Ушырасыўда Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевтиң ең жақсы сәлемин жеткерди.
"Бүгин Ашхабадта Түркменстан Президенти Уллы Мәртебели Мырза Сердар Бердимуҳамедов тәрепинен қабыл етилгенимизден қуўанышлымыз. Мәмлекетлеримиз басшылары арасындағы беккем дослық ҳәм өз-ара исеним Өзбекстан-Түркменстан стратегиялық шериклигин барлық тараўларда тереңлестириў, бирге ислесиў ҳәм абаданлықты және де турақластырыўда беккем сүЙениш болып хызмет етпекте", - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.