Форумда түркий дүнья ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң мәмлекетлик уйымлары, халықаралық шөлкемлер, тасыўшылар ассоциациялары ҳәм логистика компанияларының басшылары қатнасқаны регионымыздың дүнья саўдасы ҳәм транзитиндеги орны артып баратырғанын тастыйықлайды.
Форумда интеграция процесслерин жеделлестириў, транспорт жолларын кеңейтиў, ашық-айдынлық, исеним ҳәм өз-ара пайда принциплерине тийкарланған бирден-бир логистика экосистемасын қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Форумның ашылыў мәресиминен соң транспорт-логистика тараўын раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерине бағышланған төрт панель сессиялары өз жумысын даўам еттирди:
1-панель сессиясы: "Биргеликтеги операторлар ҳәм инфраструктураны жаратыў перспективалары: Биргеликтеги логистика хаблары ҳәм орайлары";
2-панель сессиясы: "Электрон ҳүжжет айланысына өтиў: халықаралық тасыўларға енгизиў ҳәм интеграциялаў";
3-панель сессиясы: "Шегарадан өтиў ҳәм тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў: машқалалар ҳәм шешимлер";
4-панель сессиясы: "Теңиз транспорты ҳәм порт инфраструктурасын раўажландырыў: глобал тенденциялар, регионаллық машқалалар ҳәм логистика шынжырларының өзгериўи".
Биринши панель додалаўы транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеўде Орта коридордың орны ҳаққында болды. Қоспа операторлар, индустриаллық-логистика орайлары ҳәм хабларын шөлкемлестириў, теңиз, темир жол ҳәм автомобиль жолларын интеграциялаў перспективаларына айрықша итибар қаратылды.
Екинши сессияда экспертлер порт ҳәм қурғақлық инфраструктурасын раўажландырыў, теңиз транспортындағы заманагөй тенденциялар ҳәм глобал логистика шынжырларының трансформациясы мәселелерин додалады. Қатнасыўшылар инвестициялық бирге ислесиў, терминал қуўатлықларын модернизациялаў ҳәм жүк ағымларын оптималластырыў ушын алдынғы технологияларды енгизиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Илаждың айрықша бөлими транспорт тараўын санластырыў - электрон ҳүжжет алмасыўын енгизиў, санлы платформаларды интеграциялаў, тәртип-қағыйдаларды автоматластырыў ҳәм бажыхана операцияларын әпиўайыластырыў мәселелерине бағышланды. Додалаўларда транспорт министрликлери, бажыхана хызметлери, темир жол компаниялары, IТ-компаниялар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Бул форум регион мәмлекетлериниң Евроазия маршрутларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, мультимодал шешимлерди раўажландырыў ҳәм саўда-транзит шынжырларының турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған транспорт бирге ислесиўиниң жаңа дәрежесин қәлиплестириўге умтылысын көрсетеди. Экономика ҳәм бизнес мәплери жолында әмелий қәдемлер ҳәм узақ мүддетли шешимлер дыққат орайында болады.











