Атап өтилиўинше, Комитет тәрепинен қумар ҳәм қәўип-қәтерге тийкарланған ойынларды үгит-нәсиятлаўға қаратылған веб-сайтлар бойынша турақлы үйрениў ҳәм таллаўлар алып барылмақта.
Рекламаға байланыслы нызам бузылыўларға жедел илажлар көриў мақсетинде Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен бирге ислесиў жолға қойылған.
Онда, букмекерлик хызметлерине байланыслы рекламаны үгит-нәсиятлаўшы веб-сайтларға кириўди шеклеў (блоклаў) илажлары көрилмекте.
Атап айтқанда, әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде букмекерлик хызметлерин үгит-нәсиятлаўшы 42 веб-сайтты блоклаў бойынша АОКАға усыныслар киргизилген болып, соннан 30 ға шамалас сайтлар белгиленген тәртипте блокланған.
Комитет тәрепинен бул бағдардағы мониторинг жумыслары системалы даўам еттирилмекте, делинеди хабарда.




