Ата-бабаларымыздың "Тил билген ел билер" деген мәнили ҳикмети бүгинги глобалласыў дәўиринде айрықша әҳмийетке ийе болыўы менен бирге ҳәр бир миллеттиң дүнья жәмийетшилигиндеги орнын белгилеп бериўши норма дәрежесине көтерилди. Жаңа Өзбекстан өз раўажланыўының жаңа басқышына исенимли қәдем қойып атырған екен, зыялылардың мойнына жәмийетимизде шет тиллерин үйрениў мәдениятын арттырыў, жас ҳәм жасы үлкенлерди илим-ағартыўшылыққа шақырыўдай абырайлы ҳәм оғада жуўапкершиликли ўазыйпа жүкленбекте.

Бүгинги технологиялық революция дәўиринде әтирапымызды жасалма интеллект, нейротармақлар ҳәм ҳәр қыйлы онлайн аўдарма бағдарламалары қоршап алған. Ҳәзирги ўақытта айырым ўатанласларымызда "Қолымыздағы смартфон қәлеген текстти демде аўдарып берсе, жыллар даўамында машақат шегип тил үйрениўге не зәрүрлик бар?" деген жүзеки ҳәм қәўетерли көзқараслар пайда болып атырғаны да сыр емес. Бирақ мәселениң мәнисине тереңирек нәзер тасласақ, тил үйрениў тек ғана сөзлерди бир тилден басқасына аўдарыў ямаса әпиўайы коммуникация қуралы емес, керисинше, ол инсан ой-пикирин жетилистириўши, руўхый дүньясын байытыўшы ҳәм дүньяқарасын кеңейтиўши теңсиз фактор екенин аңлап жетемиз. Технология қаншелли жетилискен болмасын, инсаныйлық сезимлер, сөз тийкарындағы нәзик усыллар, миллий менталитетке тән ырғақ ҳәм мәдений кодларды толық жеткерип бериўге уқыпсыз.

Тил үйрениў процеси инсан мийинде жаңа нейрон байланысларды қәлиплестиреди, ядты беккемлейди ҳәм когнитивлик қәбилетти раўажландырады. Ал таяр аўдарма программаларынан турақлы пайдаланыў мийди ериншек етип, дөретиўшилик пикирлеўди сөндириўи мүмкин. Шет тилин жетик өзлестирген қәниге белгили бир тилде сөйлеў менен бирге сол тилге тийисли халықтың мәденияты, тарийхы, қәдириятлары ҳәм дүньяқарасын да өзине сиңдиреди. Нәтийжеде түрли миллетлер арасында ҳақыйқый пикирлеслик ҳәм исеним көпири қурылады.

Жасалма сана бизге мағлыўматты жеткерип бериўи мүмкин, бирақ ол ҳеш қашан көркем шығарманың тартымлылығын, дипломатиялық сөйлесиўлердиң нәзик мийиримин ямаса илимий пикир-таласлардың логикасын инсан сыяқлы терең сәўлелендире алмайды. Усы жерде мәмлекетимиздиң билимлендириў тараўындағы реформаларға айрықша тоқтап өтиў орынлы. Бүгин елимизде шет тиллерди үйрениўди ғалаба ен жайдырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланған. Бул процесс тек ғана мектеп оқыўшылары ямаса студентлер шеңберинде шекленип қалмастан, орта ҳәм үлкен әўлад ўәкиллерин де жедел қамтып алмақта. Мәмлекетлик хызметкерлер, педагоглар, медицина хызметкерлери ҳәм түрли тараў ўәкиллериниң тил үйрениўге қызығыўшылығы материаллық ҳәм руўхый жақтан хошаметленип атырғаны жәмийетимизде үзликсиз билимлендириў принципиниң әмелде енгизилип атырғанынан дәрек береди.

Тил билиў кең мәлимлеме океанына сүңгиў ҳәм жәҳән илиминиң жетискенликлеринен тиккелей пайдаланыў имканияты болып есапланады. Мәлимлеме алмасыў оғада тезлескен ҳәзирги дәўирде дүнья жаңалықларынан, ең соңғы илимий ашылыўлар ҳәм алдынғы тәжирийбелерден өз ўақтында хабардар болыў ҳәр бир қәниге ушын турмыслық зәрүрлик болып есапланады. Ана тилинен тысқары кеминде бир шет тилин билген инсан дүньядағы информация ағымының үлкен бөлегин еркин талқылай алады. Ўақыя-ҳәдийселерге қалыс баҳа бериў көнликпесине ийе болады. Ең әҳмийетлиси, кәсиплик жумысында халықаралық стандартларды енгизеди. Мәлимлемени биринши болып ийелеген ҳәм дурыс таллаған инсан, сөзсиз, бәсеки майданында жоқары шеклерди ийелейди ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосады.

Ҳаял-қызлардың шет тиллерин үйрениўге қызығыўшылығы артып атырғаны миллетимиз генофонды ҳәм келешеги ушын оғада әҳмийетли. Ҳаял миллет тәрбияшысы, шаңарақ қорғанының бийкеси ҳәм жәмийеттиң белсенди ағзасы сыпатында тил билиў арқалы перзентлерине заманагөй билимлерди үйретиў, оларды дүньяға көзқарасы кең, еркин пикирлейтуғын шахс етип камалға келтириўде теңсиз имканиятқа ийе болады. Қалаберди, тил билген ҳаял ушын аралықтан жумыс ислеў, халықаралық жойбарларда қатнасыў, жеке раўажланыў есиклери кеңнен ашылады. Бул болса шаңарақ бюджетине берекет, ҳаялдың өзине исеним ҳәм жәмийетте мүнәсип орын алып келеди.

Бүгинги студентлер кешеги студентлер емес: ҳәзирги жаслардың көз-қарасында илимге қуштарлық ҳәм дүньяны ийелеўге умтылыўшылық сәўлеленбекте. Аудиторияларда сырт ел әдебиятларын түп нусқада оқып атырған, абырайлы халықаралық конференцияларда баянат жасап атырған, сырт елли заманласлары менен еркин пикирлесиўге кирисип атырған жасларды көрип, кеўил көтериледи. Бул жетискенликлер, әлбетте, елимиздеги кең шараят ҳәм айрықша итибардың нәтийжеси болып есапланады. Биз, профессор-оқытыўшылар енди тек ғана лекция оқыў менен шекленип қалмастан, студентлерди глобаллық пикирлеў, шет тиллердеги дәреклер менен ислесиў ҳәм тараўының жетик қәнигеси болыўға шақырыўымыз зәрүр.

Тил үйрениў инсанды миллий тамырларынан узақластырмайды, керисинше, ана тилиниң байлығы ҳәм гөззаллығын және де терең сезиниў, мәдениятын дүньяға танытыўға хызмет етеди. Жадид бабаларымыз да дүньялық илимлерди ийелеў, шет тиллерди үйрениў арқалы миллетти ғәплет уйқысынан оятыў, Түркстанды раўажланыўға баслаўды әрман еткен еди. Бүгин биз әйне усы ийгиликли идеяларды әмелге асырыў, Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолында илгерилеп бармақтамыз. Үйренилген ҳәр бир жаңа сөз, оқылған ҳәр бир китап, өзлестирилген ҳәр бир тил бизди айдын келешекке, жоқары цивилизация ҳәм абадан турмысқа жетеклейди.

Дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеў ҳәм миллий мәплерди қорғаўда тил дипломатиясы оғада үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, пикирин халықаралық минберлерде ақылға уғрас ҳәм тәсиршең баянлай алған қәниге ғана мәмлекет имиджин қәлиплестириўге уқыплы. Бүгинги глобалласыў процесинде тек экономикалық ямаса сиясий емес, ал мәдений экспансия да күшейип бармақта. Усындай ўақытта өзбек тилиниң тазалығын сақлаған ҳалда жәҳән тиллерин толық ийелеўимиз оғада әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде тил үйрениў орталығын және де жанландырыў мақсетинде сөйлесиў клублары, сырт елли қәнигелердиң қатнасыўындағы шеберлик сабақлары ҳәм студентлер алмасыў бағдарламаларын кеңейтиў мақсетке муўапық. Студент грамматикалық қағыйдаларды тек ғана ядлаўы емес, ал тилди жанлы қарым-қатнас процесинде, реал жағдайларда қолланыў көнликпесин пайда етиўи керек. Соның менен бирге, техникалық ҳәм тәбийғый бағдарларда оқып атырған жаслар ушын да тараў терминологиясын қамтып алған қәнигелестирилген шет тили курсларының жумысын күшейтиў дәўир талабы болып табылады. Себеби бүгинги инженер, шыпакер ямаса IТ қәнигеси халықаралық терминологияны билмей турып тараўында жаңалық ислей алмайды.

Жаслардың тил үйрениўге қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаўда шаңарақтың, атап айтқанда, ата-аналардың орны шексиз. Перзентиниң келешегине бийпәрўа болмаған ҳәр бир ата-ана үйде китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириўи, перзентлерин шет тили дөгереклерине тартыўы ҳәм жетискенликлерин хошаметлеп барыўы зәрүр. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, ең үлкен байлық - ақыл-парасат ҳәм илим, ең үлкен мийрас - жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағаллық болса билимсизлик болып есапланады. Демек, перзентлеримизге қалдыратуғын ең баҳалы мийрасымыз олар иелеген заманагөй билим ҳәм шет тиллер болыўы шәрт.

Үлкен әўлад ўәкиллериниң тил үйрениўге кирисиўи де жәмийетте өзине тән унамлы психологиялық орталықты пайда етеди. Жаслар атасы, кемпир апалары ямаса ата-анасының китап оқып атырғанын, жаңа сөзлерди ядлап атырғанын көрип, олардан өрнек алады ҳәм илим алыўға болған қызығыўшылығы және де артады. Жасы үлкен инсанлар ушын болса тил үйрениў тек ғана ақылый белсендиликти сақлаў емес, ал заман менен тең қәдем таслаў, ақлықлары менен бир тилде сөйлесиў ҳәм дүнья жаңалықларынан хабардар болыў қуралы болып есапланады. Жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы, жасы ҳәм кәсибине қарамастан, өз үстинде ислеўден тоқтамаўы, бәрқулла жоқарылаўға умтылыўы жаңа Өзбекстан пуқарасына тән пазыйлет болыўы керек.

Тил тек ғана байланыс қуралы емес, ал имканиятлар гилти, раўажланыў факторы ҳәм тынышлық елшиси болып есапланады. Технологиялар бизге жәрдем бериўи мүмкин, бирақ инсан ақылы, жүрек жыллылығы ҳәм пикирлеў қүдиретиниң орнын баса алмайды. Өзбекстанның өз алдына қойған уллы мақсетлерине ерисиўи, раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўында халқымыздың жоқары мәнаўияты, илимий потенциалы ҳәм тил билиў мәденияты шешиўши орын ийелейди.

Наргиза РАШИДОВА,

Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик

өзбек тили ҳәм әдебияты университети доценти