Айырым аймақларда болса байрам илажлары, концерт ҳәм мәдений бағдарламалар шөлкемлестирилди. Тийкарғысы, адамлар биргеликте алға қойған жойбарларының нәтийжесин де аўызбиршиликте белгилемекте. Неге дегенде, нақ бир ярым ай даўамында қатнасыўшылар бирден-бир мақсет әтирапында бирлесип, өз аймағындағы социаллық машқаланың шешими ушын ҳәрекет етти.
Әдеттегидей процесстиң ҳәр бир басқышы қызғын өтти. Дәслеп 15-июль - 3-август күнлери жойбар киргизиў басқышы болып өтти. Мағлыўматларға бола, бул басқышқа жәми 23 мың 551 жойбар келип түскен болып, олар 18-августқа шекем даўам еткен таңлаў басқышына өткерилген. Жойбардың үгит-нәсиятлаў басқышы болса 19-21-август күнлери болып өтти. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматына бола, "Басламалы бюджет"тиң быйылғы екинши мәўсиминде келип түскен жойбарлардың 20 мың 254 и даўыс бериў басқышына өткерилген.
Жойбардың тийкарғы ҳәм күтилген даўыс бериў басқышы 22-августта басланып, 31-августта жуўмақланды. Ўатанласларымыз дәслепки минутлардан-ақ арнаўлы интернет платформалары арқалы даўыс бериўге кирисип кетти. Ақырғы минутларға шекем белсендилик даўам етти. Даўыс бериў процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын болса "Ашық бюджет" мәлимлеме порталында жаңа функция - даўыс бериўшилер портрети де иске қосылды. Онда даўыс берген пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматлар, атап айтқанда, даўыс бериўшиниң жынысы, жасы, аймағы ҳәм қайсы байланыс операторының абоненти екенин көриў имканияты жаратылды. Сол арқалы барлық даўыс "Бир пуқара - бир даўыс" принципи тийкарында тийисли тексериўден өткерилгеннен соң қабыл етилген.
Мағлыўматларға бола, процессте мәмлекетимиз бойынша 10 миллион 124 мың даўыс берилип, жуўмақлаўшы нәтийжелер бойынша баҳасы 3,1 триллион сумға тең 2195 жойбар жеңимпаз деп табылды.
- Соннан 2059ы дәстүрий, 136 сы болса шериклик жойбарлары, - дейди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бөлим баслығы Азимжон Ҳасанов. - "Басламалы бюджет"тиң өткен мәўсиминен баслап жойбарларды халық ҳәм мәмлекет арасында шериклик тийкарында қаржыландырыў механизми жолға қойылған. Халық тәрепинен 50 процент бөлеги қаржыландырылған жойбарлар автоматикалық жеңимпаз деп табылып, қалған бөлеги мәмлекет тәрепинен төлеп берилетуғыны белгиленген еди. Баслама баҳасының белгиленген бөлеги халық, исбилерменлер ҳәм қәўендерлердиң ықтыярый қаржысы есабынан қәлиплестириледи. Қаржы арнаўлы есап бетке өткерилгеннен соң, шериклик жойбары даўыс бериў процесинде қатнаспастан жеңимпаз деп табылады. Бирақ бул пүткиллей ықтыярый процесс болып, мәжбүрий қатнасыў ҳәм пул жыйнаўға жол қойылмайды. Әмелият жақында жолға қойылғанына қарамастан, қызығыўшылар көп болды. Өткен мәўсимде 16 шериклик жойбары жеңимпаз деп табылған болса, бул рет олардың саны 136 ға жетти.
Соның ишинде, Хорезм ўәлаяты Қўшкөпир районы Илгалди мәҳәллесинде көше шырақларын орнатыў ҳәм оңлаў, Қашқадәрья ўәлаяты Яккабоғ районы Кенгузар мәҳәллеси Чагатай аўылына 1 трансформатор ҳәм бетон бағаналар алыў, Наманган ўәлаяты Тўрақўрғон районы "Шарқ" МПЖдағы Уллы келешек көшесиниң 240 метр бөлегин асфальтлаў сыяқлы басламалар алға қойылған. Бул жумыслар баҳасының 50 процентин халық қаржыландырылған. Сол себепли, олар мүддетинен алдын жеңимпаз деп табылған ҳәм даўыс бериў процесине зәрүрлик қалмаған. Баслама баҳасының қалған бөлеги мәмлекетлик бюджеттен қапланады.
Дәстүрий даўыс бериў басқышының жуўмағына бола, бағдарлар бойынша ең көп жеңимпаз болған жойбарлар ишки жолларды оңлаў (1022), улыўма билим бериў мектеплерин (476) ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерин оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын раўажландырыў (173) мәселелерине байланыслы. Аймақлар кесиминде Қашқадәрья ўәлаяты Чироқчи районынан Мушарраф Шарипов алға қойған баслама ең көп - 22 мың 602 даўыс жыйнады. Оған тийкарланып, Ифтихор мәҳәллесиндеги Лангар 3-4-5-6-көшелериниң 3000 метр аралықтағы ишки жолын асфальтлаў ушын мәмлекетлик бюджеттен 1,6 миллиард сум ажыратылады.
Жойбардың ең кем - 51 даўыс пенен жеңимпаз болған басламасы Наўайы ўәлаяты Наўайы қаласынан алға қойылған болып, онда Зиёкор мәҳәллесиндеги үйлер жанындағы балалар ойын майданын оңлаў зәрүр екенлиги көрсетилген. Бул жойбарды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик бюджеттен 150 миллион сум ажыратылады. Бул еле толық жуўмақлаўшы санлар емес. Усы жылы 1-10-сентябрь күнлери жойбардың қосымша жеңимпазларын жәриялаў басқышы да болып өтеди.
Процесс қадағалаўда
Басламасы қағазда қалмайтуғыны, әлбетте, әмелиятқа енгизилетуғынына адамлардың исеними кәмил болып атырғаны ушын да жойбар халық арасында ғалаба ен жаймақта. Жуўапкерлердиң түсиндириўинше, "Басламалы бюджет"те жеңимпаз деп табылған жойбар даўыс бериў басқышы жуўмақланыўы менен дәрҳал әмелге аспайды. Дәслеп нызамшылықта белгиленген финанслық, шөлкемлестириў ҳәм сатып алыў процесинен өткериледи. Жеңимпаз жойбарлар жәрияланғаннан соң, 7 күн ишинде қаржыландырыў бойынша қарар жойбары тийисли халық депутатлары районлық (қалалық) кеңесине киргизиледи ҳәм ҳәр бир жойбар бойынша қаржыландырыў суммасы тастыйықланады. Буннан кейин қаржы есап бетлерине өткерилип, сатып алыў процеси шөлкемлестириледи. Кейин жойбарлаў-смета ҳүжжетлери таярланып, жумысты бөлип алып ислеўши таңланады ҳәм жойбарды әмелге асырыўға кириседи.
Усының менен процесс тамамланбайды. Жойбарлар пайдаланыўға тапсырылғанға шекем жуўапкерлер қадағалаўында болады. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматына бола, июль айының жуўмақлары бойынша "Басламалы бюджет" шеңберинде қурылыс-оңлаў жумыслары даўам етип атырған 2165 жойбарда көшпели мониторинг өткерилген. Ҳәзирги ўақытта жойбардың алдынғы мәўсимлеринде жеңимпаз деп табылған 257 жойбар бойынша жумыслар жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылған.
Қалаберди, процессти ўатанласларымыздың өзи де қадағалаўы мүмкин. "Ашық бюджет" порталындағы ҳәр бир жойбар бетинде өткерилген мониторинглерде атап өтилген жағдайлар, соның ишинде, ҳәр бир жойбардың әмелдеги жағдайы ҳәм фотосүўретлери менен танысыў имканияты бар.
Ҳәзирги күнлерде жойбардың алдынғы мәўсимлериндеги жеңимпаз басламалар бойынша аймақларда жумыслар жедел даўам етпекте. Қашқадәрья ўәлаяты Қамаши районы Ёртепа мәҳәллесиндеги 3,7 километрден аслам ишки жол асфальтланып атырған болса, Ташкент қаласы Янгиҳаёт районындағы 3-мектеп имараты ҳәм футбол стадионы әтирапы қоршаў менен оралып, түнги жақтыландырғышлар орнатылды. Сондай-ақ, усы райондағы 72-шаңарақлық поликлиника да заманагөй үскенелер менен тәмийинленди.
Жойбардың ҳәр бир мәўсиминде бир қатар жаңалықлар алға қойылмақта. Қатнасыў бойынша айырым мәҳәллелерге тәнепис бериў әмелияты усылар қатарына киреди. Гәп сонда, избе-из еки мәўсимде жеңимпаз болған мәҳәллелер жойбардың гезектеги мәўсиминде қатнаса алмайды. Бирақ бул мәҳәллелердеги пуқаралар өзине жақын ямаса қоңсы мәҳәллениң жойбарларын қоллап-қуўатлаўы мүмкин. Усы тәртипке бола, "Басламалы бюджет"тиң быйылғы екинши мәўсиминде 1128 мәҳәллеге тәнепис берилип, олардың дизими жойбар алдында жәрияланды. Бирақ бул биреўлердиң жойбарда қатнасыўын шеклеў емес, ал ҳәммеге тең имканият жаратыў болып табылады. Мәселен, Ферғана ўәлаятының Ферғана қаласында айырым жойбарлар ишки комиссия тәрепинен тийкарсыз түрде бийкарланғаны себепли, олардың даўыс бериў басқышында қатнасыўы ўақтынша шекленген еди. Буннан соң Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң талабына бола ишки комиссия тәрепинен жойбарлар белгиленген нормаларға тийкарланып қайта көрип шығылғаннан соң, аймақта даўыс бериў басқышы толық тикленген.
Бул да "Басламалы бюджет" халықтың мәплерине хызмет етип атырған, ҳақыйқый улыўмамиллий жойбарға айланғанының дәлили.
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы