Бас консулхананың хабар бериўинше, бундай структуралардың айырымлары жақсылық нықабы астында жынайый топарлар, террористлик ҳәм экстремистлик ҳәрекетлерди қаржыландырыў, олардың идеялық орайларын қоллап-қуўатлаў сыяқлы мақсетлерди гөзлеп атырғанлығы белгили болмақта.
Усы мүнәсибет пенен, сиз әзиз пуқараларды ҳәр қандай атамадағы қайырқомлық жәмийетлерине қайырқомлық қаржыларын бағдарлаўда абайлы болыўга шақырып, усы арқалы өзиңиз билмеген ҳалда нызамсыз жумысларға финанслық жәрдем көрсетип қойыўдан сақланыўыңызды сораймыз.
Еслетип өтемиз: жақсылық етиў бәринен бурын өз жақынларыңыздан, шаңарағыңыз, мәҳәллеңиз ҳәм жәмийетиңиздеги мүтәжлерге жәрдем бериўден басланады. Садақаларыңыз ҳақыйқый жақсылық ҳәм берекетке себеп болсын, - делинеди хабарда.









