Пәрманға муўапық, төмендегилер шөлкемлестириледи:
Ветеринария комитети шөлкемлестириўинде Қарақалпақстан, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья жайлаў хожалықлары (аймақлық жайлаў хожалықлары);
- Ветеринария комитети орайлық аппаратының структурасында Жайлаў хожалығын раўажландырыў басқармасы;
- Жайлаў жерлеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳәм оларды қорғаў, қаракөлшилик, тери ҳәм жүн санааты тараўларын буннан былай да раўажландырыў бойынша республикалық комиссия.
Аймақлық жайлаў хожалықлары жайлаў жерлерин басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў, өзлерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен берилген жайлаўларды ижараға бериў тараўында тоғай хожалықлары ушын белгиленген ҳуқық ҳәм миннетлемелерден пайдаланады.
Жайлаўлар шарўашылық ҳәм басқа хожалықларға Республикалық комиссияның қарарына тийкарланып тиккелей ижараға берилиўи мүмкин.
Жайлаўлар 49 жылға шекем ижараға бериледи.