Енди ChatGPT пайдаланыўшылары өзлериниң медициналық жазыўлары ҳәм фитнес қосымшаларын системаға интеграциялаўы мүмкин болған арнаўлы ChatGPT Health функциясы иске қосылды.

Жаңа имканиятлар қалай ислейди?

ChatGPT Health - бул өз алдына бөлим болып, ол жерде пайдаланыўшылар өзлериниң саламатлық көрсеткишлерин (мәселен, MyFitnessPal ёки Apple Health мағлыўматларын) бөлисе алады. Система усы мағлыўматлар тийкарында жеке усыныслар береди, соның ишинде:

Соңғы медициналық анализ нәтийжелерин түсиндирип бериў;

Шыпакер қабыллаўына таярлық көриў ушын сораўлар дизимин дүзиў;

Диета ҳәм шынығыўлар бойынша жеке мәсләҳәтлер бериў;

Қамсызландырыўды таңлаўда жәрдем бериў.

OpenAI мағлыўматларына бола, дүнья бойлап ҳәр ҳәптеде 230 миллионнан аслам адам ChatGPT‘ге денсаўлыққа байланыслы сораўлар менен мүрәжат етеди.

Қәўипсизлик ҳәм жекелик

Көпшиликти қызықтырған тийкарғы мәселе - мағлыўматлардың қәўипсизлиги. Компанияның атап өтиўинше, ChatGPT Health айрықша қәўипсиз орталықта ислейди. Ол жердеги медициналық мағлыўматлар ҳәм сәўбетлер пайдаланыўшының басқа чатларына араласып кетпейди ҳәм олардан моделди оқытыў ушын пайдаланылмайды. Пайдаланыўшы қәлеген ўақытта денсаўлық ҳаққындағы мағлыўматларды өширип таслаўы мүмкин.

Ол шыпакердиң орнын баса алама?

Жоқ. OpenAI ўәкиллери бул қурал шыпакердиң орнын басыў ушын емес, ал оған жәрдемши сыпатында жаратылғанын айрықша атап өтпекте.

" ChatGPT Health кеселликлерге диагноз қоймайды ямаса емлемейди. Ол тек ғана күнделикли сораўларға жуўап табыў ҳәм денсаўлықтағы өзгерислерди түсиниўге жәрдем береди", - делинеди рәсмий хабарда.

Бул жойбар үстинде еки жыл даўамында 60 мәмлекеттен 260 тан аслам тәжирийбели шыпакерлер жумыс ислеген.

Кимлер пайдалана алады?

Ҳәзирше жаңа функция шекленген шеңбердеги пайдаланыўшылар (Free, Plus, Pro ҳәм Go аккаунтлары) ушын ашылған. Олар арнаўлы күтиў дизимине (waitlist) жазылыўы мүмкин. Жақын ҳәптелерде бул хызмет барлық Web ҳәм iOS пайдаланыўшылары ушын ашық болыўы күтилмекте.

Атап өтиў орынлы, Европа Аўқамы ҳәм Уллы Британия сыяқлы қатаң нызамшылыққа ийе аймақларда бул функция ҳәзирше ислемейди. Медициналық жазыўларды интеграциялаў имканияты болса ҳәзирше тек АҚШ пайдаланыўшылары ушын әмел етеди.