Бул принцип инсанның өмирден разы болып, мүнәсип ҳәм абадан жасаўын тәмийинлеўге қаратылған барлық реформалардың идеялық өзеги сыпатында көзге тасланбақта. Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысы алға қойған 6 стратегиялық тийкарғы бағдар инсан қәдирин арттырыўға қаратылған бирден-бир, өз-ара байланыслы ҳәм бир-бирин толықтыратуғын системаны шөлкемлестирип, реформалардың избе-излигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўдиң ең нәтийжели жолы билимлендириў екени Мүрәжатта және бир мәрте қатаң атап өтилди. Себеби жасларға мақсетли ҳәм сапалы тәлим-тәрбия бермей, миллий ой-пикирди реформа етпей турып, экономика, санаат ямаса социаллық тараўды турақлы раўажландырыў мүмкин емес. Бул ҳақыйқатты жадид бабаларымыз да жүректен аңлаған. Олар миллий ғәрезсизлик ҳәм раўажланыўға ағартыўшылық, заманагөй илим-өнер ҳәм турақлы билимлендириў арқалы ерисиўге исенген. "Миллеттиң раўажланыўы оның дәслеп турақлы мектеплеринен басланады" деген принцип жадид ағартыўшыларының турмыслық исенимине айланғаны бийкарға емес.
Жаңа Өзбекстан ҳәм Үшинши Ренессансты қурыў жолында тәлим-тәрбия ҳәм илим тараўларын жетилистириў шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Абдурауф Фитраттың "Жәрдем жолы" шығармасында айтылған пикир бүгин де әҳмийетин жоғалтпаған: "Балалар суўға уқсайды, суў ыдыстың формасын алған сыяқлы, балалар да орталықтың әдеп-икрамлылығын қабыл етеди". Демек, қандай орталық жаратсақ, қандай билим берсек, келешек те сондай болады.
Мүрәжатта айрықша атап өтилген және бир әҳмийетли мәселе кәсиплерди раўажландырыў ҳәм жаңа мийнет базары архитектурасын жаратыў болып табылады. Бүгин дүньяда санластырыў, жасалма интеллект ҳәм алдынғы технологиялар тәсиринде мийнет қатнасықлары, жумыс орынларының формасы ҳәм мазмуны түп-тийкарынан өзгермекте. Жақын жылларда көплеген дәстүрий кәсиплер автоматластырылыўы, ҳәзирги ўақытта болса пүткиллей жаңа көнликпе ҳәм компетенцияларға талап артыўы күтилмекте. Сонлықтан, мәмлекеттиң мийнет базары кәсип, маманлық, технология ҳәм билимлендириўди өз-ара үйлестирген бирден-бир система сыпатында ислеўи зәрүрлиги стратегиялық ўазыйпа сыпатында ортаға шықпақта.
Бул қатнастың илимий-әмелий тийкарлары халықаралық статистикалық мағлыўматларда да айқын көринеди. Атап айтқанда, БМШ мағлыўматларына бола, инсанның мектепте оқыған ҳәр бир қосымша жылы келешектеги дәраматын орташа 7 процентке арттырады. Билимлендириў экономикалық раўажланыўдың тийкарғы драйвери болыўы менен бирге, халықтың саламатлығын жақсылаў, жынаятшылықтың азайыўы, социаллық белсендиликтиң артыўына да унамлы тәсир көрсетеди. Ҳәзир раўажланып атырған мәмлекетлерде баслаўыш билимлендириўге қамтып алыў 91 процентке жеткени оқытыў тараўындағы реформалар глобал әҳмийетке ийе болып атырғанын көрсетеди.
Соның менен бирге, еле ислейтуғын жумысымыз көп. Билимлендириў социаллық әдиллик, саламат әўлад ҳәм турақлы раўажланыўдың шешиўши факторы, Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, "өмир-өлим мәселеси" болып есапланады.
Сырт ел тәжирийбеси де бул пикирди тастыйықлайды. Қубла Корея ҳәм Сингапур сыяқлы мәмлекетлер билимлендириў ҳәм инсан капиталына бағдарланған избе-из инвестициялар арқалы қысқа тарийхый дәўирде инновациялық экономикаға ийе, бәсекиге шыдамлы ҳәм турақлы раўажланып атырған мәмлекетлерге - "Азия жолбарыслары"на айланды. Бул тәжирийбе билимлендириўге инвестиция қәрежет емес, ал миллет келешегине киргизилген ең нәтийжели инвестиция екенин көрсетеди. Усы мәнисте Мүрәжатта билимлендириў, кәсиплик таярлаў ҳәм жаңа мийнет базарына қаратылған реформалар жаңа Өзбекстанның раўажланыўының беккем тийкары сыпатында көринбекте.
Жаслардың таланты, қызығыўшылығы ҳәм қәбилетин өз ўақтында анықлап, усы тийкарда 7-9-класстан кәсипке бағдарлаў, өз гезегинде, кәсиплик қызығыўшылықты қәлиплестириў ҳәм саналы таңлаў имканиятын бериўге хызмет етеди. Бул болса билимлендириўди реал мийнет базары менен байланыстырыў, дегени.
Техникумларды раўажландырыўға қаратылған реформалардың мәниси де усыған байланыслы. Президентимиз техникумларды экономиканы ҳәрекетке келтиретуғын, өндирис пенен тиккелей байланысқан таяныш буўын сыпатында көрмекте. Буның ушын 2026-жылдан баслап, ҳәр жылы кеминде 100 ден техникумды толық оңлап, технологиялық ҳәм талап жоқары кәсиплерге сәйкес етип үскенелеў мақсет етип алынды.
"Жоқары кәсиплик шеберлик техникумлары" ҳәм "Кәсиплер қалашасы" идеясы болса билимлендириў философиясындағы және бир әҳмийетли бурылысты сәўлелендиреди. Бул баслама арқалы кәсип таңлаў тәжирийбеси өсип киятырған жаслар қурылыс, сервис, аўыл хожалығы ямаса "жасыл" энергетикада өзин сынап көрип, кәсипти саналы түрде таңлаўында әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарады.
Президентимиз атап өткен "дуал билимлендириў" системасы мазмун-мәниси жағынан терең социаллық-экономикалық мәниске ийе. Оқытыў менен өндиристи бирлестирген бул модель жаслардың мийнет базарына бейимлесиўин тезлестиреди, жумыс бериўши менен питкериўши арасында исенимли көпир жаратады. Тийкарғысы, студент теориядан да, әмелияттан да үзилмейди. Яғный теория ҳәм әмелияттың үнлеслиги тәмийинленеди. Бүгин мыңлаған жаслардың оқыў менен бир ўақытта дәрамат таўып атырғаны бул системаның турмыслы екенлигин дәлиллеп тур.
Бүгин автомобиль қурылысы, "жасыл" энергетика, қурылыс, транспорт, тоқымашылық, аўыл хожалығы, туризм, сервис ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында 70 мыңға шамалас жигит-қыз дуал билимлендириў тийкарында оқыў менен бир ўақытта пул ислеп атыр. Бул системаны және де кеңейтиў мақсетинде техникумлар ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы бирге ислесиў қоллап-қуўатланып, дуал билимлендириўди нәтийжели енгизген кәрханаларға жеңиллетилген кредитлер, салық жеңилликлери бериў ҳәм хошаметлеўши механизмлерди қолланыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, 2026-жылдан баслап техникумларда билим алып атырған 100 мың оқыўшыға стипендия бериў тәртиби енгизилип, жоқары нәтийжеге ерискенлер қосымша хошаметленеди. Бул болса кәсиплик билимлендириўге қызығыўшылықты және де арттырыўға хызмет етеди.
Дуал билимлендириў арқалы алынған билим теория ҳәм әмелият үнлеслигине тийкарланғаны ушын жас қәниге мийнет базарына таяр ҳалда киреди, яғный қайта оқытыўға талап азаяды, өндирис нәтийжелилиги болса тезирек артады.
Басқа тәрептен, бул система социаллық турақлылық ҳәм әдилликти күшейтеди. Жаслар оқыў дәўиринде-ақ мийнет етип, нызамлы дәрамат табыў арқалы социаллық қорғаўға ийе болады, жумыссызлық ҳәм рәсмий емес мийнет қәўпи азаяды. Жумыс бериўшилер билимлендириў процесине тиккелей тартылғаны себепли кадрлар таярлаў экономика талапларына бейимлеседи.
Мәмлекетимиз басшысының усы жылғы тийисли пәрманы тийкарында юридикалық билимлендириў ўақтының ярымын әмелиятта өтеў тәртибиниң белгилениўи елимизде юридикалық кадрлар таярлаў системасының түпкиликли бурылыс ноқаты болды. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет жас қәнигени турмысқа таярлаў, яғный тек ғана ҳуқықый билим бериў емес, ал машқаланы көре билиў, таллаў, әдиллик нормаларын аңлаў ҳәм инсан тәғдири ушын жуўапкершилик сезимин қәлиплестириўге қаратылған. Усы мәнисте, дуал билимлендириў - кәсип арқалы шахсты тәрбиялаў, десек, ҳеш қандай асыра айтқан болмаймыз.
Жоқары билимлендириў тараўындағы халықаралық бирге ислесиўге байланыслы қарарлар да Президентимиздиң стратегиялық басламаларының халықшыл екенлигин көрсетеди. Жиззақ политехника институтының абырайлы сырт ел университети басқарыўына берилиўи ямаса Япония менен биргеликте жаңа ЖОО шөлкемлестирилиўи жергиликли билимлендириўди глобал илим мәканына алып шығыўға қаратылған стратегиялық көзқарас болып есапланады.
Бул болса, өз гезегинде, миллий жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларының заманагөй талаплар тийкарында жетилистирилиўи, профессор-оқытыўшылардың потенциалының артыўы ҳәм илимий изертлеўлердиң халықаралық стандартларға бейимлесиўин тәмийинлейди. Қысқасы, миллий жоқары билимлендириўди "жергиликли таярлаўшы"дан "глобаллық қун жаратыўшы" системаға айландырады.
Ҳәзир раўажланған мәмлекетлер ЖИӨниң 50-70 процентине жаңа технологиялардан пайдаланыў арқалы ерисип атырғанының өзи барлық тараўды санластырыўдың әҳмийетин көрсетип тур.
Изертлеўлер санлы XXI әсирде келешекте кәсип ҳәм қәнигеликлердиң 80 проценти тиккелей STEАM пәнлери ҳәм ең жаңа технологиялар менен байланыслы болатуғынын көрсетпекте.
Алдынғы, раўажланған мәмлекетлерде илимий-изертлеў институтлары инновацияларды коммерцияластырыў бағдарында ири корпорацияларға бәсекиге шыдамлы болыўға умтылмақта. Мысал ушын, Германияның "Вольксфаген" концерни инновацияға дүньяның абырайлы илимий орайларынан бири - Гарвард университетиниң улыўма финанслық активлери муғдарында, яғный 13,5 миллиард жумсаған.
Соның менен бирге, питкериўшилер ҳәм жумыс бериўшилерди байланыстыратуғын санлы экосистема да оғада үлкен әҳмийетке ийе. Бул қатнас арқалы студентлер өз қәбилети ҳәм академиялық нәтийжесине сәйкес жумысты тез табады, кәрханалар болса маман кадрларды анық ҳәм ашық-айдын механизм арқалы тартады. Әлбетте, бундай комплексли қатнас кадрлар ағымын оптималластырыў, жумыссызлықты қысқартыў ҳәм инсан капиталынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлейтуғын турақлы институционаллық шешим сыпатында баҳаланады.
Сонлықтан, усы жылы Өзбекстанда шөлкемлестирилетуғын технопарк, киши санаат зоналары, аймақлық кластер ҳәм логистика орайларының илимий-изертлеў орайлары менен интеграциясын раўажландырыў илимий жәмийетшилик алдындағы әҳмийетли ўазыйпалардан.
Президентимиз билимлендириўди ҳуқықый мәмлекет ҳәм әдил жәмийет қурыўдың ең исенимли жолы сыпатында белгилегени быйылғы Мүрәжатында және бир мәрте айқын көринди. Бул көз-қарас билимлендириў системасын экономиканың талаплары менен тиккелей үйлескен, турмысқа жақын ҳәм нәтийжели механизм сыпатында қайта шөлкемлестириўди нәзерде тутады. Нәтийжеде жаслар теориялық билим менен шекленип қалмастан, реал тәжирийбе ҳәм кәсип ийелеўге бағдарланады, мийнет базары болса заман талапларына сай ҳәм турақлы түрде қәлиплеседи.
Ихтиёр БЕКОВ,
юридика илимлери докторы, профессор