Транспорт министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, 19-24-март күнлери Uzbekistan Airways, Silk Avia ҳәм Centrum Air авиакомпаниялары тәрепинен Ташкент қаласынан Бухара, Үргенш, Нөкис ҳәм Термиз қалаларына жәми 24 қосымша рейслер әмелге асырылады.

Буннан тысқары, 19 ҳәм 20-март күнлери Uzbekistan Airways авиакомпаниясы "Ташкент - Бухара - Ташкент" ҳәм "Ташкент - Үргенш - Ташкент" жөнелислери бойынша қатнаўларды Airbus A320 самолётының орнына көбирек сыйымлылықтағы Boeing 767 самолётында әмелге асырады.

Сондай-ақ, Uzbekistan Airways авиакомпаниясы 2026-жыл 20-марттан 23-мартқа шекем әмелге асырылатуғын жергиликли рейслер ушын эконом ҳәм бизнес класс билетлерине 15 процент шегирме жәриялады.

Шегирмели авиабилетлер «Uzbekistan Airways Sales» филиалы, агентлик тармағы ҳәм авиакомпанияның рәсмий веб-сайты арқалы 17-марттан 23-мартқа шекем сатылады.