Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан тәжирийбеси модель сыпатында тән алынды

    Женева қаласында болып өтип атырған Халықаралық мийнет конференциясының 113-сессиясы шеңберинде 12-июнь - Пүткил жер жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен арнаўлы конференция өткерилди.

    Илажда Халықаралық мийнет конференциясына қатнасып атырған 187 мәмлекет арасында қысқа ўақыт ишинде балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти пүткиллей сапластырған мәмлекет сыпатында Өзбекстан тәжирийбеси көрсетилди.

    Онда Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссияның баслығы Т.Нарбаева "Балалар мийнетин сапластырыўда Өзбекстан тәжирийбеси" атамасында баянат жасады.

    Миллий комиссия баслығы өз баянатында мәмлекетимиздиң балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы қатаң позициясы ҳәм халықаралық ҳүжжетлер, соның ишинде, Халықаралық мийнет шөлкеминиң тийкарғы конвенциялары ҳәм 29-санлы Конвенцияға Баяннама ратификацияланғаны тараўға байланыслы реформалардың беккем ҳуқықый тийкары болғанын атап өтти.

    Жаңа редакциядағы Конституция ҳәм Мийнет кодекси болса балалар мийнетине пүткиллей шек қойыўға қаратылғаны, ҳәр бир пуқараның социаллық қорғалыўын кепиллеў болса инсан қәдирин жоқарылатыўға қаратылған мәмлекетлик сиясаттың орайынан орын алғаны атап өтилди.

    Конференция жумысында елимизде Халықаралық мийнет шөлкеминиң тийисли конвенцияларын ратификациялаў, миллий нызамшылықты халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў, институционаллық тийкарларды беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар жоқары баҳаланды.

    Сондай-ақ, илажда қатнасып атырған экспертлер бүгинги күнде Өзбекстан тәжирийбеси балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүрес алып барып атырған мәмлекетлер ушын модель болып хызмет етип атырғанын айрықша атап өтеди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates