Бухара ўәлаятында Баҳауддин Нақшбанд илимий-изертлеў орайы шөлкемлестириледи

    Диний-ағартыўшылық тараўда билимлендириў, илим ҳәм илимий-изертлеўге байланыслы жумысты муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестириледи.

    Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳуқықының кепилликлерин буннан былай да беккемлеў ҳәм диний-ағартыўшылық тараўындағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында мәлим етилди.

    Муўапықластырыўшы кеңес диний-ағартыўшылық тараўда билимлендириў, илим ҳәм илимий-изертлеў жумысларының барлық процесслерин муўапықластырыў мәселелерине жуўапкер болған мәсләҳәт уйымы болып есапланады.

    Кеңес төмендеги шөлкемлердиң билимлендириў ҳәм илимий-изертлеўге байланыслы жумысын муўапықластырады:

    • Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы;
    • Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы;
    • Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы;
    • Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы;
    • басқа диний-ағартыўшылық мәкемелери.

    Сондай-ақ, Конфессиялар ислери бойынша кеңестиң жумысы жетилистирилип, оның қурамына сиясий ғайраткерлер, жәмийетлик белсендилер, динтаныўшы илимпаз ҳәм қәнигелер бақлаўшы сыпатында киргизиледи.

    Пәрманға бола, Бухара ўәлаятында Баҳауддин Нақшбанд илимий-изертлеў орайы шөлкемлестириледи.

    Уллы бабамыз Баҳаўаддин Нақшбанд ҳәм нақшбандийлик тариқаты уламаларының жоқары адамгершилик идеяларын илимий тийкарда үйрениў бул орайдың тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

    Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы Министрлер Кабинетиниң бойсыныўына өткерилди.

    Ол исламтаныў бағдарындағы илимий изертлеўлерди және дин менен байланыслы процесслер бойынша таллаўларды әмелге асыратуғын илимий-изертлеў мәкемеси етип белгиленди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates