Әндижаннан Ташкентке авиақатнаў жолға қойылады

    1 тамыз 2025 1102

    2025-жыл 9-августтан баслап Uzbekistan Airways авиакомпаниясы Ташкент - Әндижан - Ташкент жөнелисинде турақлы пәрўазларды жолға қояды.

    Бул ҳаққында компания баспасөз хызмети мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, пәрўазлар ҳәр сәршемби ҳәм шемби күнлери Airbus А320 самолётларында әмелге асырылады.

    Билетлер баҳасы:

    Бир тәрепке - 248 000 сумнан;

    Еки тәрепке - 466 000 сумнан.

    Пәрўазлар кестеси ҳәм билетлерди booking.uzairways.com сайты ямаса Uzbekistan Airways мобил қосымшасы арқалы көриў ҳәм сатып алыў мүмкин.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates