Қытайдың DeepSeek компаниясы бийпул жасалма интеллект - DeepSeek-R1 чат-ботын иске қосқаны өткен айдағы ең әҳмийетли ўақыялардан бири болды. DeepSeek қосымшасының табысы себепли дүньяның гигант компанияларының акцияларының баҳасы кескин түсип кетти. Атап айтқанда, бул жасалма интеллекттиң жаңа модели себепли капитализациядағы жоғалтыўлар триллион доллардан артқанына байланыслы мағлыўматлар көзге тасланбақта.

Аўа, бүгинги күнге келип заманагөй мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект қайсы бир мәнисте келешекти белгилеп беретуғын әҳмийетли факторға айланбақта. Бундай жағдайда елимизде бул бағдарды заман талаплары дәрежесинде раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны қуўанышлы.

Мәмлекетимиз басшысы өткен айда БАӘға сапары шеңберинде Әмирлик жасалма интеллект министри, “Presight”, “AIQ” ҳәм “Khazna” сыяқлы жетекши компаниялар басшылары, Муҳаммед бин Зоид атындағы Жасалма интеллект университети президенти менен ушырасып, генератив жасалма интеллектти ислеп шығыў, соның ишинде, энергетика тараўында "үлкен тил моделлерин" қолланыў, Ташкентте ири мағлыўматларды қайта ислеў орайын шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилгени, әсиресе, жасалма интеллект тараўындағы изертлеўлерге қәнигелескен дүньядағы биринши жоқары билимлендириў мәкемеси - Жасалма интеллект университети менен алмасыўларды жеделлестириў, илимий-изертлеў лабораторияларын биргеликте иске қосыў, технологиялық кластерлер шөлкемлестириў ҳәм контактсыз төлем операциялары ушын инновациялық шешимлерди енгизиў режелери додаланғаны айрықша әҳмийетке ийе.

Негизинде бул тәрепке ҳәр тәреплеме тоқтап өтпекшимиз емес. Себеби мәмлекетимизде кейинги жыллары бул бағдар системалы раўажландырылып атыр ҳәм БАӘ менен жоқарыда атап өтилген келисимлер тараўдың раўажланыўында әҳмийетли сүйениш болыўы мүмкин.

"Өзбекстан - 2030" стратегиясында санлы технологияларды раўажландырған ҳалда мәмлекетти регионаллық IТ хабқа айландырыў, IТ хызметлери ҳәм программалық өнимлердиң экспорт көлемин 5 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Соның ишинде, усы жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламада жаслар арасында мәлимлеме технологиялары тараўын буннан былай да ғалаба ен жайдырыў ҳәм тараўда хызметлер экспортын арттырыў нәзерде тутылмақта. Онда "Бир миллион программист" жойбарының гезектеги басқышы шеңберинде сырт ел абырайлы билимлендириў платформаларында онлайн оқыў курсларында билим алыў имканиятын жаратыў, жойбар шеңберинде 15 мың жастың онлайн оқыў курсларында билим алыўын тәмийинлеў, ең жақсы нәтийже көрсеткен жаслар ҳәм қатнасыўшыларды мүнәсип хошаметлеў сыяқлы ўазыйпалар қойылмақта.

Халықаралық әҳмийетке ийе автомагистрал ҳәм темир жоллардың мобил интернет пенен қамтып алыў дәрежесин 95 процентке шекем жеткериў, IТ парк экспорт етиўши резидентлериниң санын 250 ге арттырыў, соның ишинде, сырт ел капиталы қатнасыўындағы компанияларды 50 ге көбейтиў, резидентлердиң улыўма санын 3 мыңға ҳәм IТ хызмет ҳәм программалық өнимлердиң көлемин 20 триллион сумға жеткериў, олардың жумысына унамсыз тәсир етип атырған ҳәр қыйлы шеклеўлерди азайтыў ҳәм алып таслаў бойынша усыныслар ислеп шығыў, сондай-ақ, "Санлы стартаплар" бағдарламасы шеңберинде сырт ел тәжирийбеси тийкарында 4 акселерация бағдарламасын шөлкемлестириў ҳәм оларда 50 стартап жойбарының қатнасыўын тәмийинлеў де бул бағдарда белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардан болып есапланады.

Дүнья тәжирийбесинде илимий изертлеўлер, IТ технологиялар, стартап идеялар, компьютер саўатлылығына оғада үлкен итибар қаратылады. Солай екен, экономикалық раўажланыўға ерисиў жолы тек ғана илим жетискенликлери ҳәм жаңа технологиялар арқалы болады. Усы мақсетте кейинги жыллары тараўға 3 миллиард долларлық инвестиция киргизилди.

Жасалма интеллект тийкарында 20 дан аслам жойбар әмелге асырылған болса, айырым тармақлар ҳәм ири кәрханалар тәрепинен 70 тен аслам жойбар ислеп шығылды. “Oxford Insights” шөлкеми жәриялаған "Ҳүкиметтиң жасалма интеллектке таярлық индекси" рейтингинде Өзбекстан 53,45 балл менен 70-орынды ийелеп, 17 басқышқа көтерилди. Орайлық Азия мәмлекетлери арасында болса 1-орынды қолға киргизди.

Бул рейтинг ҳүкиметтиң жасалма интеллект технологияларын енгизиўге таярлығын баҳалайды ҳәм 40 индикатор тийкарында дүзиледи.

Өзбекстанның бул жетискенликлери ҳүкимет тәрепинен тастыйықланған жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы ҳәм бул тараўдағы избе-из реформалардың нәтийжеси болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 20-январьдағы “Cyber university” мәмлекетлик университетин шөлкемлестириў ҳаққында"ғы қарары бул бағдарда қойылған гезектеги салмақлы қәдем болды. Себеби, бул университеттиң тийкарғы жумыс бағдарлары инновациялық стартап жойбарларды жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиўден ибарат болады.

Бул ҳүжжет "Билимлендириў ҳаққында"ғы ҳәм "Киберқәўипсизлик ҳаққында"ғы нызамлар және "Санлы Өзбекстан - 2030" стратегиясына муўапық жоқары билимлендириў системасын алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында реформалаў, билимлендириў процесиниң инновациялық түрлери менен усылларын енгизиў арқалы мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик тараўында жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаўда айрықша әҳмийетке ийе.

- Дүньяда технологиялар раўажланыўы менен киберқәўипсизликке талап артып бармақта, - дейди "Киберқәўипсизлик орайы" МУК директорының орынбасары Шарифжон Ғофуров. - Бир ғана мысал, 2023-жылы 11 миллионнан аслам киберҳүжим жүз берген болса, 2024-жылы 12 миллионнан асламды қураған. Соның менен бирге, кибержынаятлар саны да кескин артты. Кейинги 5-10 жылда тараў қәнигелерине болған талапты есапқа алатуғын болсақ, бул қарар өз ўақтында қабыл етилгенин тән алыў керек.

Университеттиң тийкарғы ўазыйпасы мәлимлемени қорғаў, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик, санлы технологиялар ҳәм санлы экономика, жасалма интеллектке тийкарланған автоматластырылған мәлимлеме-аналитикалық системаларды жаратыў, робототехника ҳәм басқа да түрлес тараўлар бойынша кадрлар таярлаў, санлы технологиялар тараўында қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдан ибарат. Сондай-ақ, оқыў процесин алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм заманагөй билимлендириў технологиялары тийкарында шөлкемлестириў ҳәм тараўға байланыслы басқа да ўазыйпаларды қамтып алады.

- 2025-2026-оқыў жылы ушын университетке бакалаврлар таярлаў бойынша күндизги билимлендириў түрине 100 қәбилетли студент ушын мәмлекетлик грант ажыратылады, - дейди Санлы технологиялар министрлигиниң бөлим баслығы Жасурбек Қайнарбеков. - Нәўбеттеги оқыў жылынан баслап болса мәмлекетлик грант мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасының параметрлери тийкарында ажыратылады. Бул болса келешекте киберқәўипсизлик бойынша дүнья билимлендириў стандартларына сәйкес келетуғын билимлерди ийелеўге шараят жаратады.

Билимлендириў мәкемесине қабыллаў параметрлери киберқәўипсизлик тараўында мәпдар министрлик, уйым ҳәм басқа да шөлкемлердиң кадрларға болған талабын есапқа алған ҳалда университет бақлаў кеңесиниң қарары менен тастыйықланады.

Университет қурамында IТ кластер шөлкемлестириледи. Оның тийкарғы жумыс бағдарлары алдынғы сырт ел тәжирийбесине тийкарланған технологиялық ҳәм инновациялық идеяларға бағдарланған стартап жойбарларды жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, миллий ҳәм сырт ел шөлкемлери, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелериниң буйыртпалары тийкарында тәжирийбе-конструкторлық жумысларды әмелге асырыў, автоматластырылған мәлимлеме-таллаў системалары тараўындағы миллий қураллар ҳәм өнимлерди ишки ҳәм сыртқы базарларда алға қойыўдан ибарат.

2028-жыл 1-январьға шекем усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды орынлаў ушын альтернативлери Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын қурылма, программалық ҳәм техникалық қураллар, комплектлеўши бөлеклерди алып кириўде бажыхана төлемлеринен азат етиледи.

Және бир әҳмийетли тәрепи. Ферғана, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятларында "булытлы" мағлыўматлар орайлары иске қосылады. Стартапларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Ташкент мәлимлеме технологиялары ҳәм Инха университетлеринде жасалма интеллект лабораториялары ашылады. Бул бағдарда үш мың мәмлекетлик хызметкер, сондай-ақ, ҳәкимлер ҳәм олардың орынбасарлары тәжирийбе арттыратуғыны күтилмекте.

Бир сөз бенен айтқанда, бул жоқары оқыў орны жаслардың санлы технологиялар бағдарында билим алыўы ҳәм мийнет базарында бәсекиге шыдамлы кәсип ийелеўине қосымша имканиятлар жарататуғыны менен әҳмийетли.

Лутфулла СУВОНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы