Илаж шеңберинде ўәлаяттың азық-аўқат, жеңил санаат, химия ҳәм фармацевтика, қурылыс, металлды қайта ислеў ҳәм мебель санааты өнимлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди. Мәмлекетимиз басшысы ўәлаяттағы заманагөй өндирис қуўатлықлары, алдынғы техника ҳәм технологиялар, санаат өнимлери менен танысты.
Самарқанд ўәлаяты мәмлекетимиз экономикасында стратегиялық әҳмийетке ийе аймақ сыпатында турақлы раўажланып бармақта. Кейинги жыллары бул жерде санаат көлеми избе-из артып, қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталық жергиликли ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў ушын беккем тийкар жаратты. Сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны жылдан-жылға көбейип атырғаны бул бағдардағы унамлы динамиканы анық тастыйықлайды.
Мәресимде қала ҳәм районларда улыўма баҳасы дерлик 7 миллиард доллар болған 106 жаңа жойбарды иске қосыў ҳәм қурылыс жумысларын баслаўға таяр екенлиги ҳаққында мәлимлеме берилди. Илажға жаңадан қурылып атырған ҳәм пайдаланыўға тапсырылып атырған жойбарлардың басшылары видеобайланыс арқалы қатнасты.
Бул жойбарлар регион экономикасының ҳәр қыйлы тармақларын қамтып алған. Атап айтқанда, таў-кән ҳәм геология санааты, қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы, химия, электротехника, аўыл хожалығы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, хызмет көрсетиў ҳәм туризм тараўларында жаңа қуўатлықларды иске қосыў ҳәм перспективалы объектлердиң қурылысын баслаў режелестирилген.
Мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев жойбарлардың орынлаўшылары, жергиликли ҳәм сырт ел компанияларының ўәкиллери менен сәўбетлести, олардың усыныс ҳәм басламаларын тыңлады. Бундай жойбарлар Самарқанд ўәлаятының санаат потенциалын буннан былай да беккемлеў, өндирис тармақларын модернизациялаў ҳәм аймақта турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, Самарқанд ўәлаятында ири жойбарлардың иске қосылыўына ҳәм жаңа жойбарлардың қурылысына старт берди.
Атап айтқанда, Австрия, Қытай, Бирлескен Араб Әмирликлери, Түркия, Ҳиндстан ҳәм Россия менен биргеликте 2,4 миллиард долларлық 53 жойбар иске қосылған.
Сондай-ақ, Нидерландия, Япония, Қубла Корея, Қытай, Бирлескен Араб Әмирликлери, Түркия, Россия ҳәм Иран менен биргеликте 4,6 миллиард долларлық 53 жойбар шеңберинде қурылыс жумыслары басланған.
Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 18 мың жаңа жумыс орны жаратылады, 13 триллион сумлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм 700 миллион долларлық экспорт потенциалы тәмийинленеди. Бул аймақлық санаатты диверсификациялаў, заманагөй өндирис шынжырларын көбейтиў ҳәм экспорт географиясын және де кеңейтиўге хызмет етеди.
Усы жерде Президентке Нарпай районында суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, насос станцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыўға бериў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында презентация өткерилди.
Нарпай районында 8 насос станциясы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик секторға берилди. Өткен дәўирде инвестиция есабынан 21 насос агрегаты жаңаланды.
Улыўма, Самарқанд ўәлаятының суў хожалығына жаңаша илимий көзқараслар енгизилмекте. Усы мақсетте илим ҳәм әмелияттың өз-ара байланысын тәмийинлеў ушын ўәлаят ҳәкимине илимий кеңесгөй бириктириледи. Сондай-ақ, тараўда дуал билимлендириў жолға қойылып, суў хожалығы, аўыл хожалығын механизациялаў, гидротехника ҳәм гидроэнергетика, кадастр ҳәм экология бағдарлары бойынша 72 студент ушын 6 айлық үзликсиз әмелият шөлкемлестириледи.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге бул жумысларды избе-из ҳәм системалы даўам еттириў бойынша тапсырмалар берди.