Мине усындай шараятта креатив экономика түсиниги әпиўайы экономикалық бағдар емес, ал раўажланыўдың пүткиллей жаңа парадигмасы сыпатында көзге тасланбақта. Оның орайында тәбийғый байлықлар емес, ал инсанның интеллектуаллық потенциалы, дөретиўшилик пикирлеўи ҳәм инновациялық идеялары турады. Креатив экономика - билим, талант ҳәм мәдений мийрасты экономикалық қунлыққа айландырыў процеси болып табылады. Мәлимлеме технологиялары, санлы индустриялар, дизайн, медиа, архитектура, стартап экосистемалары сыяқлы тараўлар оның ҳәрекетлендириўши күши болып есапланады. Бул моделде ең баҳалы капитал - инсан капиталы, ең әҳмийетли ресурс болса дөретиўшилик.

Мәмлекет көлеминде креатив экономика экономикалық диверсификацияның стратегиялық қуралына айланбақта. Ол экономиканы шийки затқа ғәрезлиликтен азат етеди, жоқары қосымша қунлы өним ҳәм хызметлер жаратыўға тийкар жаратады, жаңа жумыс орынларын қәлиплестиреди. Соның менен бирге, миллий бренд ҳәм мәдений имиджин беккемлеп, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы бәсекиге шыдамлылығын арттырады. Ең әҳмийетлиси, ол жас әўлад ушын өз қәбилети ҳәм басламасын жүзеге шығарыў имканиятын жаратып, социаллық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

Усы жыл 12-февраль күни мәмлекетимиз басшысы креатив экономиканы раўажландырыў, мәденият мәкемелериниң инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм жаңа креатив мәканларды қурыўға байланыслы презентация менен танысты.

Креатив экономика дүнья әмелиятында әллеқашан турақлы өсиўдиң әҳмийетли драйверине айланған. Жәҳән жалпы ишки өниминде оның үлеси 3-7 процентти қурап атырғаны бийкарға емес. Бул санлардың артында санаат ямаса шийки зат емес, ал идея, дизайн, санлы технология, мәдений өним ҳәм интеллектуаллық мийнет тур. Креатив тараўлардың қуны сонда, олар жоқары қосымша қун жаратады, экспорт потенциалына ийе ҳәм глобал базарда тез бейимлесе алады.

Мәмлекетимизде 2024-жылы креатив экономиканың ЖИӨдеги үлеси 3,7 процентти ямаса 56,8 триллион сумды қурады. 770,6 миллион долларлық экспорт көлеми миллий интеллектуаллық өним ҳәм хызметлеримиз халықаралық базарда өз орнына ийе болып атырғанын көрсетеди. Тараўда дерлик 320 мың адамның бәнтлиги болса креатив экономика тек ғана теориялық түсиник емес, ал реал мийнет базары ҳәм дәрамат дәреги екенин аңлатады. Бул көрсеткишлер экономиканың жаңа - интеллектуаллық ҳәм инновациялық қатламы қәлиплесип атырғанын тастыйықлайды.

Креатив экономика жәмийеттиң ой-пикириниң экономикалық көриниси. Халықтың үлкен бөлеги жаслардан ибарат екени, санлы инфраструктура жедел раўажланып атырғаны ҳәм бай мәдений мийрасымыз бар екени - булардың барлығы үлкен потенциалды аңлатады. Бирақ потенциалдың өзи нәтийже бермейди. Оны ҳәрекетке келтиретуғын фактор еркин пикир, ашық бәсеки орталығы, заманагөй билимлендириў ҳәм институционаллық қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

2024-жылы креатив экономика ҳаққында өз алдына нызам қабыл етилиўи тараўдың ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарларын беккемледи. Алдын креатив жумыс көбирек баслама ҳәм өз алдына жойбарлар шеңберинде әмелге асырылған болса, енди ол ғәрезсиз экономикалық бағдар сыпатында тән алынды. Бул базар қағыйдаларының анықласыўы, ҳуқықый қорғаў механизмлериниң күшейиўи ҳәм мәмлекетлик қоллап-қуўатлаўдың системалы түрге өткенин аңлатады.

Креатив индустрия паркиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм оның резидентлери ушын арнаўлы салық режиминиң енгизилиўи экономикалық хошаметлеўдиң әмелий механизмине айланды. Дәрамат салығы ҳәм социаллық салық ставкасы 12 проценттен 6 процентке түсирилиўи тараўдағы исбилерменлер ушын жаңа имканият есигин ашты. Бул жеңилликлер идеяны қоллап-қуўатлаў, инновацияны хошаметлеў ҳәм ресурсларды өнимниң сапасы және жаңа базарларды өзлестириўге бағдарлаўға хызмет етеди.

2030-жылға шекем креатив экономиканың ЖИӨдеги үлесин 5 процентке ямаса 145 триллион сумға жеткериў, еэкспортты 1 миллиард долларға алып шығыў ҳәм тараўда бәнт пуқаралардың санын 500 мыңнан арттырыў сыяқлы мақсетлер стратегиялық көзқарас ҳәм узақ мүддетли режелестириў нәтийжеси болып есапланады. Бул көрсеткишлер тек ғана муғдарлық өсиўди емес, ал экономиканың сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилиўин аңлатады.

Креатив экономиканы раўажландырыў жаңа тармақ жаратыў емес, ал инсан капиталына үстинлик бериў, идеяны стратегиялық ресурс сыпатында тән алыў ҳәм экономикалық сиясатты ойлаў сиясаты менен үйлестириў демек.

Нызам ҳәм жеңилликлер - қурал, мақсет емес. Тийкарғы мақсет - жәмийетте дөретиўшилик орталығын қарар таптырыў, инсан ой-пикирин экономикалық қунға айландыра алатуғын системаны қәлиплестириў. Егер идея еркин ҳәрекетленсе, интеллектуаллық мийнет қәдирленсе ҳәм баслама институционаллық қоллап-қуўатланса, креатив экономика санлардан да үлкен нәтийже - миллий раўажланыўдың жаңа моделин жаратады.

Презентацияда Ташкент қаласында қурылатуғын Креатив индустрия паркиниң концепциясы ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Жойбар мазмуны жағынан имаратлар комплекси емес, ал дөретиўшилик пикирлеў экосистемасын қәлиплестириўге қаратылған тутас мәкан сыпатында талқыланды. Онда жасыл бағлар ҳәм арт-объектлер менен үйлескен орталық, халықаралық программаластырыў тармағының Ташкент мектеби, китап кафеси, спорт майданшалары, дөретиўшилик павилонлар, коворкинг орайы ҳәм офислер, кино ҳәм видео ислеп шығарыў майданлары, даўыс жазыў студиясы, креатив индустрия кампусы және жаслар ҳәм дөретиўшилер ушын мийманхана қурылысы режелестирилмекте.

Бундай инфраструктура идеяның туўылыўы, оның додаланыўы, ислеп шығылыўы ҳәм базарға шығыўына шекемги барлық басқышты бир аймақта жәмлейди. Яғный парк дөретиўшилик процести бөлекленген жағдайдан системалы формаға өткериў қуралы болып табылады. Жойбардың мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылыўы болса креатив экономикада бирге ислесиў модели тийкарғы әҳмийетке ийе екенлигин көрсетеди.

Сондай-ақ, Жаңа Ташкент аймағы ҳәм Нөкис қаласында да креатив парклер шөлкемлестириў режелестирилгени бул басламаның көлеми кеңейетуғынын аңлатады. Жаңа Ташкентте резидентлер ушын ижара майданлары, студиялар, медиа ҳәм әнжуман заллары, коммерциялық ҳәм хызмет көрсетиў объектлери жайластырылады. Нөкис қаласында болса Истиқлол бағындағы павилон реконструкцияланып, көп функциялы жәмийетлик-мәдений орайға айландырылады.

Нөкистеги жойбардың итибарлы тәрепи онда Өзбекстанның "ЭКСПО-2025"деги миллий павилоны жайластырылыўы ҳәм жанында заманагөй китапхана қурылыўы болып есапланады. Бул қарар креатив мәканды тек ғана экономикалық емес, ал ағартыўшылық ҳәм мәдений орайға айландырыў идеясын билдиреди.

Мәжилисте елимиздеги мәденият орайларының жумысы сын көзқарастан талланды. Республика бойынша 800 ден аслам мәденият орайының ярымынан көби оңлаўға мүтәж жағдайда екени атап өтилди. Бул сан әпиўайы статистика емес, ал инфраструктураның руўхый турмыстан артта қалып атырғанын көрсететуғын әҳмийетли сигнал болып есапланады. Көпшилик орайлардың жумысы елеге шекем дәстүрий байрам илажлары менен шекленип, турақлы дөретиўшилик орталық ҳәм заманагөй хызмет түрлерин қәлиплестириўге жетерли итибар қаратылмай атырғаны атап өтилди.

Сонлықтан, мәденият орайларын заманагөй үлги тийкарында раўажландырыў бойынша пилот жойбар ислеп шығылды. Жойбар Ташкент, Қоқанд, Бухара ҳәм Самарқанд қалаларындағы төрт орайды қамтып алған. Олардың бириншиси Ташкент қаласындағы "Гулшан" мәденият орайы негизинде шөлкемлестирилмекте. Жаңа модель "мәденият - билимлендириў - дем алыў - қарым-қатнас" шынжыры тийкарында ислейди. Бул көзқарас мәдениятты бир мәртелик илаж емес, ал үзликсиз дөретиўшилик ҳәм ағартыўшылық процесс сыпатында талқылайды. Ҳәр қыйлы бағдардағы клублар, устаханалар, студиялар ҳәм дөгереклер усы шынжырдың әмелий көриниси болады.

Презентацияда Уллы Британия Патшалық қоры мектебиниң тәжирийбеси тийкарында Ташкент қаласында Дәстүрий көркем өнер жоқары мектебин шөлкемлестириў режеси де көрип шығылды. Бул билимлендириў мәкемесинде гүлалшылық, гербиш өриў, декоратив безеў, ағаш оймакерлиги, архитектуралық каллиграфия, геометриялық ҳәм биоморф нағыс бағдарларында бакалавриат ҳәм магистратура бағдарламалары әмелге асырылады. Билимлендириў инглис тилинде, еки жыллық бағдарлама тийкарында алып барылыўы режелестирилген. 2027-жылы 50, 2031-жылға барып жылына 80 қәниге таярлаў нәзерде тутылмақта. Бул санлар миллий өнерментшилик ҳәм дәстүрий көркем өнерди глобал билимлендириў майданына алып шығыў нийетин аңлатады.

Сондай-ақ, Миллий реставрация институтын шөлкемлестириў, Самарқанд қаласындағы Бибиханым мешитин реставрациялаў, "Түркстан" жазғы амфитеатрын оңлаў жойбарлары да додаланды. Жойбарластырыў ҳәм реставрациялаў жумысларын UNESCO менен келисилген ҳалда әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бир сөз бенен айтқанда, креатив экономиканы раўажландырыў мәселеси бүгин мәмлекет раўажланыўының қосымша бағдары емес, ал оның стратегиялық тийкарғы ўазыйпаларынан бирине айланбақта. Себеби, XXI әсир экономикасы тәбийғый ресурслар емес, ал билим, инновация ҳәм дөретиўшилик пикирлеўге сүйенеди. Қайсы мәмлекет инсан капиталына инвестиция киргизсе, ертең әйне сол бәсекиде үстинликке ериседи.

Соңғы қарар ҳәм басламалар - ҳуқықый тийкар жаратылыўы, креатив индустрия парклериниң шөлкемлестирилиўи, салық жеңилликлериниң берилиўи, мәденият орайларын түп-тийкарынан жаңалаў, дәстүрий көркем өнер билимлендириўин институционалластырыў - булардың барлығы бир пүтин стратегияның өз-ара байланысқан буўынлары болып есапланады. Бул реформалар экономикалық өсиў пәтин арттырыў менен бирге, жәмийеттиң руўхый иммунитетин де беккемлеўге хызмет етеди.

Ең әҳмийетлиси, креатив экономика идеясы инсанды орайлық орынға қояды. Онда жаслардың басламасы, дөретиўшиниң еркин пикири, исбилерменниң инновациялық көзқарасы тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшке айланады. Егер мәмлекет берип атырған имканиятлар жәмийеттиң ишки потенциалы менен үйлессе, белгиленген 2030-жыл мақсетлери тек ғана сан болып қалмай, ал реал нәтийжеге айланады.

Демек, креатив экономика тек экономикалық модель емес, ал жаңа раўажланыўдың көриниси. Ол материаллық байлық жаратыў менен бирге, руўхый қәдириятларды да беккемлейди. Әйне усы үнлеслик - экономикалық прагматизм ҳәм руўхый раўажланыўдың үнлеслиги - мәмлекетти сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығатуғыны сөзсиз.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.