Ушырасыўда усы жылдың май айында Самарқандта болып өтетуғын "Буғаз бирге ислесиў кеңеси - Орайлық Азия" стратегиялық сөйлесиўи Мәмлекет басшылары саммитине таярлықты көриў додаланды.
"Өзбекстан ҳәм Оман терең тарийхый мийрасқа ийе болып, ислам цивилизациясына үлкен үлес қосқан. Биз барлық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў тәрепдарымыз. Бүгин бирге ислесиўимизди және де раўажландырыў ҳәм байланысларымызды жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған бир қатар басламалар бойынша пикир алыстық", - дейди СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.