Финанслық қәўиплерди анықлаў, баҳалаў ҳәм басқарыў тәртиби белгиленди

    1 мамыр 2025 792

    Ҳүкимет қарары (279-сан, 29.04.2025 ж.) менен "Финанслық ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерди анықлаў, баҳалаў ҳәм басқарыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.

    Реже министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери (республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары) жумысындағы финанслық ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерди анықлаў, баҳалаў ҳәм басқарыў тәртибин белгилейди.

    Режеге бола, Республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымында қәўиплер Қәўиплерди басқарыў комитети тәрепинен басқарылады.

    Қәўиплер төмендеги тәртипте баҳаланады:

    - қәўип тәсирин анықлаў;

    - қәўип итималлығын анықлаў;

    - қәўип тәсири ҳәм итималы нәтийжелерин өз ара бир-бирине көбейтиў арқалы қәўип дәрежесин есаплаў.

    Қәўип тәсирин анықлаўда төмендеги факторларға белгиленген өлшемлер тийкарында 1-3 балл бериледи:

    - қәўипти басқарыў бойынша шөлкем қадағалаўы;

    - шөлкемниң усы қәўип жүзеге келиўи мүмкин болған функциясының автоматластырылғанлығы;

    - қәўиптиң жүзеге келиўинде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердеги бослықлардың бар екенлиги.

    Бунда 3 балл тийисли қәўип тәсириниң ең жоқары дәрежесин ҳәм 1 балл ең төмен дәрежесин билдиреди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates