Өзбекстан-Корея айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Кейинги жылларда өз-ара бирге ислесиўде үлкен раўажланыўға ерисилгени, барлық дәрежелердеги алмасыў ҳәм сөйлесиўлер жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өз-ара саўда көрсеткишлери турақлы артып бармақта. Корея компанияларының Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестицияларының көлеми 8 миллиард доллардан артты.
Елимизде Корея жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң 4 филиалы, елимиз аймақларында профессионал билимлендириў орайлары табыслы жумыс алып бармақта.
Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги, Корея Эксимбанки ҳәм оның фондлары менен көп жыллар даўамында нәтийжели шериклик етип атырғаны, жойбарлардың улыўма портфели 3,5 миллиард долларға жеткени жоқары баҳаланды.
Әҳмийетли шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў, химия, машина қурылысы, аўыл хожалығы, транспорт, авиация, биотехнологиялар ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы жойбарларды алға қойыўды нәзерде тутатуғын жаңа узақ мүддетли Технология ҳәм санаат шериклиги бағдарламасын таярлаў бойынша келисимге ерисилди.
Усы мәниде, Ҳүкиметлераралық комиссияның болажақ мәжилисин нәтийжели өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Регионаллық, соның ишинде, "Орайлық Азия - Корея Республикасы" форматындағы бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Корея Президентин мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.









