Аңлағаныңыздай, гезектеги пикирлеримиз жәмийетлик транспорт ҳаққында болады. Себеби ҳәзир мәмлекетимизде жәмийетлик транспортқа тек ғана адамларды өз мәнзилине тез ҳәм қәўипсиз жеткерип қойыўшы емес, ал қоршаған орталыққа зыян жеткермеген ҳалда тығылысты азайтыўшы, жоллардағы ҳәрекетти тәртипке салыўшы система сыпатында үлкен итибар қаратылмақта.
Ашық-айдын орталық
Бүгин автобус ямаса метро хызметинен пайдаланып атырған адам транспорт тараўында бир қатар унамлы өзгерислер болып атырғанын тез сезеди. Соның ишинде, заманагөй автобуслардың белгиленген кесте тийкарында ҳәрекетлениўин, айдаўшылардың өзгерген мүнәсибетин сезбеў мүмкин емес.
Ең итибарлысы төлем системасының электрон түрге өткерилгени болып есапланады. Яғный транспорт карталары, QR кодлар ҳәм мобил төлем системаларының енгизилиўи жолаўшыларға үлкен қолайлық жаратып, транспорт хызметлериниң ашық-айдын болыўына тийкар жаратты. Бүгин киши көринген бул реформалар тийкарында социаллық турмысымызда үлкен бурылыс жасамақта.
Буннан он жыллар алдын пайтахт көшелеринде ҳәрекетленген адамлар буны жақсы биледи. Сол ўақытлары солярка ямаса бензин менен жүретуғын автобуслар салонына сиңип қалған ашшы ийистен көпшилигимиз "ийисин татқанбыз". Ҳаўа райы қандай болыўына қарамастан, автобуслардың бәндиргилерде узақ турып қалыўы, пул жыйнаўшылар болса транспорт жөнелисин қайта-қайта айтып, адамларды шақырып, шымшық сыятуғын жерге де орналастырыўы сыяқлы көринислер елеге шекем көз алдымыздан узақласып үлгерген жоқ. Оның үстине, қарсылық билдирсеңиз, транспорттан түсип кетиўди "усыныс" етер еди. Кейинги автобус та тап сондай жол тутатуғын еди. Ақыбетинде тисти тиске қойып, мәнзилге кеш болса да жететуғын еди. Қулласы, система басқаша еди...
Бүгин усындай жағдайларға гүўа болғанлар ерксиз "болыўы мүмкин ғой", деп жибериўи анық. Бирақ ҳәмме нәрсе өз орнына түсти деп айтыўға еле ерте. Бүгинги заманда ҳеш бир тармақты өз ҳалына таслап қойыў керек емес. Себеби күннен-күнге ҳәр бир тараўда жаңалық жаратылмақта. Оны өзлестириў, енгизиў арқалы заманагөй жәмийет, социаллық раўажланыўға қәдем таслаў мүмкин. Соның ишинде, жәмийетлик транспорт тараўында да.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, соңғы үш-төрт жылда Ташкент қаласында улыўма транспорт саны дерлик еки ярым есеге көбейген. Бирақ көшелердиң өткериўшеңлик қәбилетин есеге арттырыўдың имканияты жоқ. Және айтың, бундай қыйын жағдайда халықтың ҳәрекети көбейип, жәмийетлик транспортқа талап артып бармақта. Ҳәр жылы бул көрсеткиш 1-2 миллионға артып атырғаны болса жағдайдың қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди. Пайтахтқа ўәлаятлардан кирип келетуғын транспорт ағымын есапқа алсақ, бул жүклеме және де артады. Мине, усылардан келип шығып айтатуғын болсақ, қолайлы транспорт системасы мәмлекеттиң тийкарғы әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болыўы турмыслық зәрүрликке айланыўы шәрт.
Хош, бундай жағдайда не ислеў керек? Қәнигелер қандай илажлар усыныс етпекте?
- Бүгинги күнде бул бағдарда бес тийкарғы бағдарда жедел исленбекте, - дейди Транспорт министрлигиниң жойбарлаў офисиниң басшысы Муроджон Обидов. - Бәринен бурын, автобуслар ҳәрекетленетуғын жөнелислер тармағы оптималластырылып, ҳәрекетлениў қурамының саны ҳәм сыйымлығы кеңейтилген болса, кейин ала жәмийетлик транспортлардың ҳәрекетин және хызмет сапасын қадағалаў мақсетинде электрон бақлаў системасы енгизилди. Үшинши әҳмийетли бағдар жәмийетлик транспортлар ушын өз алдына жоллардың шөлкемлестирилиўи болды. Бул күнделикли ҳәрекетке сезилерли дәрежеде унамлы тәсир көрсетти. Төртинши жөнелисте жәмийетлик транспортта бир түрден екинши түрге өтиў үзликсизлигин тәмийинлейтуғын транспорт өтиў байланыслары шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, метрополитен ҳәм басқа да жәмийетлик транспортлар арасында өз-ара байланыслылық тәмийинленди. Бесинши бағдарда болса халық бир жәмийетлик транспорттан басқасына өткенде қосымша финанслық жүклемелер жүзеге келмеўи ушын жаңа тарифлер системасы енгизилди. Нәтийжеде жолаўшылар бир саат ишинде 2400 сум есабынан жәмийетлик транспорт хызметлеринен шекленбеген түрде пайдаланыў имканиятына ийе болды.
Әлбетте, бул илажлар өз нәтийжесин бермекте. Тек ғана төлем системасындағы қолайлық себепли жолаўшылар ағымы 32 процент, жол ҳақысынан түсетуғын түсим 23 процентке артқан. 2022-жылы пайтахтта транспорттан күнлик пайдаланыўшылар 6 миллионды қураған болса, бүгинги күнде 8 миллионға жетти. 2028-жылда 10 миллионға жетиўи мүмкин. Жәмийетлик транспорттан пайдаланыў 2022-жылы 18 процентти қураған болса, бүгинги күнде 31 процентке жеткен. Ҳәрекетлениў қурамының жаңаланыўы, жаңа жөнелислердиң ашылыўы нәтийжесинде 2028-жылы бул көрсеткиш 36 процентке жетеди.
Ташкент тәжирийбеси неси менен ажыралып турады?
Пайтахтымыз жәмийетлик транспортында енгизилген және бир әҳмийетли жаңалық брутто шәртнама системасының жолға қойылғаны болды. Бул система 2023-жылы Қытайдан үлкен сыйымлылықтағы 1000 дана заманагөй автобус алып келингенинен соң әмелиятқа енгизилди. Бул системада айдаўшылар басып өткен аралығы ҳәм көрсеткен хызметлерине қарап ҳақы алады. Оларға ҳәр бир жөнелистиң "паспорты" бойынша ҳәрекетлениў, транспортты таза ҳәм азада сақлаў, қәўипсизликти тәмийинлеў сыяқлы анық талаплар қойылады. Мине усы нормалар тийкарында ҳәр бир бағдардағы хызмет ушын ҳақы төленеди.
Системаның енгизилиўи артынан айдаўшылардың мәпинен көре жолаўшылардың мәпи биринши орынға шықты. Бүгин жумысқа, оқыўға ямаса күнделикли жумыс пенен автобустан пайдаланатуғын пуқаралар буны сезинбекте. Айдаўшылардың тийкарғы ўазыйпасы жолаўшыларды мәнзилге өз ўақтында ҳәм қәўипсиз жеткерип қойыў болып белгиленген.
Айдаўшылар ушын күнлик "реже" бийкар етилгенинен соң қағыйдабузарлықлар саны төрт есеге қысқарды, жол-транспорт ҳәдийселери 35 процент азайды.
Социаллық теңлик жәмийет раўажланыўының әҳмийетли принциплеринен бири есапланады. Буны жәмийетлик транспорт мысалында көрип шығайық.
Ҳәр бир пуқара мәмлекет тәрепинен жаратылған имканиятлардан, соның ишинде, жәмийетлик транспорттан пайдаланыў ҳуқықына ийе. Бурын айырым социаллық жағдайлар бул имканияттан толық пайдаланыўға тосқынлық ететуғын еди. Мәселен, имканияты шекленген инсанлар ушын автобусларға минип-түсиў үлкен машқала еди. Автобусларда олар ушын арнаўлы орын ажыратылмаған еди. Енди болса пайтахтқа алып келинген заманагөй автобуслар арқалы бул бағдардағы кемшиликлер сапластырылмақта. Оларда имканияты шекленген шахслар ушын арнаўлы орынлар ҳәм қолайлықлар бар.
Сондай-ақ, көпшилик адамлар жумысқа, оқыўға ямаса басқа зәрүрлик себепли жеке автомобильлерде ҳәрекетленеди. Бул болса қала көшелеринде, әсиресе, сыйымлылығы аз жолларда тығылысларды келтирип шығарады. Бундай жағдайда автотранспорт басқарыўшылары өз мәплерин ойлап, жәмийетлик транспортқа жол бермейтуғын, нәтийжеде жолаўшылар баратуғын мәнзилине кешигиўге мәжбүр болатуғын еди. Бул болса өз-өзинен социаллық теңликке зыян келтирер еди.
Пайтахтта автобуслардың ҳәрекетин жақсылаў мақсетинде енгизилген "А" ленталы арнаўлы жоллар буған шешим болмақта. Ҳәзирги күнге шекем 25 көшеде усындай таспалы 74 километрлик жол шөлкемлестирилген. Бул жоллар арқалы автобуслар ўақтын үнемлемекте, пуқаралар болса мәнзилге өз ўақтында, қәўипсиз ҳәм қолайлы түрде жетип бармақта.
- "А" полосалы жолларда Ташкент қаласы ИИББ ЖҲҚБ тәрепинен тийисли жол-патруль хызмети хызметкерлеринен ибарат жумысшы топарлар шөлкемлестирилген, - дейди Ташкент қаласы ИИББ ЖҲҚБ мәлимлеме хызметиниң баслығы Қаҳрамон Худойберганов. - Олар тәрепинен "А" полосалы жоллар турақлы қадағалаўға алынған. Жол-патруль инспекторлары айырым ўақытлары жәмийетлик транспорт қуралларында да жүрип, автобуслар белгиленген лентада ямаса бәндиргиде узақ турып қалған болса, тийисли шараларды көрмекте.
"А" полосалы жоллардағы қатаң тәртип жәмийетлик транспорт ҳәрекетин үзликсиз ҳәм тез әмелге асырыўға хызмет етеди. Әсиресе, жумыс ўақтында жолаўшылардың мәнзилге өз ўақтында жетип барыўы мине усы тәртип интизамына байланыслы.
Бирден-бир системаға қарай исенимли қәдемлер
Бүгинги күнде тек ғана пайтахт емес, ал аймақларда да жәмийетлик транспорт раўажланып атырғаны жоқарыда атап өткенимиз социаллық теңликти тәмийинлеўге мүнәсип үлес қоспақта. "Қурғақ қасық аўыз жыртар," дейди. Сол себепли, пикиримизди санлар жәрдеминде таллаймыз. 2024-жылы аймақларға исбилерменлер тәрепинен 700 автобус ҳәм 530 дан аслам микроавтобус сатып алынған. 2025-жылдың биринши шерегинде болса аймақларға және 241 автобус ҳәм 133 микроавтобус алып келинди. 113 жаңа, соның ишинде, 56 автобус жөнелиси ашылды. Ўәлаят транспорт басқармаларында орайласқан диспетчерлик хызмети енгизилди. 48 жөнелис брутто шәртнамалар тийкарында хызмет көрсетиўге өтти. Бул сапа ҳәм қәўипсизликке тийкарғы әҳмийет берилген жаңа модель болды. Транспорт қурамының жаңаланыўы жолаўшыларға көрсетилип атырған хызмет сапасын жаңа басқышқа алып шықпақта.
- 2023-жылдан Ташкент қаласы менен биргеликте барлық ўәлаятларда брутто шәртнама системасы енгизиле басланды. Ҳәзирги күнде бул система барлық ўәлаятларда бираз болса да ислемекте, - дейди Транспорт министрлиги жойбарлаў офисиниң басшысы Муроджон Обидов. - Ески системада "Тошшаҳартрансхизмат" АЖға мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылатуғын еди ҳәм көрилген зыянларды қаплап бериў механизми ислейтуғын еди. Аймақларда болса бул механизм дерлик ислемеди. Ақыбетинде аймақларда автобус тасыўлары дерлик жоқ болып кеткен еди. Тек бир-еки қалада қалған еди. Кейинги жыллардағы өзгерислер себепли жәмийетлик транспорт, атап айтқанда, автобуста жолаўшы тасыў хызмети қайта тикленбекте. Бул тиклениўлер жолаўшы тасыўшы кәрханаларға өзиниң хызметин ўақтында орынлаў арқалы кепилленген қаржы алыў имканиятын бермекте.
Бурын аймақларда жәмийетлик транспорт системасының раўажланбағанына және бир себеп - тасыўлардың сапасын белгилейтуғын механизм жоқ еди. Тек лицензия бар еди. Егер лицензия тоқтатып қойылса, халық улыўма мәнзилине жете алмай қалып кетер еди. Ҳәзирги күнде бул процести финанслық тәрепке бурыў арқалы тәсир етиў имканияты пайда болды. Яғный аймақларда да Ташкент тәжирийбеси басқышпа-басқыш енгизилмекте. Кейинги басқышларда аўыллардан район орайларына шекем, район орайларынан ўәлаят орайларына шекемги барлық аймақлар бирден-бир басқарылатуғын система тийкарында қамтып алынады.
Самарқанд, Хийўа, Бухара, Үргенш сыяқлы әййемги қалаларымыз бүгинги күнде де тарийхый ҳәм мәдений мийрасы менен сырт еллилерди таң қалдырмақта. Туризмниң жоқары сапада раўажланыўы ушын болса, биринши гезекте, транспорт системасы модернизацияланыўы керек. Сол себепли, бул қалаларда, улыўма, республикамыздың басқа қалаларында да жәмийетлик транспорт хызметлери қолайласып бармақта.
Жәмийетлик транспорттың нәтийжели жумысы қала экономикасы ушын жүдә пайдалы. Ол жеке автомобильлерден пайдаланыў зәрүрлигин азайтады. Электрон төлем системалары болса финанслық ашық-айдынлықты тәмийинлеп, нәтийжелиликти арттырады.
Буннан тысқары, жаңа жумыс орынларын жаратыў, логистиканы раўажландырыў ҳәм қалалардың тартымлылығын арттырыўда да тармақтың әҳмийети үлкен. Ол көп жағдайларда жергиликли ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўда унамлы рол атқарады.
Жаңа автобуслар, электрон төлем системасы, "А" категориялы коридорлар, брутто шәртнамалар тийкарында хызмет көрсетиў сапасын пүткиллей жаңа басқышқа алып шықпақта. Соған қарамастан, жолларда елеге шекем тығылыслар, жол-транспорт ҳәдийселери бақланбақта.
Бул машқаланы тек ғана транспорт қуралларын көбейтиў ямаса жолларды кеңейтиў арқалы сапластырып болмайды. Мәселениң екинши, көп жағдайларда итибардан шетте қалып атырған тәрепи бар - бул ўақытты нәтийжели шөлкемлестириў мәселеси болып табылады. Айтайық, Ташкент қаласындағы көпшилик мийнет жәмәәтлери ҳәм студентлердиң күнлик режими бир ўақытта - саат 9:00 де басланады. Бул болса халықтың бир ўақытта транспортқа шығыўына тийкарғы себеп болып есапланады. Нәтийжеде жүзлеген автобус, мыңлаған автомашина ҳәм адамлар бир ўақыттың өзинде жолға шығады. Бул болса тек ғана техникалық емес, шөлкемлестириў машқаласы болып табылады.
Кейинги ўақытларда бул машқаланы жумсартыў мақсетинде Ташкентте студентлер ушын сабақлардың басланыў ўақтын кешиктирип шөлкемлестириўге ҳәрекет етилмекте. Бирақ бул да анық шешим емес екенлиги белгили болмақта.
Дүнья тәжирийбесинде ўақыт режимине нәтийжелиликтиң тийкарғы факторларынан бири сыпатында қарайды. Мәселен, Европаның айырым мәмлекетлеринде жазғы ҳәм қысқы ўақыт системалары әмелде. Бул тәртипте жаз мәўсиминде қуяш ерте шығыўы себепли жумыс саатлары да ертерек белгиленеди. Усындай шараятта айырым тараўларда жумыс ўақты бир неше саат алдын басланады. Нәтийжеде транспорт ағымы тығызлығы бираз болса да сапластырылады. Бул тек ғана тығылысты азайтып қоймастан, ал жумыс өнимдарлығы ҳәм ўақыттан нәтийжели пайдаланыўға да хызмет етеди.
Өзбекстанда да усындай системаны енгизиў ҳаққында ойлап көриў ўақты келди. Айырым мәмлекетлик уйымлар, билимлендириў мәкемелери ҳәм ири жеке меншик сектор ўәкиллерине ўақытты теңлестирген ҳалда жумыс шөлкемлестириў усыныс етилиўи мүмкин. Мәселен, биреў жумысты 8:00 де басласа, басқалар 9:00 де, және бир бөлим 10:00 де иске түссе, транспортқа басым тәбийғый түрде азаяды. Бул усыл арқалы транспорттағы жедел ҳәрекет тек ғана азанғы еки саат ишинде емес, ал 3-4 саат даўамында бир қәлипте болыўына ерисиў мүмкин. Бундай қатнас тек ғана тығылысты азайтып қоймастан, ал қала инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланыўға тийкар жаратады.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы