баннер
18 Mar 2025
16:47

    Өзбекстанда IELTSтан 8,5-9 баллға ерискенлер 23,7 есеге артты

    Шет тиллер бойынша жоқары нәтийжеге ерискен жасларға 80 млрд 42 млн сум компенсация пуллары қаплап берилди, деп жазады Жаслар ислери агентлиги мәлимлеме хызмети.

    Хабарға бола, 42 779 жастың имтихан тапсырыў қәрежетлери толық қаплап берилген.

    Әҳмийетли тәрепи, 2024-жылы бир ғана IELTS имтиханынан 5,5 ҳәм оннан жоқары балл алған жаслардың саны 2020-жылға салыстырғанда 5 есеге, 7-8 балл (С1 дәреже) ды қолға киргизгенлер 7,4 есеге, 8,5-9 балл (С2 дәреже) ды қолға киргизгенлер болса 23,7 есеге артқаны бақланды.

    Сондай-ақ, системада жаслар ушын және бир жаңа имканият жаратылды.

    Президентимиздиң тийисли қарарына тийкарланып, немис, француз, корейс, қытай ҳәм япон тиллери бойынша имтихан тапсырыў қәрежетлери қаплап берилетуғын минимал дәреже бир басқышқа яғный В2 ҳәм оған теңлестирилген дәрежеге түсирилди ҳәм имтихан қәрежетиниң қаплап берилиўи жолға қойылды.

    Еслетип өтемиз, 18 халықаралық имтихан системасында жоқары нәтийжеге ерискен жаслар имтихан қәрежетлерин "Хазна" қосымшасы арқалы қайтарып алыўы мүмкин.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech