Бул ҳаққында парламент төменги палатасының баспасөз хызмети хабар берди.
Ҳүжжетте шығынды төлемлеринен қарыздар болғанларды SMS арқалы хабардар етип барыў, қарыздарлық жүзеге келгенлиги ҳаққында ескертилгеннен кейин төлем әмелге асырылмаса, олардың электр энергиясы ушын төлемлерин қабыл етиўди ўақтынша шеклеў нәзерде тутылған.
Мағлыўматларға қарағанда, турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў бойынша халыққа көрсетилген хызметлер ушын дебитор қарыздарлық ҳәзирги ўақытта 596 млрд. сумды қурап, жыл басына салыстырғанда 115 млрд. сумға көбейди. Қарыздарлықларды өндириў ҳаққындағы арзаларды судларға киргизиў бойынша Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң аймақлық уйымларына жүкленген ўазыйпа да әмелиятта өз нәтийжесин бермей атыр.
"Миллий тикланиш" демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде бул мәселеге айрықша итибар қаратылып, пуқаралар өз алдына ескертиўден кейин де шығынды бойынша қарыздарлығын сапластырмаса, шығынды бойынша қарызы төлегенине шекем электр энергиясы ушын төлемди әмелге асырмаў усыныс етилип атырғаны атап өтилди.
Додалаўлар даўамында фракция ағзалары нызам жойбарының мазмун-мәнисине айрықша тоқтап, оған киргизилип атырған айырым нормалар бойынша нызамға баслама көтерип атырғанлардан түсиник сорады. Атап айтқанда, электр тармақлары ҳәм тутыныўшылар арасында дүзилген шәртнамалар нызам жойбары қабыл етилгеннен кейин, және қайта дүзиле ме, деген сораў қойылды.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов көтерилген барлық сораўлар бойынша толық түсиниклер берип өтти.
Мәжилисте берилген усыныслар нызам жойбарын жетилистириў ўақтында итибарға алыныўы белгиленди.