Бул тараўдағы сапа өзгерислери қаладан шетки аймақларға шекем, балалардан баслап кекселерге шекем - ҳәммениң турмысында сәўлеленеди. Сол себепли оған ажыратылып атырған бюджет қаржылары ҳәр жылы көбейтилип барылмақта. Барлық социаллық хызметлер қатарында медицина да халқымызға жақынластырылмақта. Басланғыш буўында 18 мыңнан аслам медициналық бригада шөлкемлестирилген.
Кеселликлерди анықлаў ҳәм емлеў әмелиятына заманагөй технологиялар енгизилмекте. Қәнигелестирилген медициналық хызметте диагностика усыллары 500 ден, емлеў усыллары болса 800 ден артты. Жеке меншик медицина раўажланыўына кең жол ашылғаны себепли хызметлер тармағы ҳәм таңлаў имканияты көбейди.
2024-жылы тараўға 36 триллион сум ажыратылған еди. Бул өткен жылға салыстырғанда 25 процентке көп.
Бирлемши буўында 6 түрдеги скрининг тексериўи жолға қойылды. Нәтийжеде 106 мың адамда қантлы диабет, 194 мың адамда жүрек-қан тамыр, 2 мыңнан аслам ҳаял-қызларда рак, мыңға шамалас балаларда онкогематологиялық кеселлик ерте басқышта анықланған.
Емлеўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилиги айрықша итибарды талап етеди. Усы мақсетте 2 мыңнан аслам қәниге сырт елде қайта оқытылды. Нәтийжеде аймақлардағы жоқары технологиялық операциялар үлеси 61 процентке жетти. 43 бағдардағы 191 клиникалық протокол халықаралық стандартлар тийкарында жаңаланды.
Қәнигелестирилген орайлар ҳәм филиалларда быйыл 100 мың наўқас жеңиллетилген жоллама тийкарында емленди. 7 қәнигелескен орай сапа қадағалаўы бойынша халықаралық аккредитациядан өтти.
2025-жылы денсаўлықты сақлаў тараўына 41 триллион сум ажыратылыўы нәзерде тутылған. Оның есабынан жаңа емлеўханаларды шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў, бар қуўатлықларды кеңейтиў, медициналық тексериўдиң қамтып алыўын кеңейтиў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы бул тараўдағы тийкарғы ўазыйпа - басланғыш буўында медицина сапасын арттырыў екенин атап өтти. Буның ушын министрликтиң вертикалынан аймақларда дурыс пайдаланыў, әсиресе, шетки ҳәм аўыр районларға итибарды күшейтиў ўазыйпасы қойылды.
Бул бойынша түркиялы экспертлер 6 аймақтағы медицина мәкемелериниң жумысы ҳәм оларда көрсетилип атырған медициналық хызметлер үйренилди. Үйрениўлер нәтийжесинде халыққа көрсетилип атырған басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем хызметлерин системалы реформалаў бойынша усыныслар ислеп шығылмақта.
Жуўапкерлерге бул мәселени терең таллап, бирлемши буўын трансформациясы бойынша қарар жойбарын таярлаў тапсырылды.
Бул бағдар хызметкерлериниң маманлығын арттырыў бағдарламасы жетилистириледи. Теориялық билим ҳәм көнликпелерди ийелеўден компетенцияларды раўажландырыўға басқышпа-басқыш өтиледи.
Сондай-ақ, келеси жылы медицина хызметкерлериниң айлық лаўазымлық айлықлары арттырылады. Шаңарақлық шыпакерлердиң мийнет нәтийжелилиги тийкарында үстеме төлеў тәртиби енгизиледи.
Аймақларға берилип атырған итибар избе-из даўам еттириледи. Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Самарқанд, Бухара, Хорезм, Қашқадәрья ўәлаятларында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў әмелиятлары енгизиледи. Орайласқан лаборатория хызметлери кеңейтиледи. "Сатыўлар орайы" ҳәм оның 13 аймақлық филиаллары шөлкемлестирилип, медициналық үскенелерден пайдаланыў электрон система арқалы қадағаланады.
Және 35 бағдардағы 400 миллий клиникалық протоколлар ислеп шығылады. 7 қәнигелескен орай ҳәм 2 жоқары билимлендириў мәкемеси халықаралық аккредитациядан өткериледи.
Мәжилисте кадрлар мәселесине де итибар қаратылып, медициналық оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оны әмелият пенен үнлеслигин беккемлеў, питкериўшилердиң басланғыш буўында тәжирийбе арттырыўын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.