Өзим де ҳәзир ерискен дәрежеге көбирек хызмет етсем, және 10 жылдан соң ерисемен, деп ойлайтуғын едим. Себеби хызмет көрсеткен артистлердиң көпшилиги 30-35, улыўма орта жаста бул атаққа ийе болған. Президентимиздиң "Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист" ҳүрметли атағын бериў ҳаққындағы пәрманы мине усы мәнисте мени қатты толқынландырды.

Жетискенликлерге ерисип атырған жаслар мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында екенин және бир мәрте исендим. Қуўаныштан көзиме жас келди. Хошхабарды еситкен жүрегим толқынланыўын, шексиз қуўанышымды болса сөз бенен көрсетиў қыйын.

Мәмлекетимизде опера көркем өнерине қаратылып атырған итибардан оғада миннетдарман. Негизинде, усы ўақытқа шекем қолға киргизген табысларымның тийкарында мәмлекетимиздеги кең көлемли реформалар, жасларды қоллап-қуўатлаўға болған итибар турғанын айтып өткенмен. Дурыс, перзент камалында шаңарақ орталығы бирлемши орын ийелейди. Бирақ бала жәмийетке қосыла баслағаннан соң, сыртқы тәсирлер де оның қәлиплесиўинде әҳмийетли рол атқарады екен.

Әкемниң өзи көркем өнер, фольклор, мақам жолларында дөретиўшилик еткенлиги ушын мени Хийўадағы 5-балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине алып барды. Оның менен бирге жүрип, дәп шертиўимди жүдә қәлейтуғын еди. Усы тәризде көркем өнерге дәслепки қәдемди дәп шертиў менен басладым. Музыка мектебинде ритмди үйренген болсам да, даўыс имканиятымды да билиўди, әкем менен қосық айтыўды қәлер едим. Соның ушын да колледжде үш жыл даўыслы режиссёрлық бағдарында оқыдым. Қосық айтар екенмен, өзимде операға бейимлилик бар екенлигин сездим.

Усы бағдарда қәбилетимди сынап көриў қәлеўи көркем өнердиң бул түрине қызығыўшылық оятты. 2018-жылы Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясына ҳүжжет тапсырдым. Кешегидей есимде. Имтихан шәрти бойынша, 3-4 ария, романс айтып шығып кетиўим, устазлар өз-ара келисилген ҳалда атқарыўымды баҳалаўы керек. Бирақ менде басқаша болды. Шәртти тамамлап, енди кетпекши болып едим, "Атабек, даўысыңыздың диапазонын еситип көрсек болмай ма, даўысыңыз басқаша екен", деп тоқтатты. Пианинода төменги нотамнан ең жоқары пердеге шекем көрсетип бердим. Имтихан алыўшы устаздан "Раҳмет, балам" деген мақтаўын еситип, қуўандым. Студент болғаннан кейин қуўанышым және де артып кетти. Үлкен сахналарға шыға басладым.

Өз алдына айтыўым керек, операдағы табысларымда устазым - профессор Галина Муҳамедованың мийнети шексиз. Себеби студентликтиң дәслепки ўақытларынан ҳәзирги күнге шекем устазым менен ана-бала сыяқлы ислеп келмектемиз. Әсиресе, шығармалар таңлаў үстинде көп изленемиз. Излениўлеримиздиң нәтийжеси быйыл Бозатаў фестивалында айқын көзге тасланды. 23-30 жас категориясы бойынша опера бағдарында 1-орынды қолға киргиздим. Атқарыўым жәмәәт ағзаларына оғада мақул болғанын белгили устазлар атқарыў усылым, сес имканиятыма ҳеш қандай наразылық билдирмегенинен билдим. Кемшиликлеримди сорасам, ҳәммеси жақсы, деп жуўап берди. Сахнада болғанымда өзимди ария ишиндеги қаҳарман сыяқлы сезиниўиме, қарсыласлардан қорықпаўыма, керисинше, олардан күш алыўыма жәрдем берди. Негизинде көплеген мәмлекетлик илажларда қатнасқанман. Байрағымызды көркем өнерим арқалы бәлент көтерсем деймен. Себеби, бүгин өз үстинде көп ислеген, заман талабы, жаңа шараятларға сәйкес изленип атырған жасларға барлық есиклер ашық. Буны тек ғана Бозатаў фестивалында шетки аўыллардағы, ҳеш ким танымайтуғын жаслар да бирден үлкен сахнаға шығып, жеңимпазлыққа ерисип атырғанынан билиў мүмкин. Себеби, тән алыў керек, бурын бундай болмаған.

Сырт еллерде көркем өнеримизди үгит-нәсиятлаў да алдын оғада қыйын болғанын устазлар айтады. Ҳәзир болса қәлеген мәмлекетке ҳеш қандай тосқынлықсыз, керисинше, қоллап-қуўатлаў менен барып, таңлаўларда қатнаспақтамыз. Әсиресе, өзим Россияда көп боламан. Жеке концертлерим болды. Парижде, Грузияда, Ҳиндстанда, Араб Әмирликлеринде болдық. Турақлы түрде "Мир романса" фестивалында қатнасаман. Булардың барлығы елимизде биз жасларға, көркем өнер ҳәм мәдениятқа көрсетилип атырған итибардың нәтийжеси, деп билемен.

2024-жылғы жетискенликлеримниң және бири ҳәр төрт жылда бир мәрте болып өтетуғын Глинка таңлаўында 1-орынды ийелегеним болды. Бул жеңис елимиз тарийхында биринши болғанын еситкенимде оғада қуўандым.

Жақында Қазақстанда болып өтетуғын және бир абырайлы халықаралық фестивалға болса күтилмегенде мирәт етти. Жүдә үлкен ролдиң орынланыўына қысқа мүддетте, асығыс түрде кирисиў бираз қыйыншылық туўдырады. Әдетте олар өзлеринде жоқары ноталы тенорлар аз болғанлығы ушын қоңсы мәмлекетлерден операшыларды мирәт етеди. Қысқасы, усынысқа бола, мен операдан Сабининниң ариясын атқарыўым керек. Жақын 30 жылда оларда усы операны нормаға жеткерген операшы болмаған екен. "Егер саған исенсек, ислейсең бе?" - деди. Бул арияны билетуғынымды айтып, фестивалда қатнасыўға келисим бердим. Бир ярым айдан бери устазым менен шын кеўилден ислеп атырмыз. Ҳәммесин толық ядлап болдым. Усы жерде опера қосықшылары ушын есте сақлаў қәбилети үлкен рол ойнайтуғынлығын айтпақшыман. Тек сөз емес, ритмлерди еслеп қалыў, қай жерде қандай динамикалар бар, биреўин умытпаў керек. Бир операда мыңлап киши деталлар ушырасады. Усы мәнисте болажақ опера хызметкерлерине де өзи атқарып атырған шығарманы толық сезинип, мазмунын түсинип айтса, әлбетте, ядында сақланып қалатуғынын, табысқа ерисетуғынын айтпақшыман.

Несип етсе, маған билдирилген исеним, тән алыўға жуўап ретинде, бәринен бурын, мәмлекетлик симфониялық оркестр менен өзимниң концертимди өткериў нийетиндемен. Қалаберсе, опера бағдарында тап романсларға уқсас авторлық шығармаларымды жаратпақшыман. Бул арқалы өзбек классикасына аз болса да үлес қоса алсам, өзимди бахытлы деп есаплайман. Әҳмийетлиси, пәрманда айтылғанындай, халықаралық дөретиўшилик байланысларды беккемлеў, өзим сыяқлы жаслардың көркем өнерге қызығыўшылығын арттырыўда руўхландырыўшы нәтийжелерге ериссем, мәмлекетимиз басшысы билдирген жоқары исенимди ақлайман.

Отабек НАЗИРОВ,

Өзбекстан мәмлекетлик симфониялық оркестри қосықшысы,

Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен артист