баннер
15 Mar 2025
01:23

    Namangan hám Nókis qalaları jámietlik transportı sisteması jetilistiriledi

    Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте Наманган ҳәм Нөкис қалалары жәмийетлик транспорты системасы жетилистириледи.

    Транспорт министрлигиниң хабар бериўинше, мәмлекетимиз қала ҳәм районларын экологиялық таза жәмийетлик транспорт пенен толық тәмийинлеў, атап айтқанда, Наманган ҳәм Нөкис қалалары жәмийетлик транспорт системасын жетилистириў ҳәм халыққа қолайлы жолаўшы тасыў хызметлерин жаратыў мақсетинде Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте ири жойбар басланбақта.

    ЕТРБ тәрепинен қаржыландырылып атырған жойбар жәмийетлик транспорт системасын халықаралық талапларға муўапық модернизациялаўды нәзерде тутады. Жойбар шеңберинде заманагөй ҳәрекетлениў қурамларын сатып алыў ҳәм электробус паркин (депо) шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Уллы Британияның "Аткинс" компаниясы жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығады.

    ЕТРБның Азия регионындағы ўәкили Надежда Ключникова басшылығындағы жумысшы топар Наманган қаласы ҳәкими Анваржон Отаходжаев пенен ушырасыўда жойбардың әмелий қәдемлерин додалады.



    Телеграм каналымыз
    Text to speech