Себеби, ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыў жолы ҳәм жәмийеттеги реформаларды баҳалаўда миллетлераралық қатнасықлардың беккемлиги, жәмийеттеги кеңпейиллик орталығының қаншелли тәмийинленгени әҳмийетли өлшем сыпатында айрықша итибарға алынады.
Мәмлекетимизде болса бул принциплер тарийхый тамырларға ийе екенлиги менен де айрықша әҳмийетке ийе. Яғный, исеними, тили, дини ямаса расасына қарамастан, ҳәммеге бирдей ҳүрмет, жақсы тилек ҳәм мийрим-шәпәәт пенен мүнәсибетте болыў, инсан қәдирин улығлаў халқымыздың әзелий қәдирияты болып есапланады.
Елимизде бул қәдириятларды қәстерлеп сақлаў, жәмийетимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықтың әҳмийетли факторы болған миллетлераралық қатнасықларды раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында белгиленип, усы тийкарда избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Елимизде әййемги дәўирлерден берли даўам етип киятырған этникалық көп түрлилик сийрек ушырасатуғын социаллық ҳәдийсе сыпатында баҳаланып, миллетлер ҳәм халықлар, конфессиялар арасындағы татыўлықты сақлаў, оны буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Президентимиз бул бағдарда жәмийетимизде ерисилип атырған өзине тән жетискенликлер ҳәм тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында тоқтап, "Бизиң ең үлкен байлығымыз - Өзбекстанды өзи ушын бирден-бир Ўатан деп билетуғын көп миллетли уллы халқымыз болып есапланады. Жанажан елимизде қәлиплескен миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты - мине усындай бийбаҳа ғәзийнемизди көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў бәршемиздиң уллы миннетимиз", деп айрықша атап өткен еди.
Ҳақыйқатында да, жаңа Өзбекстанда ата-бабалардың руўхый мийрасына садықлық тийкарында миллетлер ҳәм конфессиялараралық татыўлық ҳәм өз-ара бир-бирин түсиниў, жас әўладты кеңпейиллик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Бул бағдарда тийисли ҳүжжетлер қабыл етилип, әмелий жумыслар жыл сайын кеңеймекте. Бәринен бурын, улыўма миллий татыўлықтың әҳмийетли бағдары сыпатында Өзбекстанда жасайтуғын түрли миллет ҳәм халықлардың мәденияты, тили, үрп-әдетлери, қәдириятлары менен дәстүрлерин сақлаў ҳәм жас әўладқа жеткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.
Бул бағдардағы жумысларды системалы әмелге асырыўда миллий мәдений орайлардың орны оғада әҳмийетли. Усы мақсетте олардың жумысы мәмлекетимиз тәрепинен турақлы қоллап-қуўатланбақта. Президентимиздиң басламасы тийкарында бул орайлардың жумыс ислеўи, ҳәр қыйлы илажларды әмелге асырыўы ушын мәмлекетлик субсидиялар ажыратылмақта.
Буннан тысқары, дерлик барлық миллий мәдений орайлар ушын аймақларда шөлкемлестирилген "Дослық үйлери"нен орын ажыратылған ҳәм олар бул орынлардан пүткиллей бийпул тийкарда пайдаланбақта. Сондай-ақ, Ташкент қаласында жайласқан Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет имаратында да республика ҳәм Ташкент қаласы дәрежесиндеги 27 миллий мәдений орай емин-еркин жумыс алып барыўы ушын барлық шараят жаратылған. Әсиресе, комитет жайласқан имарат әтирапында миллетлераралық дослықтың өзине тән белгиси болған Миллий мәдений орайлар павильонының қурылғаны, ол жерде 22 миллетке тән миллий үйлер қурылғаны миллий мәдений орайларға үлкен саўға болды.
Елимизде бул бағдарда қәлиплескен ийгиликли принциплерди кеңнен көрсетиў, жәмийетимиздеги өз-ара дослық, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик, кеңпейиллик орталығын және де беккемлеў мақсетинде 2021-жылдан берли ҳәр жылы 30-июль мәмлекетимизде Халықлар дослығы күни сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте.
16-ноябрь - Халықаралық кеңпейиллик күни мүнәсибети менен болып өткен ҳәр қыйлы илажлар процесинде халықларымыз арасындағы бул бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери және де айқын көзге тасланды. Ҳәптелик шеңберинде елимиздиң барлық аймақларында түрли мәдений-ағартыўшылық илажлар, илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестирилди. Тәбийғый, бундай илажлар, миллетлераралық татыўлық орталығын беккемлеўге қаратылған ийгиликли реформалар нәтийжесинде жәмийетимизде кеңпейиллик орталығы барған сайын беккемленбекте. Көп миллетли халқымыз бир жан, бир тән болып, келешеги уллы жаңа Өзбекстанды қурыў жолында бир тән, бир жан болып алға умтылмақта.
Данышпан халқымыз айтқанындай, тилеклеслик бар жерде жеделлик, раўажланыў болыўы тәбийғый. Буны бүгин ҳәр қыйлы тараўларда ерисилип атырған жетискенликлер де айқын көрсетеди. Мысал ушын, жәмийетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы избе-из ҳәрекетлер себепли кейинги сегиз жылда экономикамызға 130 миллиард доллар инвестиция кирип келди, мыңлаған жаңа қуўатлықлар иске қосылды, миллионлаған турақлы жумыс орынлары жаратылды. Жеке меншик секторға кеңнен жол ашылып, ҳәр бир инсан мүнәсип мийнет етиўи ушын зәрүр шараятлар жаратылыўы нәтийжесинде жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетпекте.
"Инсан қәдири ушын" ийгиликли идеяға тийкарланған реформалар нәтийжесинде халықты социаллық қорғаў, кәмбағаллықты азайтыў, халқымыз саламат ҳәм узақ жасаўы ушын қолайлы орталық жаратыў бағдарында әҳмийетли нәтийжелерге ерисилмекте.
- Заманагөй Өзбекстан бүгин ең турақлы, кеңпейил ҳәм мәдений ҳәр түрлиликке ашық мәмлекет сыпатында өзин дүньяға кеңнен көрсетпекте, - дейди Әзербайжан миллий мәдений орайының басшысы Мобил Мамедов. - Бул муқаддес жерде көплеген миллет ҳәм халық ўәкиллери, 16 диний конфессия ағзалары бирден-бир шаңарақ сыяқлы мийрим-шәпәәт, өз-ара ҳүрмет ҳәм бирге ислесиў орталығында жасамақта. Бул тек ғана социаллық татыўлық емес, ал Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған "Жаңа Өзбекстан - улыўма үйимиз" сиясатының айқын нәтийжеси болып есапланады. Басқа миллет ўәкиллери қатарында әзербайжан диаспорасы да мәмлекетимиздиң экономикалық, социаллық ҳәм мәдений турмысында белсене қатнасып, жаңа Өзбекстанды қурыўға нәтийжели үлесин қоспақта. Әзербайжан миллий мәденият орайы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет пенен тығыз бирге ислесиўде жумыс алып барып, еки туўысқан халық - өзбек ҳәм әзербайжан халықлары арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық байланысларын және де беккемлеўге хызмет етпекте.
Орайдың басламасы менен турақлы түрде мәдений илажлар, әдебий-көркем кешелер, көргизбелер, илимий конференциялар ҳәм музыкалық бағдарламалар өткерилмекте. Бул илажлар халықларымыз арасындағы өз-ара ҳүрмет, кеңпейиллик ҳәм тыныш-татыў жасаўдың ең гөззал үлгисине айланған. Өзбекстанның келешеги мине усындай жақсы дәстүрлер - дослық, аўызбиршилик ҳәм өз-ара ҳүрмет үстине қурылып атырғаны жәмийетимизде ерисилип атырған үлкен жетискенликлердиң әҳмийетли тийкары болмақта.
Тамырлары тутас, тарийхы ҳәм келешеги бир жер
Түрли миллетлер арасындағы дослық, бирге ислесиў байланыслары ҳаққында сөз болғанда, бул ўазыйпаларды толық шешиў халқымыз ушын тек ғана миллий емес, ал регионаллық характерге ийе екени менен де ажыралып турады. Орайлық Азия регионы халқы тарийхы, өзлиги, дини, қәдириятлары бир болған туўысқан ҳәм дос халықлар болып есапланады. Усы мәнисте, миллетлер аралық татыўлық мәселесинде гөзленген мақсетлерге ерисиў ушын жақын туўысқанларымыз болған қоңсы мәмлекетлер халықлары менен байланысларымызды да итибардан шетте қалдырыўға болмайды.
Сыр емес, буннан он жыллар бурын тамырлары бирдей, байланыслары тутас болған халықларымыз арасында өз-ара қатнасықлар мақтанышлы емес еди. Кейинги жыллары Президентимиздиң беккем сиясий ерк-ықрары менен регионымыздағы туўысқан мәмлекетлер арасындағы дослық байланыслар жаңа басқышқа көтерилип, дүнья сиясатында "Орайлық Азия руўхы" деген сөз ҳәм ҳақыйқатлық пайда болғаны бәршемиздиң үлкен жетискенлигимиз болды. Нәтийжеде қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиў раўажланды. Өз-ара шегаралар ашылып, жаңа өткериў пунктлери қурылды, авиақатнаўлар, темир жол ҳәм автобуслар жөнелислериниң жолға қойылғаны өз-ара барыс-келислерди бир неше есеге арттырыў, мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў имканиятын берди.
Нәтийжеде регион мәмлекетлериниң улыўма туристлик ағымында ишки регионаллық туризмниң үлеси 80 проценттен артты. Қалаберди, дослық қатнасықлар, өз-ара байланыслардың избе-из раўажланыўы нәтийжесинде регионымызда жаңа экономикалық ҳақыйқатлық қәлиплеспекте. Кейинги сегиз жыл даўамында Орайлық Азия мәмлекетлериниң жалпы ишки өними дерлик еки ярым есеге өсип, 520 миллиард долларға, сыртқы саўда көлеми болса еки еседен зыят көбейип, 253 миллиард долларға жетти. Соның менен бирге, регион мәмлекетлери арасындағы өз-ара саўда көлеми 2 есеге артып, дерлик 11 миллиард долларға жетти, өз-ара инвестициялар болса 5,6 есеге көбейди.
Жақынға шекем әрман болып көринген еркин ҳәрекетлениў, өз-ара ҳүрмет, жақынлық ҳәм исеним сезими ҳақыйқатқа айланды. Ең әҳмийетлиси, туўысқан халықларымыз болып атырған барлық унамлы өзгерислерди өзиниң күнделикли турмысында сезинбекте. Бүгин дүньяның түрли регионларында миллий ҳәм диний тийкарда түрли келиспеўшиликлер даўам етип атырған ҳәзирги оғада қәўипли жағдайда мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслар усы тәризде раўажланып атырғаны бийбаҳа байлығымыз болған тынышлық, парахатшылық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм татыўлық орталығын және де беккемлеўге хызмет етпекте.
Президентимиздиң жақында басып шығарылған "Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында" мақаласында регион мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери терең талланып, Өзбекстан ушын регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў тактикалық таңлаў емес, ал Орайлық Азияның келешеги ушын улыўма жуўапкершиликти аңлаўдан келип шығатуғын саналы стратегиялық қарар екени айрықша атап өтиледи.
Усы күнлерде пайтахтымызда болып өтип атырған Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, тийкарғы тараўларда қоспа жойбарлар менен басламаларды әмелге асырыў менен бирге дослық, туўысқанлық байланысларын буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли нәтийже беретуғынына гүман жоқ.
- Орайлық Азия регионы әййемнен Шығыс ҳәм Батысты байланыстыратуғын стратегиялық аймақ сыпатында жәҳән цивилизациясы тарийхында әҳмийетли орын ийелеген, - дейди Қырғыз миллий мәдений орайының басшысы Раҳматилла Жабборов. - Уллы жипек жолы арқалы қәлиплескен саўда, мәденият ҳәм илимий алмасыў процеси регион халықларын әсирлер даўамында бирлестирип келген. Сонлықтан, тарийхый жақтан бул аймақтың раўажланыўы бәрқулла қоңсы мәмлекетлер менен тығыз байланыслар, саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм мәдений интеграцияға тийкарланған. Кейинги жылларда Өзбекстанның сыртқы сиясатында Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиў тийкарғы бағдарға айланғаны тарийхый дәстүрлеримизге жаңаша мәнис бағышлап, халықларымыз арасында дослық ҳәм бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтермекте. Өз-ара бирлигимиз, аўызбиршилигимизге қәўип салып атырған көплеген машқалалар ақылға уғрас шешим таппақта. Орайлық Азия регионын турақлылық, раўажланыў ҳәм бирге ислесиў аймағына айландырыў идеясы жәмийетимизде ерисип атырған жетискенликлердиң әҳмийетли тийкары болмақта. Бул процесстеги реформаларда елимиздеги барлық миллетлердиң қарарында үш жүз мыңнан аслам қырғыз диаспорасы да белсене қатнасып атырғаны үлкен жетискенлигимиз болып есапланады. Өзбекстан усы жерде жасап атырған барлық халықлар қатарында қырғызлар ушын да киндик қанымыз тамған муқаддес ўатан болып есапланады. Оны көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, елимиздиң раўажланыўын жоқарылатыў, жәмийетимиздеги татыўлық ҳәм турақлылық орталығының турақлы болыўына үлес қосыў бәршемиздиң перзентлик миннетимиз болып есапланады.
Мәдениятлар үнлеслиги ҳәм дослық руўхы
16-ноябрь - Халықаралық кеңпейиллик күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген кеңпейиллик ҳәптелиги ҳақыйқый дослық, аўызбиршилик байрамына айланып кетти. Ҳәптелик шеңберинде Миллий мәдений орайлар павильонында өткерилген "Бағрикенглик оҳанглари" үлкен концерт бағдарламасы елимиздеги миллетлераралық татыўлық, аўызбиршилик ҳәм дослық дәстүрлериниң айқын көриниси болды. Илажда Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер шеберлери, сондай-ақ, елимизде жумыс алып барып атырған миллий мәдений орайлардың ҳәўескер топарлары қатнасты.
Салтанатлы илажда шығып сөйлегенлер кеңпейиллик принциплериниң Өзбекстан раўажланыўында тутқан орны, мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликте жасап атырғаны ҳаққында сөз етти. Сондай-ақ, ЮНЕСКОның 1995-жылы қабыл етилген Кеңпейиллик принциплери декларациясы бүгинги күнде дүньяда тынышлық, раўажланыў ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеўде тутқан орны ҳаққында пикир алысылды.
Илаж даўамында миллий мәдений орайлардың ўәкиллери тәрепинен елимиздеги түрли мәдениятлардың үнлеслиги ҳәм миллетлераралық дослық руўхы үгит-нәсиятланды. Концерт соңында барлық қатнасыўшылар биргеликте атқарған "Өзбекстан - улыўма үйимиз" қосығы дөгерекке өзгеше пайыз бағышлады. Усы тәризде, "Бағрикенглик оҳанглари" концерт бағдарламасы тек ғана музыка ҳәм көркем өнер байрамы емес, ал халықлар дослығы, тынышлық ҳәм турақлылықты улығлаўшы руўхый бирлесиў белгисине айланды.
Ҳәптелик шеңберинде Ташкент фотосүўретлер үйинде "Өзбекстан - кеңпейил дияр" темасында фотокөргизбе шөлкемлестирилди. Көргизбеде Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет ҳәм миллий мәдений орайлар, дослық жәмийетлери менен биргеликте өткерилген илажлар, елимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм дин ўәкиллериниң турмыс тәризи, мәденияты, үрп-әдетлери сәўлелендирилген 100 ден аслам дөретпелер көрсетилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясында "Конфессиялараралық сөйлесиў ҳәм диний кеңпейиллик - жәмийет турақлылығының гиреўи" атамасында дөгерек сәўбети, Жаслар дөретиўшилик сарайында "Жаслар кеңпейиллик елшилери" атамасында ушырасыўлар өткерилди. Бул илажларда миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, жасларда кеңпейиллик мәдениятын қәлиплестириў, диний конфессиялар арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм қарым-қатнасты кеңейтиў ҳаққында сөз болды.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамындағы әдебий илаж да усы сәнеге бағышланды. Онда мәмлекетимизде жасап дөретиўшилик етип атырған түрли миллет ўәкиллери - жазыўшы ҳәм шайырлар, миллий мәдений орайлардың ўәкиллери ҳәм жас дөретиўшилер қатнасты.
Илажда мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллериниң дөретиўшилик жумысын қоллап-қуўатлаў, олардың мәдений мийрасын қәстерлеп-сақлаў ҳәм әдебият арқалы миллетлераралық татыўлықты беккемлеў бағдарында алып барылып атырған сиясаттың әҳмийети ҳаққында пикирлесилди.
- Өзбекстан барлық халық тыныш-татыў жасап атырған көп миллетли мәмлекет, - дейди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының бөлим баслығы Маъмура Зоҳидова. - Бүгинги күнде елимизде жумыс алып барып атырған миллий мәдений орайлар ҳәм дослық жәмийетлериниң барлығына тил, мәденият ҳәм үрп-әдетлерин раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылған. Жазыўшылар аўқамы қатарында өзбек дөретиўшилери менен бир қатарда тәжик, қазақ, қырғыз, қарақалпақ ҳәм рус тиллеринде дөретиўшилик пенен шуғылланыўшы жазыўшы, шайыр, драматург ҳәм әдебияттаныўшылар да бар. Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, сондай-ақ, аўқам жанындағы қазақ, рус ҳәм тәжик әдебияты кеңеслери әдебий бирге ислесиўдиң беккем тийкарына айланған.
Өзбек әдебиятын байытқан Сергей Бородин, Явдот Илёсов, Зоя Туманова, Михаил Сале, Шерали Лойиқ, Александр Файнберг, Нинел Владимирова сыяқлы дөретиўшилердиң аты бүгин де ҳүрмет пенен тилге алынады. Олардың изинен баратырған Кеңесбай Каримов, Николай Илин, Қәлдибек Сейданов, Пайман, Галина Долгая сыяқлы жазыўшылар Өзбекстан әдебий мәканының заманагөй көп тилли ҳаўазын қәлиплестирмекте.
Илаж соңында түрли миллий мәдений орайлар - уйғыр, түркмен, тәжик, түрк, қырғыз, қазақ ҳәм әзербайжан дөретиўшилери тәрепинен басып шығарылған китаплар көргизбеси шөлкемлестирилди. Көргизбе қатнасыўшыларға туўысқан халықлардың әдебий мийрасы, олардың Өзбекстанның мәдений турмысындағы орны ҳәм үлесин және де тереңирек аңлаў имканиятын берди.
Бир сөз бенен айтқанда, ҳәптелик шеңберинде өткен ҳәр бир илаж "Өзбекстан - кеңпейил дияр" идеясының турмысымызда берип атырған нәтийжелерин көрсетип, миллетлераралық татыўлық, дослық ҳәм аўызбиршилигимиздиң айқын үлгиси болды.
Баҳор ХИДИРОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы