Мәжилисте бир топар депутатлар тәрепинен баслама етилген "Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.

Атап өтилиўинше, бул нызам жойбары ҳәм оның менен тастыйықланып атырған Концепция жойбары усы жылдың 31-январь күни төменги палата мәжилисинде биринши оқыўда қабыл етилип, 10-февральға шекем палатаның рәсмий веб-сайтына жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жайластырылған еди.

Концепция жойбары бойынша додалаўларда барлық ўатанласларымыз үлкен қызығыўшылық пенен қатнасып, өз пикир-усынысларын билдирди. Жәмийетлик додалаў процесинде халықтан 400 ден аслам түсиниклер, усыныслар келип түсти.

Сондай-ақ, 3-февраль күни Нызамшылық палатасында ҒХҚ ўәкиллери ушын баспасөз әнжуманы өткерилип, баслама көтерген депутатлар тәрепинен журналистлердиң жойбарға байланыслы сораўларына жуўаплар берилди. 6-февраль күни болса Нызамшылық палатасында елимиздеги 16 конфессия ўәкиллери менен концепция жойбарын додалаўға бағышланған ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда барлық конфессиялардың ўәкиллери Концепция жойбарын қоллап-қуўатлап, оның қабыл етилиўи елимизде динлер ҳәм конфессиялараралық татыўлықты тәмийинлеўге, тынышлық ҳәм турақлылықты буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Жойбар бойынша илимий-изертлеў мәкемелери, пуқаралық жәмийети институтлары, соның ишинде, Парламент изертлеўлери институты, Демократиялық процесслерди таллаў орайы ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлер тәрепинен де пикир-усыныслар билдирилди.

Келип түскен түсиниклер ҳәм усыныслардың анализи соны көрсетпекте, көпшилик пуқараларымыз усы Концепция өз ўақтында ислеп шығылғанын ҳәм оның қабыл етилиўи елимиздиң раўажланыўы ушын хызмет ететуғынын айрықша атап өтип, оны қоллап-қуўатламақта.

Келип түскен пикир-усыныслар ҳәр тәреплеме үйренип шығылды. Усы усынысларды додалаў ҳәм концепция жойбарын жетилистириўге бағышлап жумысшы топар ҳәм жуўапкер комитеттиң мәжилислери өткерилди.

Мәжилисте Концепция жойбары кең жәмийетшиликтиң пикир-усыныслары тийкарында және де жетилистирилгени айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, пуқараларымыз Жаҳонгир Сафоев, Аҳмаджон Орипов, Амирулло Тохлибоев, Шаҳнозахон Ғоффарова ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында Концепцияның 10 нан аслам бәнтлерине тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Екинши оқыўға таярлаў процесинде жойбарға киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар: түрли конфессиялар арасында өз-ара пикирлесиўди орнатыў, конфессиялараралық татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, Өзбекстан халқының динлерге байланыслы мәденияты және ислам цивилизациясының айқын жетискенликлери сыпатында тән алынған уллы ойшыл ҳәм илимпазлардың диний-философиялық мийрасын, қолжазба дәреклерди үйрениў бойынша илимий-әмелий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлардың билим алыўы ушын кең шараятлар жаратыў және оларды илимге жедел тартыў арқалы олардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў сыяқлы мәселелерге қаратылғаны атап өтилди.

Мәжилисте нызам жойбары ҳәм Концепция жойбары бәнтпе-бәнт додаланды. Депутатлардың сораўларына ҳәр тәреплеме жуўаплар берилди.

Додалаўлар даўамында сиясий партиялар фракцияларының басшылары шығып сөйлеп, Концепция мәмлекетшилигимиз раўажланыўының бай миллий-тарийхый тәжирийбесине ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға сүйенген ҳалда ислеп шығылғанын және көп миллетли ҳәм көп конфессиялы Өзбекстанда улыўма жәмийетлик мәплерди жүзеге шығарыў, демократия, дүньялық, еркинлик, теңлик, социаллық әдиллик ҳәм аўызбиршилик тийкарында өз-ара татыў жасаў ҳәм избе-из раўажланыў ушын зәрүр турақлы орталықты тәмийинлеўге қаратылғанын айрықша атап өтти.

Буннан соң усы концепция ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққындағы нызам жойбары қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилди.