Өзбекстанда 11-июльдан IELTS имтиханын қағазда тапсырыў тоқтатылады

    8 шілде 2025 1367

    Бул ҳаққында IDP тест орайы мәлим етти.

    Оған бола, 10-июль күнине режелестирилген қағаз (paper-based) имтиханлар режедегидей өткериледи, бирақ 11-июльдан баслап тек компьютерде (computer-based) имтихан тапсырыў мүмкин болады.

    “British Council” болса ҳәзирше бул ҳаққында жәрияламады. Бирақ онда да қағаз варианттағы имтихан ушын дизимнен өтиў жабық қойылған.

    Алдынырақ Өзбекстанда IELTS имтиханында түсетуғын сораўлар топламы "тарқалып кеткени" ҳәм бундай жағдайлар кескин артқаны ҳаққындағы хабарлардан кейин 7-июнь күни имтихан тапсырған талабанлардың нәтийжелери қайта тексериў ушын алып қойылған еди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates