Сөйлесиў ўақтында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 80-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған инсан ҳуқықларына байланыслы баслама ҳәм усыныслар айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда инсан ҳуқықлары тараўындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, соның ишинде, мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў, халықаралық миннетлемелерди орынлаў, сондай-ақ, Сенат ҳәм БМШ структуралары арасындағы институционаллық бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Тәреплер кең жәмийетшилик ҳәм халықаралық экспертлердиң қатнасыўында ислеп шығылып атырған Инсан ҳуқықлары бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген миллий стратегия жойбарын, сондай-ақ, халықаралық миннетлемелерди әмелге асырыўға қаратылған парламентлик қадағалаўдың жаңа түрлерин додалады.
Матилда Богнер Өзбекстанның мәжбүрий мийнетти сапластырыў, суд-ҳуқық системасын реформалаў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети арасында ашық-айдынлық ҳәм қарым-қатнасты күшейтиў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.
Бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, судьялар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерин оқытыў, парламенттиң халықаралық есабатларда қатнасыўы, инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелерин додалаўға пуқаралық жәмийетти жедел тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









