Тез пәт пенен өзгерип атырған дүньяда турмысымызға кирип киятырған жаңа технологиялардан пайдалана билиў ушын шет тиллерин билиў әҳмийетли. Халықаралық бирге ислесиў шеңберинде дүньяның жетекши компаниялары ҳәм шөлкемлеринде табыслы жумыс алып барыў ушын тил билими табыс гилти болып есапланады. Бүгин шет тиллерин үйренип атырғанлардың саны артып бармақта. Бунда жаратылған имканиятлардың орны айрықша. "Ибрат перзентлери" мине усындай жойбарлардан бири. Президентимиздиң кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланған "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы жойбарында бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалар белгиленген. Шет тиллерди ғалаба ен жайдырыўға жәрдемлесиўши "Ибрат перзентлери" жойбарын раўажландырыў ҳәм оның шеңберинде “Ibrat academy” мобил қосымшасын жетилистириў, "Ибрат - тиллер дем алыў орайы", "Сырт тиллер марафоны"н өткериў белгиленген. Биз жойбар ҳаққында оның қатнасыўшыларының пикирлери менен қызықтық.
Маҳфуза ОРТИҚОВА, "Ибрат перзентлери" жойбары менеджери, филология илимлери бойынша философия докторы:
- "Ибрат перзентлери" жойбары ҳәзирги күнде жаслардың бийпул тил үйрениўи ушын әжайып имканият болып есапланады. 2022-жыл ноябрь айында шөлкемлестирилген жойбар шет тиллерин бийпул, әпиўайы, системалы ҳәм креатив усылда үйретиўди мақсет еткен. Жойбарда жаслар қысқа мүддетте өзи ушын қолайлы жерде болып түрли шет тиллерин үйрениўи мүмкин.
Бул жойбар Өзбекстанда бириншилерден болып сырт елли мийманлар ушын өзбек тили ҳәм грамматикасын үйретиўди жолға қойған. Бүгинги күнде жойбар шеңберинде 23 шет тили, шет еллилер ушын өзбек тили (инглис, рус, әзербайжан тиллеринде), саўатлылық сабақлары, ишорат тили, IELTS, TOEFL халықаралық сертификатларды алыўға жәрдемлесиўши имтиханларға таярлаў, мәлимлеме технологиялары, балалар ушын инглис тили үйретилмекте.
Қысқа ўақыт ишинде "Ибрат перзентлери" жойбары You Tube платформасы бетинде 728 мыңнан аслам жазылыўшыға ийе болды. Бул платформада 2700 ден аслам видеосабақлар ҳәм тестлер жайластырылған болып, олар дерлик 50 миллион мәрте тамаша етилген.
Шет тиллерди үйрениўди буннан былай да жетилистириў мақсетинде “Ibrat Academy” мобил қосымшасы ислеп шығылған болып, онда пайдаланыўшылар усы тиллерди үйрениўи, сөзлик ядлаў ҳәм тестлерди шешиў арқалы билимлерин беккемлеп барыўы мүмкин. “Ibrat Academy” мобил қосымшасында болса 1 миллион 500 мыңнан аслам адам тил үйренбекте. Олардан 300 мыңға шамаласы тил сертификатларын қолға киргизген. Соның ишинде, усы қосымшаға бүгинги күнге шекем 2200 видеосабақлар, 2241 тест жайластырылған.
Ҳәзирги күнлерде “Ibrat Academy” мобил қосымшасына жаңа имканиятлар қосылмақта. Яғный, инглис тилинен тек ғана грамматикалық билимлер емес, ал шет тилди үйрениўдиң төрт көнликпесин қамтып алған улыўма инглис тили курсы, жасалма интеллект жәрдеминде тил дәрежесин анықлайтуғын тестлер ҳәм диагностикалық тестлер солардың қатарына киреди.
Ҳәзирги күнде "Ибрат перзентлери" қурамында шет тиллерди үйретиўши “TOP 100 Uni”, “Ibrat Debate”, “Ibrat Camp”, “Ibrat master class”, “Ibrat quiz”, "Ораторлық шеберлиги", “Speaking club”, балалар ушын “Ibrat Kids City” сыяқлы жойбарлар да шөлкемлестирилип келинбекте.
“Ibrat Debate” жойбары шеңберинде республикамыздың барлық аймақларында ҳәптениң ақырында турақлы түрде дебатлар шөлкемлестирилмекте. Бул арқалы жаслар инглис тилинде сын көзқарастан пикирлеў менен бирге, сөйлеў байлықларын арттырмақта.
Өткен жылдың декабрь айында жойбар координаторы ҳәм интакер Азизбек Зайлобиддинов дүньяның ең жетекши университетлеринен бири - Гарвардта бакалавриатта оқыў ушын 100 процент грант ийеси болды.
"Ибрат перзентлери"ниң және бир жойбары - “Speaking club” жыл даўамында 100 ден аслам сессия өткерди ҳәм онда 2000 ге шамалас жас қатнасты. “TOP 100 Uni” жойбары шеңберинде дүньяның жетик 100 жоқары оқыў орнына кириў сырлары усы жоқары оқыў орынларында билим алған ҳәм алып атырған жаслардың қатнасыўында үйретилмекте.
Жаслар ислери агентлиги ҳәм "Ибрат перзентлери" жойбары тәрепинен Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда жойбар офислери шөлкемлестирилген болып, олар жаслардың шет тиллерин толық үйрениўине, керекли видеоөнимлер менен танысыўына жәрдем бермекте.
"Ибрат перзентлери" бренди астында естелик саўғалары (саат, худи, кепка, футболка, сумка, дәптер, ручка, бокал, көкирек белгиси) ислеп шығылды ҳәм бул саўғалар тиллерди толық үйренип атырған ҳәм басқалардың шет тилин үйрениўине түртки болған белсенди жасларға берилип барылды.
2024-жылы балалар ушын мөлшерленген тил сабақлары ҳәм контентлер көбейтилди, ҳәр бир шет тилинен оқыў, жазыў, тыңлап түсиниў ҳәм сөйлесиўди раўажландырыўға қаратылған, "Ибрат перзентлери" видеосабақлықларын қамтып алған арнаўлы оқыў қолланбалары, сораўлар ҳәм тестлер базасы жаратылды. "Ибрат перзентлери" жойбары устазларының қатнасыўындағы марафон ҳәм ушырасыўларда жасларға мотивация берилди, жол-жоба көрсетилди. Оларды шет тиллерин өзлестириўге ҳәм сол арқалы дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орнын табыўға үгит-нәсиятлаўшы миллий контентлер, соның ишинде, арнаўлы "Кураш" сериалы жаратылды.
Элбек ДУЛЛИЕВ, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети студенти:
- 2023-жыл январь-февраль айларында "Ибрат перзентлери" жойбары шеңберинде немис тили курсларына старт берилди. Сол күнлери немис тилин үйрениў тилегинде оқыў орайларына мүрәжат етип жүрген едим. "Ибрат перзентлери" ҳаққында еситип, жойбар ҳаққында көбирек билиўге ҳәрекет еттим. Шет тиллерин үйрениўдиң ең әпиўайы усылы болған бийпул онлайн курслар итибарымды тартты.
Сол ўақыттан баслап немис тилин үйрениўди басладым. Алдын мени үлкен сынақ - студент болыў процеси күтип тур еди. 7 ай даўамында немис тилин терең үйрениўге умтылдым. 2023-жылы августта мәмлекетлик имтиханларды табыслы тапсырып, ӨзЖТУға мәмлекетлик грант тийкарында қабыл еттим. Бул бир неше жыллық арзыўым еди. Буның ушын устазларым Дилфуза Латипова ҳәм Феруза Ураловаға жүдә миннетдарман. Олардың қызықлы, креатив ҳәм нәтийжели сабақлары өз нәтийжесин берди. Бул жойбардың тек ғана мениң өмиримдеги көриниси, мен сыяқлы жүзлеген, мыңлаған жаслар, заманласларым оннан нәтийжели пайдаланып атыр, деп айта аламан.
Бул жойбар бийпул екенлиги, жас таңламаслығы ҳәм қәлеген ўақытта пайдаланыў имканиятын бере алыўы менен басқалардан ажыралып турады. "Ибрат перзентлери" менен тилди тез ҳәм аңсат үйрениў мүмкин. Интерактив сабақлар арқалы руўхый ҳәм әмелий билимлерим артып барды. Заманагөй усыл - жасалма интеллект жәрдеминде үйрениў де мени оғада қызықтырды.
Усындай имканияттан пайдаланып буннан бир неше ай бурын түрк тилин үйрениўди баслап, қысқа ўақыт ишинде жақсы үйрендим. Ҳәзирги ўақытта еки тилде еркин сөйлесе аламан. Тил билиў дәрежим болса екеўинен де Б 2+ ти қурайды.
Өткен жылдың жазында үш ай Германияға барып келдим. Тилди билгеним ушын сырт елде ҳеш қыйыншылық көрмедим.
Шет тиллерин билиўим турмыстың ҳәр бир қәдеминде пайдалы болмақта. Университетимиз көлеминде өткерилетуғын халықаралық ҳәм жергиликли форумларда сырт елли устазларға аўдармашылық етемен. Сырт еллилер менен сәўбетлесип, оларға тарийхымыз ҳәм университетимиз ҳаққында айтып беремен. Билим ҳәм имканиятларымнан үнемли пайдаланыў мақсетинде оқыў орайында оқыўшыларға немис тилинен сабақ беремен.
Шаҳруҳ РЎЗМАТОВ, Мирабад районы 2-спорт мектебиниң шыпакери, халықаралық категориядағы спорт медицинасы қәнигеси:
- Шыпакермен. Бир күни мен әмелият алып барып атырған медицина мәкемесине жарақатланған, Кубадан келген турист мүрәжат етти. Ол испан тилинде сөйлесе алатуғын еди, кәсиплеслерим арасында бул тилди билетуғынлар жоқ еди. Мен оннан жағдайын сорасам, ол жүдә қуўанды. Қолы жарақатланғаны ҳәм аўырыўлар бар екенлигин айтты. Биз оған медициналық жәрдем көрсеттик. Мен испан тилинде оннан дәри-дәрмақларға аллергиясы бар ма екенлигин, шаншыўлар алған яки алмағанлығын сорадым. Емлеўши шыпакер ҳәм наўқас арасында аўдармашы болып турып, испан тилиндеги медицинаға байланыслы жаңа сөзлер менен таныстым. Сырт тилде сөйлесип атырғанымнан қаншелли қуўанышлы болсам да, бирақ бул тилди аз, азғана билетуғынмыды да бийкар ете алмас едим.
Соннан кейин испан тилин толық үйрениўди мақсет еттим. "Ибрат перзентлери" жойбары маған жәрдем берди. Мен испан тилин онлайн үйрениўди басладым ҳәм бул өмиримди өзгерттирди.
Инсан тек ғана кәсиплик жумыс талабы ямаса саяхат ушын шет тиллерин үйрениўи керек емес. Ҳәр биримиздиң қызығыўшылығымыз ҳәм сүйикли жумысымыз бар. Ана тилинде көркем шығармаларды оқыймыз, бир нәрсе үйренемиз, фильм тамаша етемиз. Бул жақсы, бирақ шет тиллерде қызықлы ҳәм баҳалы мағлыўматларды өз ишине алған жүдә көп китаплар, мақалалар, фильмлер бар. Гейде аўдарылған китаплардың тийкарғы нусқасын оқыў қызықлырақ, себеби аўдарманың сапасы көбинесе жақсы болмайды ҳәм ҳәр қашан да автор айтпақшы болған пикирлерди жеткерип бере алмайды. Усы мәнисте, "Ибрат перзентлери" турмысыма рәң-бәреңлик алып келген, тил үйрениўиме жәрдем берген, сөйлесиў мәдениятымды арттырған ең жақсы жойбар, деп айта аламан.
Азиза АБДИЕВА, жойбар қатнасыўшысы:
- "Ибрат перзентлери"не шекем көп ўақыт тил үйретиў курсларын излегенмен. Олар қымбат, финанслық жағдайыма туўра келмейтуғын еди. Интернетте өзбек тилинде шет тиллерин оқытыўға бағдарланған контент жоқ ҳәм ҳәммеси түсиниксиз еди. Кейин "Ибрат перзентлери" жойбары ҳаққында еситтим. “Ibrat Academy” платформасы арқалы инглис тилин және де терең үйрениўди басладым. Барлық сабақлар түсиникли, анық, буннан тысқары, интерактив тестлер де бар, олар билимимди арттырыўға жәрдем берди. 2023-жылы бәҳәрде “Ibrat Camp” жойбары жумыс баслады. Бостанлықтағы сулыў дем алыў орайында өткерилген шынығыўларда IELTSтен жоқары нәтийжеге ерисиў, шығарманы дурыс жазыў, логикалық пикирлеўди үйрендим. Көплеген дослар арттырдым, жаңа билимлерге ийе болдым.
Жақында халықаралық сертификат ушын имтихан тапсырып, 7,5 балл алдым. Бул нәтийжеге ерисиўимде Рустам Қориев ҳәм Искендер Камолиддиновтың сабақлықлары жақсы жәрдем берди. Олардың сабақлары инглис тилин пуқта үйрениўимде әҳмийетли фактор болды. Усы тийкарда интерактив тестлер иследим. Буннан тысқары, жасалма интеллект жәрдеминде диагностикалық тестлерде де өз билимимди сынап көрдим.
Бүгин жаслардың тил үйрениўи, билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын жетерли шараят бар. "Тил үйрениўге қаржым жетпейди", "Жақын жерде оқыў орайы жоқ, ал алысқа барыўым қыйын" ямаса "Күндиз ислейман, тил үйрениўге қашан ўақыт табаман?" деп ойлайтуғын ўатанласларымыздың бул машқаласы бүгин шешимин тапты. Олар қәлеген ўақытта, қәлеген жерден елимиздиң жетик ҳәм тәжирийбели қәнигелеринен билим алыўы, тил үйрениўи мүмкин.
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы
Рисолат МАДИЕВА жазып алды.