Әндижан аэропорты халықаралық пәрўазларды қайта тикледи

    13 тамыз 2025 918

    Кең көлемли оңлаў жумысларынан соң, Әндижан аэропорты халықаралық пәрўазлар ушын және өз есиклерин ашты.

    Дәслепки пәрўаз Flyone Asia авиакомпаниясының Әндижан - Жидда - Әндижан жөнелиси бойынша әмелге асырылды.

    Бул ҳаққында "Өзбекстан аэропортлары" компаниясы мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, енди бул жөнелис бойынша ҳәптесине еки мәрте - сийшемби ҳәм пийшемби күнлери турақлы пәрўазлар әмелге асырылады.

    Q 7 2261 санлы рейстиң биринши пәрўазы байрам кейпиятында өтти, самолёт бортында 151 жолаўшы бар еди.

    Еслетип өтемиз, Әндижаннан Ташкентке Силк Авиа (дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери) ҳәм Өзбекстан ҳаўа жоллары (сәршемби ҳәм шемби күнлери) авиакомпаниялары да турақлы пәрўазларды әмелге асырмақта.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates