Усындай пайытта жадид бабамыз Абдулла Авлонийдиң "Тәрбия биз ушын я өмир - я өлим, я қутқарыў - я апатшылық, я бахыт - я апат мәселеси", деген сөзлери тәкирарланса да, қыялымыздан өте береди. Себеби тәлим-тәрбия кешиктирип болмайтуғын, ескирмейтуғын тема. Бул мәселе өз дәўиринде қаншелли зәрүр болған болса, бүгин де ҳеш қандай әҳмийетин жоғалтқан жоқ. Керисинше, тәлим-тәрбия турақлы итибардағы мәселе болып қалмақта. Яғный, айтыў керек, бүгин жаңа Өзбекстанда билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған ҳәр қандай жойбар, баслама ҳәм идея келешек ушын қойылған беккем тырнақ, үлкен қәдем болмақта.
Жаңа Өзбекстанның тийкары тәрбия, билимлендириў ҳәм илим. Биз таңлаған жол усы. Артқа қайтпайтуғын түрге енген реформаларымыздың мақсети де соннан ибарат. Бизиңше, бул ең дурыс ҳәм ақылға муўапық ис тутыў. Демек, илимсиз ҳеш қандай нәтийжеге ерисип болмайды. Тәрбия ҳәм билимлендириў мине усы жолдың басы. Жаңа Өзбекстан сыпатында дүньяға танылып атырған мәмлекетимиз реформалары мине усының менен дыққатқа ылайық.
Реформалардың дәслепки басқышында-ақ мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыўға үлкен итибар қаратылды. 2017-жылы 4 мыңнан аслам мәҳәлледе бир де бақша жоқ еди, қамтып алыўы 27 проценттен артпайтуғын еди. Бүгинги күнде болса бақшалардың саны 38 мыңнан, қамтып алыўы болса 78 проценттен артты.
Кейинги жети жылда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи ушын ажыратылып атырған қаржы жети есеге арттырылғаны, быйылғы жылы 60 триллион сумды қурағаны себепли мектеплерде 1 миллионға шамалас, бақшаларда 1,5 миллион жаңа орын жаратылғаны Өзбекстан өз перзентлериниң тәғдирине қаншелли қайғырып атырғанын билдиреди.
Ҳәзирги ўақытта елимизде 7 мың мәмлекетлик ҳәм 31 мыңнан аслам жеке меншик бақша жумыс алып бармақта. Алты жасар балалардың 96 проценти мектепке таярлаў топарларына қамтып алынған. Келеси жылы бул сан 100 процентке шығады.
Улыўма, өткен сегиз жылда билимлендириў ҳәм илимге қәрежетлер 6 есеге арттырылып, 378 триллион сум ажыратылды. Бул қаржы қай жерге жумсалып атыр, деген сораўға болса орынларда бой тиклеп атырған заманагөй бақша, мектеп, жоқары оқыў орынлары мысалында, устаз ҳәм тренерлердиң материаллық мәпдарлығы турақлы арттырып барылып атырғанында көринеди. Қысқасы, соңғы жылларда тәлим-тәрбия тараўында он жылларға тең келетуғын жумыслар исленип, үлкен нәтийже ҳәм жетискенликлерге ерисилмекте.
Мектеплеримиздиң келбети түп-тийкарынан өзгерип, олар шын мәнисинде жаңа Өзбекстанның тымсалына айланып бармақта. Мектеп - әжайыбат, китап, муғаллимлер өтетуғын ҳәр бир сабақ теңсиз ғәзийне. Бүгин елимиздеги 10 мыңнан аслам мектепте 6,5 миллион оқыўшы ҳәм бир миллионға шамалас муғаллим әне усындай шараятта оқып-үйренбекте, нәтийжели жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысы 8-сентябрь күни билимлендириўдиң барлық буўынларында әмелге асырылып атырған жойбар ҳәм режелер, әмелий жумыслар менен танысты. Солардың айырымларын келтиремиз. Жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, қәбилети ҳәм талантын жүзеге шығарыўда тутас система жоқ еди. Сонлықтан, балалар бақшасынан жоқары билимлендириўге шекем қамтып алған бирден-бир миллий идея концепциясы ислеп шығылды. Ол руўхый-ағартыўшылық илажлардың үлги режеси болады. Нәтийжеде бундай жумыслар тәртипли ҳәм сапалы шөлкемлестирилип, оқыўшылар артықша илажларға тартылмайды. 2026-2028-жыллары республикамыз бойлап Балаларды раўажландырыў инновациялық орайын өз ишине алған "Жаңа әўлад" мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тармағы шөлкемлестириледи.
2026-жылдан баслап ҳәр жылы улыўма билим бериў мектеплери арасында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын "Алдынғы инженерлик мектеби" миллий таңлаўы өткериледи.
Және бир жаңалық муғаллимшиликке меҳир қойған жасларды хошаметлеўге қаратылған. Ҳәзирге шекем бул тараўда айрықша мәмлекетлик стипендия жоқ еди. Быйылғы оқыў жылынан педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ушын Абдулла Авлоний атындағы мәмлекетлик стипендия шөлкемлестирилди. Көп өтпей, бул стипендия ваучеры биринши ийесине тапсырылды. Бул илим жолындағы жаслар ушын үлкен күш ҳәм руўх беретуғыны сөзсиз.
Бул бағдардағы жумыслар тап билимлендириў ҳәм тәрбиядағы сыяқлы үзликсиз процесске айланды. Презентацияның ертеңине Президентимиздиң басшылығында мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи тараўындағы реформалардың орынланыўы және келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти. Мәмлекеттиң келешеги, экономиканың раўажланыўы, бәринен бурын, билимли әўладқа байланыслы. Елимизде бақша ҳәм мектеплер қурыў, заманагөй оқыў бағдарламаларын қолланыў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша исленип атырған жумыслар мине усыған қаратылған. Бул мәжилис те жаңалықларға бай болды.
Быйыл мектепке шекемги билимлендириўдеги орынлардың санын 182 мыңға көбейтиў режелестирилген. Олардың 82 мыңы жаңа бақшалардың үлесине туўра келеди. Қалған 100 мың орын ески бақшаларды оңлаў арқалы ҳәм жеке меншик сектордың қатнасыўында шөлкемлестириледи.
Жаңа оқыў жылынан орта арнаўлы мағлыўматлы тәрбияшылар ушын бес күн ислеп, бир күн оқыйтуғын бакалавр тәлим түри енгизиледи. Бул система арқалы бақшаларға ҳәр жылы дерлик 10 мың жоқары мағлыўматлы қәниге кирип келеди. Келеси жылы ҳәр бир ўәлаятта бақша тәрбияшыларының педагогикалық шеберлигин арттырыўға методикалық жәрдемлесетуғын "Жаңа әўлад" бақшалары қурылады.
Келеси жылы Өзбекстанда биринши мәрте мектеп оқыўшылары арасында абырайлы халықаралық химия ҳәм информатика олимпиадалары өткериледи. Сондай-ақ, келеси оқыў жылынан жоқары классларға жасалма интеллект бойынша сабақлар киргизиледи. Буның ушын 2 мың класс ханасы компьютер ҳәм интерактив доскалар менен тәмийинленеди. Қәбилетли жасларға шараят жаратыў ушын ўәлаятларда мәлимлеме технологияларына қәнигелескен Ал-Хорезмий, инженерлик бойынша Мырза Улығбек, тәбийғый пәнлер бағдарында Ибн Сина мектеплериниң филиаллары шөлкемлестириледи.
Жаңа Өзбекстанда ең әҳмийетли тараў - билимлендириў, ең ҳүрметли инсанлар - муғаллим ҳәм устазлар болып есапланады.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллардағы жумыслардың нәтийжесинде тәлим-тәрбия реформаларымыздың тийкарғы бағдарына, тараў ўәкиллери болса ең ҳүрметли кәсип ийелерине айланбақта. Жақынға шекем тараў қатарында устазлардың жумысы да итибардан шетте қалып атырған еди. Бүгинги өзгерислер, режелер ҳәм басламаларды көрип болсақ, еле бул бағдардағы жумыслар және избе-из даўам еттирилетуғынына исенемиз.
Мәмлекетимиз басшысының Бостанлық районында муғаллимлер ҳәм устазлар менен өткерген сөйлесиўи ўақтында билдирилген пикирлер буны және бир мәрте дәлилледи. Атап айтқанда, жаңа жылдан баслап кеминде 15 жыл стажға ийе болған жоқары категориялы педагогларға ипотека кредити басланғыш төлеминиң 25 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Егер келеси жылы педагоглардың перзентлери мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирсе, контракт суммасына 30 процент шегирме бериледи.
Буннан тысқары, баслаўыш билимлендириў муғаллимлерине де миллий сертификат бериў системасы енгизиледи ҳәм оны алғанларға ҳәр айда 15 процент үстеме төленеди. Бакалавр басқышын айрықша диплом менен питкерип, мектепке жумысқа киргенлерге автомат тәризде 2-қәнигелик категориясы, магистрлерге болса 1-қәнигелик категориясы бериледи.
Дүньядағы ТОП-300 жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген педагогларға 20 мың долларға шекем жеңиллетилген тәлим кредити ажыратылады. Рейтингте 100ликке кирген мектеп ҳәм бақша, 20 техникум, ТОП-10 жоқары оқыў орны педагогларына жылына бир мәрте Өзбекстан бойлап саяхат етиў ушын самолёт ҳәм поезд билетлериниң баҳаларына 15-20 процент шегирме бериледи. Қысқасы, ушырасыўда муғаллимлер ушын бундай жаңалық ҳәм қолайлықлар көп айтылды. Тек айтылып қоймастан, олардың орынланыўын тәмийинлеўге кирисилди. Буннан устаз ҳәм тренерлер оғада қуўанышлы болды ҳәм олар буған ҳақылы. Себеби, бүгин муғаллимлердиң статусы басқаша. Олар айрықша итибар ҳәм тән алыўға ылайық кәсип ийелери. Енди бурынғыдай ҳәр қыйлы шембилик ҳәм майда жумысларға ғалаба тартылатуғын тараў ўәкиллери емес. Ҳәзир оқыўшы ҳәм муғаллим оқыў жылы басланыўы менен пахта атызына алып шығылмай атыр. Керисинше, олардың мүнәсип оқыўы ҳәм оқытыўы ушын мүнәсип шараят жаратып бериўге ҳәрекет етилмекте.
Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде "…Соңғы жылларда Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежесин 35 проценттен 6,6 процентке шекем қысқартыўға еристик. Оған, бәринен бурын, билимлендириў ҳәм илим тараўын өзгертиў, инновациялық тармақлар ҳәм технологиялық санаат кәрханаларын қурыў, "жасыл" энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, киши бизнести ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм нәтийжеде миллионлаған жумыс орынларын жаратыў арқалы ериспектемиз... Ең тийкарғысы - оқытыўшы ҳәм устазлық кәсибиниң абырайы ҳәм дәрежесин кескин арттырыўға шешиўши мәселе сыпатында қарамақтамыз", деп атап өтти.
Илим мәртебелердиң ең уллысы, деген гәп бар. Ҳақыйқатында да, қай жерде илим ҳәм ағартыўшылық күшли болса, сол жер бахыт мәканына айланады. Билим адамлары дөретиўши күшке айланады. Жаңа Өзбекстанның бүгинги сиясаты мине усы абаданлықты гөзлеген. Бул илим, технология жедел раўажланып баратырған шараятта ең дурыс жол. Раўажланыўдың тийкары болған билим болса ҳәр қашан ҳәм ҳәр жерде зәрүр.
Дилшод УЛУҒМУРОДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы