Сессия шеңберинде Өзбекстан делегациясы ағзалары елимизде илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыў, инновацияларды, заманагөй илимий-техникалық жетискенликлерди экономика тармақларына кеңнен енгизиў, климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Сенаторлар ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары "Жаңа Өзбекстан" раўажланыў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар, "жасыл" экономикаға өтиў процесслери, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың социаллық мәплерин қорғаўға қаратылған әмелий илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.
Сапар етиў шеңберинде бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар да болып өтти. Атап айтқанда, Австрия парламенти басшылары, АҚШ Конгресси Сенатының ўәкиллери, Швеция парламенти ағзалары, ЕҚБШ ПА ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми Парламент ассамблеясының бас хаткерлери ҳәм басқа да рәсмий шахслар менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерилди.
Ушырасыўларда парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў, өз-ара пайдалы басламаларды кеңейтиў, бирге ислесиўдиң жоқары дәрежесине өтиў бойынша мазмунлы пикир алысылды.