баннер
23 Apr 2025
09:07

    Al Arkan компаниясы Өзбекстанда комплексли бағдарлама бойынша жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады

    Усы жылы 20-январьда Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов Саудия Арабстанының Al Arkan компаниясының атқарыўшы директоры Муҳаммад ал-Фассом менен ушырасты.

    Сөйлесиў даўамында азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў процесслери ҳәм хызметлер көрсетиўде қәўипсизлик ҳәм гигиена бойынша комплексли бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша әмелий илажлар додаланды.

    Бағдарлама азық-аўқат өнимлериниң сапасын қадағалаў миллий системасын раўажландырыў, азық-аўқат санааты хызметкерлерин заманагөй қәўипсизлик стандартларына үйретиў, медицина, туризм ҳәм транспорт хызметлериниң дәрежесин арттырыў бойынша оқыў бағдарламаларын енгизиў, инфраструктураны модернизациялаў, кәсип-өнер билимлендириўи системасын жетилистириў ҳәм басқа да бир қатар бағдарларды қамтып алады.

    Жойбарды әмелге асырыў мәмлекетимиздиң жетекши компанияларына хызмет көрсетиў, жоқары сапалы азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў имканиятын беретуғыны, бул болса көрсетилип атырған хызметлердиң көлемине ҳәм ишки ҳәм сыртқы базарда өтимли сапалы өнимлерди еэкспортқа жеткерип бериўге мультипликатив тәсир көрсететуғыны атап өтилди.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер биргеликтеги ҳәрекетлерди жеделлестириўге таяр екенлигин билдирип, жуўапкер басшылар ҳәм жойбарды әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша анық илажларды белгилеп алды, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech