Бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине транспорт қураллары айдаўшыларының жөнелисли транспорт қураллары ушын айрықша ажыратылған лента бар жолдан ҳәрекетленгени ушын жуўапкершилик белгиленбекте.
Онда өз алдына ажыратылған лента бар жолдан оператив ҳәм арнаўлы хызметлердиң транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи, қоңсы аймақтың кириў ямаса шығыў орнынан 50 метр аралықта үзликсиз сызықлы жерге шекем ямаса жақын аралықтағы үзликсиз сызықлы жерге шекем ҳәрекетлениўи, жөнелисли транспорт қуралларының ҳәрекетине кесент бермеў шәрти менен жолға шығыў, қатнаў бөлиминиң шетки оң тәрепинде жолаўшыларды шығарыў ҳәм түсириў ушын ҳәрекетленгенлик ушын жуўапкершилик нәзерде тутылмайды.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи жәмийетлик транспортта жолаўшыларға сапалы ҳәм қолайлы хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў ҳәм жәмийетлик транспорт ҳәрекетиниң үстинлигин және жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.