Әндижан раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў имканиятлары көрсетип өтилди

    16-апрель күни Булақбашы районында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Әндижан ўәлаятын экономикалық-социаллық раўажландырыў илажларын додалаў бойынша мәжилис өткерилди.

    Әндижанда жаңа Өзбекстанның руўхы ҳәр бир район, ҳәр бир мәҳәллеге кирип баратырғаны атап өтилди. Өткен жылы ўәлаятта 4 мыңнан аслам жаңа исбилермен жумыс баслаған. 450 мың халық жумыслы болған.

    Ўәлаятта 1,5 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм 850 мың квадрат метр турақ жай емес объектлер бой тикледи. Соның есабынан, өткен жылы саўда ҳәм хызметлер 13 процентке, санаат 7,5 процентке артты.

    Бирақ өмир бир орында тоқтап турмайды. Әндижанда экономикалық потенциал, жаңа жойбарлар ҳәм басламалар көп.

    Мәжилисте киши ҳәм орта исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, инвестиция ҳәм экспортты көбейтиў, қурылыс, социаллық тараўларды раўажландырыў бағдарындағы ўазыйпалар додаланды.

    Бәринен бурын, 2025-жылы Әндижан ўәлаятында кеминде 6 процент экономикалық өсиўди тәмийинлеп, жалпы аймақлық өнимди 105 триллион сумнан арттырыў, 305 мың халықты бәнт етип, 150 мың адамды кәмбағаллықтан шығарыў имканияты көрсетип өтилди.

    Мәселен, Әндижанда үскене ислеп шығарыў санааты жақсы қәлиплескен. Бирақ еки жылда ўәлаятқа шеттен 1 миллиард доллар муғдарында әсбап-үскенелер импорт етилген. Егер оларды өзимизде таярлаў өзлестирилсе, экономикаға қосымша түсим, адамларға жумыс орны болады. Бундай басламаларды қоллап-қуўатлап, сертификат ҳәм зәрүр буйымлар алыўына жәрдемлесиў керек.

    Сондай-ақ, машина қурылысы-конструкторлық өндирислик орайлары шөлкемлестириледи. Санаат тармақларында талап жоқары болған импорт үскенелериниң техникалық көрсеткишлери үйренилип, жергиликли кәрханаларға альтернативлери усыныс етиледи. Бундай үскенелерди локализациялаў тилегиндеги исбилерменлерге 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи.

    Ўәлаяттағы 13 мың гектар адырға суў шығарып, биймәлел егин егиў мүмкин. Бирақ ол жерлерге суў шығарыўда насос ислеў ушын электрдиң баҳасы дийқанларға аўырлық етеди. Сол себепли қуяш панелин орнатыў ушын финанслық инструментлер қолланылады. Қорғантепада 300 гектар дөңликте санаат усылында интенсив бағ ҳәм жүзимзарлық жаратылып, исбилерменлерге таяр ҳалда усыныс етиледи.

    Басқа аймақлардағы нәтийжесиз ыссыханалар Әндижанға көширилип, халыққа лизингке бериледи. Мәҳәллелерге арзан туқым ҳәм минерал төгин жеткерип бериледи.

    Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги Балықшы ҳәм Алтынкөлде 5 гектардан ыссыхана шөлкемлестирип, 100 жәрдемге мүтәж шаңарақты дәраматлы еткен. Енди бул Улуғнар, Пахтаабад, Хожаабад, Марҳамат ҳәм Әндижан районларында да жолға қойылады. Бундай заманагөй ыссыханаларды үлгили шөлкемлестирген мәҳәлле басшыларына 100 процент үстеме бериледи.

    Ўәлаяттағы жасалма суў бассейнлериниң тек ғана 23 процентинде интенсив усылда балық жетистирилип атыр. Азия раўажланыў банкинен 15 миллион доллар тартып, 320 гектарда интенсив усылда балық жетистириў, 500 шаңарақ пенен кооперация етиў жойбары ислеп шығылған. Жуўапкерлерге бул жойбарды қадағалаўға алыў, улыўма, республикада балықшылықты раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

    Әндижанда туризм потенциалы да жоқары. Ханабадтағы Кампировот, Булақбасыдағы Ширманбулақ, Хожабадтағы Тас ата мәҳәллелеринде туризм орынларын шөлкемлестирип, туристлерди көбейтиў имканияты бар. Усы жылы тараўда 125 миллион долларлық 25 жойбарды жуўмақлаў, 3,5 миллион сырт ел ҳәм жергиликли турист тартып, туризм экспортын 200 миллион доллардан арттырыў ўазыйпасы қойылды.

    Мәжилисте инвестиция ҳәм экспорт мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Быйыл сырт ел инвестицияларының көлеми 3,1 миллиард долларға жеткерилетуғыны, 1 миллиард долларлық 23 ири, 321 киши ҳәм орта жойбар иске қосылатуғыны атап өтилди. Экспортты 1,5 миллиард долларға, локализациялаў көлемин 10 триллион сумға алып шығыў имканияты бар.

    Ҳәр жылы Әндижаннан Қырғызстанға 200 миллион долларлық экспорт болмақта. Шегарадан 5 мың долларлыққа шекемги өнимди қолда алып өтиўге рухсат берилгени нәтийжесинде және миллионлаған долларлық товарлар сатылмақта. Өз-ара саўданы кеңейтиў ушын Қўрғонтепа ҳәм Хўжаободда еркин саўда ҳәм санаат зоналарын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

    Ўәлаяттағы 360 бос ҳәм нәтийжесиз көшпес мүлкти қолайлы шәртлерде аукционға шығарып, исбилерменлик жойбарларына тийкар жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Суў ағымы жоқары болған салма ҳәм каналларда 75 мегаватт қуўатлылыққа ийе киши ҳәм микро ГЭСлер қурыў имканияты бар. Онда қатнасатуғын исбилерменлерге 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен, 7 жылға 12 процент ставкада кредит бериледи.

    Қурылыс ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша да ўазыйпалар көп. Атап айтқанда, быйыл 9 мың 700 квартиралы 245 көп қабатлы турақ жай қурылады. Бул тараўда 10 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди. Мың километрден аслам жол ҳәм көпирлер оңланады.

    Ханабад - Әндижан магистраль суў қубырының қуўатлылығы жетиспеўшилиги себепли 6 райондағы 510 мың халыққа суў жеткерип бериўде машқалалар бар. Сол себепли Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында бул қубырдың 2-тармағын қурыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Қоңсы мәмлекетлер менен байланыстырыўшы жоллардың өткериўшеңлигин арттырыў, Әндижан қаласы менен районлар арасында жәмийетлик транспортты раўажландырыў бойынша тапсырмалар берилди.

    Социаллық бағдарлар халықтың турмысында тиккелей сәўлеленеди. Әндижанда быйыл жоқары технологиялық хирургиялық әмелият үлеси 40 процентке жеткериледи. 15 мың техникум питкериўшисиниң бәнтлиги тәмийинленеди. 6 мың студент дуал билимлендириў менен қамтып алынады. Жоқары билимлендириўдиң инженерлик, медицина, экономика, аграр бағдарындағы 4 билимлендириў бағдарламасы халықаралық аккредитациядан өткериледи.

    Усы мақсетте, соның ишинде, медициналық билимлендириў ҳәм туризмди раўажландырыў, мәҳәллелерде күни-түни хызмет көрсететуғын жеке меншик медициналық пунктлерди көбейтиў илажлары белгиленди.

    Бизге белгили, потенциалы ҳәм көнликпесин арттырған мектеп директорларын хошаметлеў жолға қойылған. Енди бул система техникумларда да енгизиледи.

    Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен, ҳәр жылы Бабур қаласында художниклер фестивалы өткериледи. Жеңимпазларға Президент саўғасы сыпатында автомобиль берилетуғыны жәрияланды.

    - Бүгин Әндижан раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў бойынша ең әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп алдық, барлық мәселелерге тоқтап, ўәлаят ушын зәрүр қаржыларды да шештик, - деди Шавкат Мирзиёев. - Егер ҳәммемиз бир болып, аўызбиршиликли болып ис алып барсақ, жетискенликлеримиз және де көбейеди, биз ерисе алмайтуғын шектиң өзи болмайды, Әндижан және де абат болады.

    Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм басқа да жуўапкерлер өз бағдарлары бойынша мәлимлеме берди. Ўәлаят ҳәкими, 16 қала ҳәм район ҳәкими халық ҳәм исбилерменлерди ҳәр күни тыңлап, ҳәзирги пәтти сақлап қалыўы, дүньядағы экономикалық өзгерислер шараятында айрықша жуўапкершилик алыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates