Өзбекстан ҳәм Индонезия арасында авиақатнаўлар тараўында жаңа келисимге қол қойылды

    Транспорт министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Өзбекстан ҳәм Индонезия авиация ҳүкиметлери арасында жаңа келисимге қол қойылды.

    Атап өтилиўинше, "Өзбекстан - 2030" стратегиясының 53-мақсетине муўапық, 2030-жылға шекем авиақатнаўлар көлемин төрт есеге арттырыў белгиленген. Усы мақсетке ерисиў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар шеңберинде Транспорт министрлиги делегациясының гезектеги ушырасыўы Индонезияның Жакарта қаласында болып өтти.

    Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Индонезия Республикасы авиация ҳүкиметлери арасында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, атап айтқанда, ҳаўа қатнаўларының бағдарын кеңейтиў мәселелери додаланды.

    Сөйлесиўлерде еки мәмлекет Транспорт министрликлери ҳәм Сыртқы ислер министрликлериниң ўәкиллери, сондай-ақ, Өзбекстанның Индонезиядағы елшиси О.Ешонов, “Garuda Indonesia”, “Air Asia”, “Batik Air” сыяқлы авиакомпаниялардың ўәкиллери қатнасты.

    Ушырасыўда төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылды:

    Ҳаўа қатнаўы ҳаққындағы еки тәреплеме келисимдеги авиакомпаниялар саны ҳәм пәрўаз мәнзиллерине қойылған шеклеўлерди бийкар етиў;

    Турақлы авиақатнаўларды қайта тиклеў ҳәм пәрўазлар географиясын кеңейтиў;

    Тайынланған авиакомпанияларға тийисли ҳуқықларды бериў;

    Өзбекстанда әмелге асырылып атырған "Зыярат туризми" ҳәм пуқаралық авиация тараўындағы реформалар ҳаққында мағлыўмат бериў;

    “Umra Plus” бағдарламасын әмелге асырыў ҳәм Өзбекстан аэропортлары арқалы Индонезия туризм қалаларына туристлерди тасыўды жолға қойыў.

    Сөйлесиўлер жуўмағында авиация ҳүкиметлери арасында төмендеги келисимлерге ерисилди:

    Ҳаўа қатнаўлары ҳаққындағы еки тәреплеме келисимдеги авиакомпаниялар санына байланыслы шеклеўлерди бийкарлаў ҳәм усы шәртнаманы ўәкилликли уйымлар қол қойған келисим тийкарында күшке киргизиў.

    Келисимге киргизилетуғын өзгерислерди мәмлекет ишиндеги келисимлер ямаса дипломатиялық ноталар алмасыў арқалы қабыл етиў, бул процесс жуўмақланғанға шекем пәрўазларды жаңа келисим шеңберинде әмелге асырыў.

    Өзбекстан тайынлаған авиакомпаниялар ушын Жакартадан тысқары Денпасар, Сурабая, Медан, Ёгякарта, Мажеленга, Банда Ашех, Танжунг Пандан, Ломбок ҳәм қәлеген және еки қалаға пәрўаз етиў ҳуқықын бериў.

    Индонезия тайынлаған авиакомпаниялар ушын Өзбекстанның барлық халықаралық аэропортларына пәрўаз етиў ҳуқықын бериў.

    1995-жылы қол қойылған "Келисим" шәртлерине бола ҳәптесине үш мәрте белгиленген авиақатнаўлар санын жаңа келисим тийкарында ҳәр тәреп ушын 28 ге шекем (жәми 56), олардың ярымы жолаўшы, қалған ярымы жүк тасыў ушын белгиленеди.

    Барлық авиакомпанияларға ҳаўа кемеси ямаса жүк/пассажир сыйымлығы бойынша шеклеўлерсиз пәрўаз етиўге рухсат бериў.

    1995-жылғы келисимди бийкар етиў ҳәм жаңа шәртлер тийкарында барлық пәрўазларды әмелге асырыў.

    Денпасар жөнелисиндеги пәрўазлардың 50 процентин Code Share тийкарында әмелге асырыў.

    Жүк тасыў ушын үшинши, төртинши ҳәм бесинши дәрежели ҳаўа еркинликлериниң берилиўин тәмийинлеў.

    Кейин ала авиақатнаўлар көлемин арттырыў ҳәм қосымша авиакомпанияларды тайынлаў мәселелерин өз-ара хат алмасыў арқалы шешиў.

    Бул келисимлер келешекте еки мәмлекет арасында ҳаўа қатнаўларын кеңейтиў, “Umra Plus” бағдарламасын әмелге асырыў арқалы зыярат туризмин раўажландырыў, жүк ҳәм жолаўшы тасыў көлемин арттырыў, сондай-ақ, туристлер ҳәм исбилерменлердиң ҳәрекетин еркинлестириўге хызмет етеди.

    Мағлыўмат орнында: Бүгинги күнде Өзбекстанның “Qanot Sharq” авиакомпаниясы “Asialux Travel” туризм компаниясы менен биргеликте Ташкент - Денпасар (Бали) жөнелисинде мәўсимлик чартер рейслерин әмелге асырып келмекте.

    Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанның Индонезиядағы елшиханасы тәрепинен мәмлекеттиң туризм потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм сырт елли туристлердиң талабын арттырыў мақсетинде Индонезия базарында жедел жумыслар алып барылмақта.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates