Реже шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлыққа тартыў, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеў ушын таңлап алыў тәртибин белгилейди.

Шақырылыўшылар таңлаўда 1 жылда тек 1 мәрте қатнасыўы мүмкин.

Таңлаў шақырыў жылынан алдынғы жылдың 10-августынан шақырыў жылының 10-февралына шекем өткериледи.

Шақырылыўшы менен сәўбет өткериў арқалы оның төмендеги мағлыўматларына анықлық киргизиледи:

әскерий хизметке болған қызығыўшылығы ҳәм ықласы;

ҳуқықбузарлықлар ислегенлиги, жуўапкершиликке тартылғанлығы ҳәм судланғанлығы менен байланыслы жағдайлар;

денсаўлығының жағдайы;

билим дәрежеси;

шаңарақлық шараяты ҳәм басқалар.

Шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлық дәрежеси төмендеги улыўма физикалық нормативлерди қабыл етиў арқалы баҳаланады:

турникте тартылыў;

100 метрге жуўырыў;

3000 метрге жуўырыў.

Таңлаў жуўмақлары бойынша шақырылыўшыны усыныў ямаса усыныс етпеў бойынша тийисли жуўмақ қабыл етиледи.