Магистрлик бахытына миясар болған, жүзинде қуўаныш, шүкиршилик ҳәм келешекке үмит балқыған ҳаял-қызлардың ең жақсы сезимлерине гүўа болмақтамыз. Буны тек ғана әпиўайы имтиханнан өтиў қуўанышы деп атаў азлық етеди. Бул өз арзыў-нийетлериниң әмелге асыўына, илим шыңларын ийелеў имканиятына ийе, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң жоқары итибарын шын кеўилден сезген кеўиллердиң қуўанышы болып есапланады. Олардың грант ямаса төлемли-шәртнама тийкарында оқыўға кирген-кирмегенлиги енди әҳмийетли емес. Себеби жаңа Өзбекстанда илимге умтылған ҳәр бир ҳаял-қыз мәмлекетимиздиң беккем қорғаўында. Төлемли-шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етилген магистрант ҳаял-қызлардың шәртнама пулы мәмлекет тәрепинен толық қаплап берилиўи мине усы қорғаўдың ең айқын ҳәм әмелий көринислеринен бири болып есапланады.

Кейинги жылларда бундай ийгиликли жумыслар ҳәм унамлы өзгерислер турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып, биз ушын әпиўайы жағдай сыяқлы сезиле баслады. Бирақ бир майдан тоқтап, пикир жүргизип көрейик: бул "әдеттегилик" артында қаншелли уллы мақсетлер, қаншелли терең ойланған, адамгершиликли сиясат жәмленген?! Бүгин биз көрип атырған көринис тек ғана қарар ямаса пәрманның орынланыўы емес, ал пүткил миллеттиң руўхый келбетин өзгертип атырған, ҳаял-қызларға, аналарға, апа-қарындасларымызға мүнәсибетти түп-тийкарынан жаңалап атырған ҳәм жәмийеттиң санасында өзгерис жасап атырған тарийхый ҳәдийсе болып есапланады. Мәмлекет тәрепинен ҳаял-қызлардың ийнинен таўдай жүктиң алыныўы, олардың билим алыўы ушын барлық шараят жаратылыўы шын мәнисинде адамгершилик үлгиси болып есапланады. Айтыңшы, ҳаял-қызлардың билимли болыўына сонша үлкен инвестиция киргизип атырған, итибар қаратып атырған бундай уллылық және қайсы мәмлекетте бар?!

Бүгинги сиясаттың қәдирин толық аңлаў ушын жақын өтмишке нәзер таслаўдың өзи жетерли. Еске алайық, бурын жағдай қандай еди? Қыз баланың жоқары мағлыўматлы болыўы, әсиресе, илимий дәреже алыўы көп шаңарақ ушын артықша тәшўиш, ҳәттеки жүк сыпатында қабыл етилетуғын еди. "Қыз бала оқып қала алып береме?", "Ертең биреўдиң ҳаялы, палахпан тасы", "Дипломлы келин кимге керек, әҳмийетлиси аспаз болсын" сыяқлы түсиниклер мыңлаған қәбилетли қызлардың әрманына тосқынлық еткен, олардың өмир жолын пүткиллей өзгертип жибергени сыр емес. Әсиресе, төлемли-шәртнама тийкарында оқып атырған қызларды келин етиўге көпшилик иркилип, "қарызы бар екен, ертең оны төлеў бизиң мойнымызға түседи" деген қәўетер бар еди. Бундай тар қыяллар себепли қаншадан-қанша зийрек қызларымыз өз потенциалын жүзеге шығара алмай, шаңарақ ҳәм руўзыгершилик машқалалары ишинде қалып кетти. Олардың билими ҳәм ақыл-ойы жәмийеттиң раўажланыўына шексиз хызмет етиўи мүмкин еди, бирақ буған имканият берилмеди. Бул тек ғана бир шахстың емес, ал пүткил жәмийеттиң үлкен жоғалтыўы емес пе еди?!

Ҳәзир ше? Көринис пүткиллей басқаша. Ҳаял-қызлар мәселеси мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Ҳаялды қәдирлеў, ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, жәмийеттеги орнын беккемлеў бағдарындағы реформалар билимлендириў тараўын да қамтып алды. Ҳаял-қызлардың билимли ҳәм мәрипатлы болыўы барлық унамлы өзгерислердиң тийкары екени терең аңлап жетилди. Ҳүкиметтиң тийисли қарары менен мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың төлемли-контракт суммасы мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап берилетуғын болды. Бул тек ғана қаржылай жәрдем емес, ал мәмлекеттиң ҳаял-қызларға жоқары исеними, олардың келешеги ҳәм илимий потенциалына киргизилген инвестиция болып есапланады.

Бул тарийхый қарардың социаллық-психологиялық әҳмийети шексиз. Бириншиден, бул имканият ҳаял-қызларда өз күши ҳәм билимине исенимди мисли көрилмеген дәрежеде арттырды. Енди олардың "Шәртнама пулын қай жерден табаман?" деген тәшўиши жоқ, мақсет биреў: оқыў, излениў, илим шыңларын ийелеў. Бул болса, өз гезегинде, оларды және де анық ҳәрекет етиўге, илимий изертлеўлер менен шуғылланыўға ҳәм өз үстинде тынымсыз ислеўге ийтермелейди. Магистратура жоқары билимлендириўдиң тек ғана кейинги басқышы емес, ал илимге, үлкен ойлап табыўларға алып баратуғын соқпақ болып есапланады. Мәмлекетимиз мине усы соқпақты кең ҳәм тегис етип ашып бермекте.

Екиншиден, бул сиясат жәмийетте ҳәм шаңарақларда қыз баланың билим алыўына мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Бурын "Оқытқаным менен ертең басқа шаңараққа кетип қалады", дейтуғын ата-аналар бүгин "Қызым, оқы, магистр бол, доцент бол, профессор бол, мәмлекетимиз саған сондай имканият жаратып берип атыр", деп өзи баслама көрсетпекте. Бул жеңиллик тек ғана қызлардың емес, ал шаңарақларының да мойнынан аўыр жүкти алды. Енди ата-аналардың жыллар даўамында жыйнаған дәраматы перзентиниң билим алыўына жумсаўына зәрүрлик қалмады. Керисинше, олар өз қызының жетискенликлеринен мақтанып, илимий жумысларын қоллап-қуўатлайтуғын ең жақын пикирлеслерге айланды. Бул жағдай шаңарақтағы руўхый орталықтың саламатланыўына, ата-ана ҳәм перзент арасындағы қатнасықлардың және де беккемлениўине хызмет етпекте.

Үшиншиден, усы баслама өмирлик жолдасы ҳәм шаңарақларының да көзқарасын кеңейтпекте. Енди оқымыслы, илимий дәрежеге ийе келин алыў абырай ҳәм мақтаныш есапланатуғын болды. Себеби, илимли ҳаял, илимли ана тек ғана шаңарақты абат етпейди, ал перзентлерине пуқта тәлим-тәрбия берип, олардың камалға келиўине беккем тийкар жаратады. Бүгинги күйеўлер өз ҳаялының илимий жумысын қоллап-қуўатлайтуғын, карьерасын қурыўына жәрдемлесетуғын болды. Бул болса, өз гезегинде, жас шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў, ерли-зайыплылар арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним байланысларын байланыстырыўда айрықша әҳмийетке ийе. Нәтийжеде жәмийетте "дипломлы ҳаял" ҳаққындағы қатып қалған стереотиплер ыдырап, орнын "илимий, заманагөй, интеллектуал ҳаял" образы ийелемекте.

Төртиншиден ҳәм ең әҳмийетлиси, бул сиясат мәмлекеттиң илимий-интеллектуаллық потенциалын арттырыўға тиккелей хызмет етеди. Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў алдында турған, санлы технологиялар, жасалма интеллект, инновациялар турмысымызға жедел кирип атырған бир дәўирде бизге жоқары маманлықтағы, бәсекиге шыдамлы кадрлар суў ҳәм ҳаўадай зәрүр. Халықтың үлкен бөлегин қурайтуғын ҳаял-қызлардың потенциалынан толық пайдаланбай турып, мәмлекеттиң раўажланыўына толық ерисип болмайды. Магистратурада билим алған ҳаял-қызлар ертең экономиканың түрли тараўларында, мәмлекетлик басқарыўда, билимлендириў ҳәм медицина системасында және илимде жетекши күшке айланады. Олардың жаңаша пикири, инновациялық идеялары ҳәм мәселеге стандарт емес қатнасы мәмлекеттиң раўажланыўына жаңа түртки береди. Ҳәзир раўажланған мәмлекетлерде әйне ҳаял илимпазлардың илимдеги ҳәр қыйлы бағдарлар, әсиресе, анық пәнлер, инженерлик ҳәм технологиялар тараўына қосып атырған үлеси барған сайын артып бармақта. Өзбекстанда да бул процесске беккем тийкар қойылмақта.

Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың билим алыўы ушын жаратылған имканиятлар тек ғана магистратура менен шекленип қалмайды. Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың қызлары ушын жоқары оқыў орынларына кириўде айрықша мәмлекетлик грантлар ажыратылыўы, жоқары мағлыўмат алыў нийетинде болған, бирақ турмыс шараяты себепли оған ерисе алмаған ҳаял-қызлар ушын усыныснама тийкарында оқыўға қабыллаў системасының жолға қойылғаны, докторантурада ҳаял-қызлар ушын ҳәр жылы кеминде 300 ден мақсетли квота белгиленгени, студентлерге билимлендириў контрактын төлеў ушын жети жыл мүддетке процентсиз кредит берилиўи - булардың барлығы бир-бирин толықтыратуғын, бир пүтин сиясаттың ажыралмас бөлеклери болып есапланады.

Бул сиясаттың нәтийжесин бүгинги статистика да айқын көрсетип тур. Бир неше жыл бурын жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған студентлердиң сезилерли бөлегин жигитлер қураған болса, ҳәзирги ўақытта көрсеткиш теңлесип бармақта. Бул өсиўдиң артында мыңлаған ҳаял-қызлардың тәғдири, олардың ҳәм шаңарақ ағзаларының қуўанышы және жәмийетимиздиң айдын келешеги жәмленген.

Бүгин биз гүўасы болып атырған ўақыя уллы тарийхтың қурылыўы болып табылады. Мәмлекетимиз басшысының дана сиясаты себепли жәмийетимизде ҳаял-қызларға итибар ҳәм ғамқорлық пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Нәзик жаратылыс ийелери енди жәмийеттиң тек ғана бир ағзасы емес, ал тең ҳуқықлы, белсендиси ҳәм дөретиўшиси болып табылады. Оған жаратылып атырған шараятлар - ертеңги күнимизге, перзентлеримиздиң бахыт-ығбалына ҳәм миллетимиздиң интеллектуаллық потенциалына қойылып атырған ең беккем тырнақ. Илимли, ағартыўшы ана тәрбиялаған перзент ҳеш қашан кем болмайды, оның қәлбинде Ўатанға муҳаббат, билимге қуштарлық, жақсылыққа умтылыў туйғылары бәрқулла толып-тасып турады.

Социаллық тармақлардағы сол қуўанышқа толы көринислерге қайта-қайта нәзер таслағанда адамның кеўли таўдай көтериледи. Бул қызлардың тымсалында жаңа Өзбекстанның жаңа әўладын, ертеңги күнниң билимли, зийрек, өз алдына жоқары мақсетлер қоятуғын ҳәм оларға ерисе алатуғын пидайыларын көремиз. Олардың қуўанышы - пүткил халқымыздың қуўанышы, олардың табысы - пүткил Өзбекстанның табысы болып есапланады. Себеби миллеттиң раўажланыўы илимли ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўы менен тығыз байланыслы. Бүгин мине, усы раўажланыў ушын барлық есиклер кеңнен ашылды ҳәм бул тарийхый имканият ушын мәмлекетимизден ҳәр қанша миннетдар болыўымызға арзыйды.

Нозлия НОРМУРОДОВА,

филология илимлериниң докторы, профессор