы жуўапкерлер ең көп мүрәжат келип түскен аймақларда профилактика инспекторлары ҳәм тергеўшилердиң кәсиплик шеберлигин ҳәм сөйлесиў мәдениятын арттырыў бойынша системалы шуғылланыўы, ишки ислер уйымларын халықтың мәпин гөзлейтуғын профессионал структураға айландырыў жумысларын күшейтиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәлим етилиўинше, 2025-жылы энергетика, жол ҳәм суў инфраструктурасы мәселелери бойынша 109 мыңнан аслам мүрәжатлар жиберилген. Әсиресе, Асака, Шаҳрихон, Избоскан, Пастдарғом, Шўрчи, Денов, Ғузор, Қамаши, Дийқанабад ҳәм Шараф Рашидов районлары, Самарқанд, Наманган, Термиз, Қаршы ҳәм Әндижан қалаларында бундай мүрәжатлар саны артқан.
Усы мәселелерди шешиў ушын быйылғы жылы 20 триллион сум ажыратылғаны, ҳәкимлер бул қаржыларды тийкарынан ең көп шағым түсип атырған мәҳәллелерге бағдарласа, халықтың разылығы артып, мүрәжатлар азаятуғыны атап өтилди.
"Басламалы бюджет" бағдарламасы мәҳәлле халқының дәртин жеңиллетиўге үлкен үлес қосып атырғаны айрықша атап өтилди. Соның менен бирге, инфраструктура мәселелери бойынша 25 мың мүрәжат келип түскен 2 мың мәҳәлле бул бағдарлама шеңберинде бир мәрте де өз жойбарларын жайластырмаған. Жуўапкерлерге Халық қабыллаўханаларына келип түскен мүрәжатларды таллап, жойбарларды таярлаўда усындай мәҳәллелерге жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берилди.
Айырым министрликлер ҳәм уйымлар мүрәжатларды шешиў орнына, жүзеки жуўап бериў менен шекленип атырғаны сынға алынды. Атап айтқанда, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен 64 процент, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы тәрепинен 61 процент, Транспорт министрлиги тәрепинен 58 процент мүрәжатларға әмелий шешим берилмеген.
Анықланған кемшиликлер басқа да министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлерге тийисли екенлиги, олар мүрәжатлар менен ислесиўди терең таллаў ҳәм жуўапкершилик тийкарында жолға қойыўы керек екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы мүрәжатлар менен ислесиў системасын қайта көрип шығыў ўақты келгенин атап өтип, ҳәкимликлер, министрликлер ҳәм уйымларға мүрәжатларда көтерилген мәселелерди шешиў менен шекленип қалмастан, машқалалардың келип шығыў себеплерин терең үйрениў, мүрәжатларға себеп болып атырған факторларды системалы түрде сапластырыў бойынша тапсырмалар берди.
Усы мүнәсибет пенен Халық қабыллаўханалары тек ғана мүрәжатларды қабыл ететуғын уйым емес, ал тараў ҳәм аймақлардың машқалаларына жуўапкер уйымлардың итибарын қарататуғын, олар менен биргеликте таллаўлар өткерип, шешимлер бойынша усыныслар ислеп шығатуғын орайға айланыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президентимиз Қаршы қаласы мысалында жаңа система қалай ислейтуғынын түсиндирип берди. Алимент төлеўшилерди жумысқа орналастырыў, мийнет ҳақы төлеўде кешигиўлердиң алдын алыў, басқарыў сервис компаниялары ҳәм мәмлекетлик уйымлар хызметкерлериниң жумысы үстинен шағымлар, турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм пенсия тайынлаў бойынша мүрәжатлар бойынша мәнзилли ислеў механизмлери ҳәм жуўапкерлер белгиленди.
Биринши ярым жыллықта Қаршы қаласын мүрәжатлар менен ислесиў бойынша үлги қалаға айландырыў бойынша тапсырма берилди. Бул процессте ўәлаят ҳәкими, оның орынбасарлары ҳәм аймақлық шөлкемлердиң басшылары жақыннан жәрдем беретуғыны белгиленди.
Улыўма, барлық ўәлаятлар ҳәм 208 район ҳәм қала ҳәкимлерине Қаршы қаласы мысалында көрсетилген системаны нәтийжели жолға қойып, адамлардың аўырын жеңил етиў бойынша тапсырмалар берилди. Бул бағдардағы жумыс режелери ҳәр айда халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде тастыйықланып, халыққа жәрияланады.
Мәжилисте Халық қабыллаўханаларының жумысын буннан былай да күшейтиў бойынша қосымша илажлар белгиленди.
Президент Администрациясына ҳәкимлер менен биргеликте Халық қабыллаўханаларын заманагөй пикирлейтуғын, машқалалардың мәнисин түсинетуғын қәнигелер менен толықтырыў, мүрәжатларды системалы таллаў бойынша өз алдына қадағалаў топарының жумысын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Президент Администрациясының Коммуникациялар бөлими Халық қабыллаўханаларына келип түскен мүрәжатларды ҳәр айда таллап, улыўмаластырып, министрлер ҳәм ҳәкимлерге жеткерип барады және орынланыўын қадағалайды. Халықтың кейпиятына тәсир көрсететуғын мәселелер бойынша басшылардың есабатларын тыңлап, ең әҳмийетли бағдарлар бойынша Ҳүкиметке усыныслар киргизеди.
Ҳүкиметте министрликлер ҳәм уйымлардың басшы хызметкерлеринен ибарат Оператив штаб дүзиледи. Көтерилген мәселелер орынларға шығып, аймақлар ҳәм тармақлар кесиминде шешиледи.
Халық қабыллаўханаларына мүрәжатларды көрип шығыў тәртибин бузған уйымларға мәжбүрий көрсетпелер жибериў ўәкиллигин бериў, сондай-ақ, ҳәр алты айда бир мәрте жәрияланатуғын мәмлекетлик уйымлардың мүрәжатлар менен ислесиў рейтингин жүргизиў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Мүрәжатлар менен ислесиўде "мәҳәлле жетилиги"ниң жуўапкершилиги кескин арттырылады. Президент Виртуал қабыллаўханасында ҳәр бир мәҳәлле ушын өз алдына хана шөлкемлестирилип, оған жаслар жетекшиси ҳәм мәҳәлле баслығы басшылық етеди. Олар келип түсип атырған мүрәжатлардың себебин үйренип, ҳәр күни ҳәкимлерге мәлимлеме береди.
Сондай-ақ, төменги структураларға тийкарсыз мүрәжат жоллаған шөлкемлердиң басшыларына қатаң шара көриледи, мүрәжатлар ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузғаны ушын жуўапкершилик күшейтиледи.
Президентимиз және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратты. Социологиялық изертлеўлердиң нәтийжелери пуқаралардың мүрәжатлары менен бир қатарда мәмлекетлик сиясат ҳәм реформалардың тийкарғы бағдарларын белгилеўде, министрликлер ҳәм уйымларда дурыс қарарлар қабыл етиўде, халықтың кеўил-кейпияты ҳәм әҳмийетли машқалаларын анықлаўда әҳмийетли дәрек болып есапланады.
Соның ушын бундай изертлеўлердиң көлемин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди. Буннан былай қайсы аймақта исеним артып, қайсы жерде төменлеп атырғаны, қайсы қарарлар әдил, қайсылары халық мәпине жуўап бермейтуғынын анықлаў ушын тек ғана бир мәртелик сораўлар өткериў менен шекленбестен, турақлы мониторинг ҳәм таллаўлар алып барылады.
Президент Администрациясының Коммуникациялар департаментине, Стратегиялық ҳәм аймақлараралық изертлеўлер институтына аймақ ҳәм тармақ басшыларын баҳалаў методологиясын ислеп шығыў, өткерилген таллаўлар тийкарында рейтингти қәлиплестирип, Президентке турақлы түрде усынып барыў ўазыйпасы қойылды.
Атқарыў тәртиби мәселелери көрип шығылып, белгиленген ҳәр бир ўазыйпаның әмелде орынланыўы үстинен күнлик қадағалаў орнатыў, жуўапкершиликти сезбейтуғын, төмен дәрежеде жумыс алып барып атырған басшылар ҳаққында қалыс мағлыўмат бериў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте аймақлар ҳәм уйымлар басшыларының мәлимлемелери тыңланды.