Сапар шеңберинде Иркутск ўәлаяты ҳәкиминиң биринши орынбасары Роман Колесов пенен ўәлаят ҳүкимети, исбилермен топарлар ҳәм раўажланыў корпорациялары ўәкиллериниң қатнасыўында сөйлесиўлер өткерилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Атап өтилгениндей, 2025-жылдың биринши ярым жыллығында Иркутск ўәлаятынан Өзбекстанға экспорт етиў 56,1 процентке, соның ишинде, алюминий сым жеткерип бериў көлеми еки еседен зыятқа, қайта исленген ағаш материаллары 60 процентке артты. Улыўма, сыртқы саўда айланысы 53,8 процентке артты.
Жақын арада Саўда-экономикалық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм социаллық тараўларда бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы режелестирилген.
Экономикалық зоналар жумыс алып барып атырған, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилген Әндижан ўәлаятында инвестициялар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер аўыл хожалығы, билимлендириў, туризм ҳәм логистика тараўларында бирге ислесиў перспективаларын додалады. Атап айтқанда, Иркутск ўәлаяты аймағында Өзбекстан товарларын тарқатыўшы логистика комплексин қурыў жойбары ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Сапар даўамында Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Иркутсктың бир қатар компаниялары, соның ишинде, азық-аўқат ҳәм өсимлик өнимлерин ислеп шығарыўшылар арасында өз-ара түсинисиў меморандумларына қол қойылды.
Сондай-ақ, Россияның "Медтехсервис" компаниясы тәрепинен Әндижан ўәлаятында диабет тест-таспаларын ислеп шығарыўды локализациялаў бойынша келисимге ерисилди.
Россия тәрепи туроператорлық бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенин билдирип, "Интурмаркет-Байкал" халықаралық форумы шеңберинде биринши мәрте Иркутск қаласында өткерилген Өзбекстанның туризм потенциалы презентациясының әҳмийетин атап өтти.









