Сапар шеңберинде энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов агентлик бас директоры Рафаэл Гросси ҳәм оның орынбасарлары менен ушырасыўлар өткерди.

Сөйлесиўлер жуўмағында атом энергиясынан тынышлық жолында пайдаланыў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған "жол картасы"на қол қойылды.

Мағлыўмат ушын: ХАЭА Бас конференциясы 180 ағза мәмлекет ўәкиллерин жыйнап, шөлкемниң келеси жылға мөлшерленген стратегиялық бағдарын белгилейди, заманагөй қәўип-қәтерлер шараятында оның жумысының әҳмийетлилиги ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлейди.