Тәбийғый ресурслары шекленген бул аймақ экономикасы структуралық өзгерислер арқалы раўажланбақта. Кейинги сегиз жылда 2 миллиард доллар инвестиция киргизилип, 25 мыңнан аслам санаат кәрханалары ашылған. Өндирис көлеми 2,2 есеге артқан. Бүгин ўәлаятта тоқымашылық, автомобиль қурылысы, электр техникасы, азық-аўқат ҳәм қурылыс материаллары санааты бар.
Тассақа магистраль каналының қайта тиклениўи нәтийжесинде Хорезм ушын оғада әҳмийетли болған суўғарыў системасы жақсыланды. Әмиўдәрья үстинде жаңа көпирдиң қурылысы ўәлаят халқының узағын жақын етти.
Сегиз жылда ўәлаятта 660 көп қабатлы турақ жай қурылып, 21 мың шаңарақ жаңа турақ жайға ийе болды. 4 мың 751 километр ишимлик суўы ҳәм 206 километр канализация тармағы қурылды, 580 мың халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суўынан пайдаланады.
Усы жылдың басынан берли 100 мың жәрдемге мүтәж халық жумыс пенен тәмийинленди. Кәмбағаллық дәрежеси январьдағы 12 проценттен 6,8 процентке түсип, ең жақсы көрсеткиш болды.
Бундай жумысларды буннан былай да кеңейтиў мақсетинде Хорезм ўәлаятында да "Реформалар штабы" дүзилди. Презентацияда исбилерменлердиң усыныслары тийкарында ислеп шығылған жаңа жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Мәселен, Қубла Кореяның 100 миллион доллар инвестициясы есабынан Үргенш районында шығындыны жағыў арқалы электр энергиясын алыў жойбары мөлшерленген.
Австралия компаниясы 820 миллион доллар инвестиция киргизип, Топыраққала районында 600 мың тонна экологиялық таза авиация жанылғысы ҳәм 50 мың тонна "жасыл дизель" ислеп шығарыў усынысын билдирген. Кәрхана мүтәжлиги ушын 5,5 мың гектарда 4 гигаватт қуяш панеллери орнатылыўы нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, Словакия кәрханасы 170 миллион доллар есабынан Топыраққала районында 5 мың гектарда рапс жетистирип, биожанылғы ислеп шығарыў заводын қурыўды режелестирген.
Улыўма, Хорезмде 2 миллиард 400 миллион долларлық жаңа жойбарлар таярланған. Сондай-ақ, қала ҳәм районлардың қосымша имканиятлары есабынан және 86 миллион долларлық перспективалы жойбар ҳәм басламалар қәлиплестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы инвесторларға қолайлық жаратып, жойбарларды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди.
Ўәлаяттағы санаат зоналарынан толық пайдаланылмай атырғаны көрсетип өтилди. Инфраструктура ҳәм жер категориясы мәселесин шешип, 100 ден аслам жойбарды иске қосыў зәрүр екенлиги айтылды. Хорезмниң жайласыўынан келип шығып, санаат бағдарларын пуқта режелестириў, оған ўәлаяттың ишки потенциалын толық жумсаў керек екенлиги атап өтилди.
Исбилерменликти раўажландырыў, жасырын экономика үлесин қысқартыў мәселелерине де тоқтап өтилди.












